Кибержынаятшылар изинен пүткилкүш ислетиўши системалар қуўады. Алдаўшыларды таппай тыншымайды. Киберқәўипсизликке жүдә қатаң қаралады".

Негизинде бүгин пүткил дүньядакибералдаўшылық үлкен машқалаға айланбақта. Экономика, қаржы системасы, қалаберди, адамларарасындағы пул алыс-бериси қатнасықларыныңбарған сайын санластырылып атырғаны булбағдардағы қәўипсизлик илажларын күшейтиўдиталап етпекте.

Статистикалық мағлыўматларға бола, 2024-жылы кибержынаятлар артынан келетуғын жыллықглобал зыян 11,4 триллион долларды қураған.

2026-жылы бул бағдардағы алдаўшылықлар 120 процент өсип, 25,8 триллион долларға жетиўиболжанбақта. Айырым дереклерде атапөтилиўинше, 2026-жылға келип кибержынаятларглобал трансмиллий жынаятлардың улыўмасанынан 5 есеге көбирек жүз бериўи күтилмекте.

Бул машқала бизге де жат емес. Атап айтқанда, Ишки ислер министрлигиниң ашық дәреклердежәрияланған статистикалық мағлыўматларынабола, елимизде кейинги бес жылда кибержынаятлар68 есеге, тек ғана өткен жылы 2023-жылдағыға салыстырғанда 9,1 есеге артқан. Бул дәўирдекибермәкандағы ҳуқықбузарлықлар бойыншафизикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келиптүсип атырған мүрәжатлар саны 34 есеге көбейген.

Бул жынаятлар нәтийжесинде пуқаралардың 1 триллион 909 миллиард сумнан аслам қаржысыталан-тараж етилген.

2019-жылы мәлимлеме технологиялары арқалы18 түрдеги 863 жынаят жүз берген болса, 2024-жылы 62 түрдеги 58 мың 800 жынаят дизимгеалынғаны, кибержынаятлардың улыўмажынаятшылықтағы үлеси сезилерли дәрежедеартқаны олардың алдын алыў зәрүрлигин және де әҳмийетли етпекте.

2023-жылы кибержынаятлардың улыўмажынаятшылықтағы үлеси 6,2 процентти қурағанболса, 2024-жылы 44,4 процентке жетип, дерликҳәр еки жынаяттың бири мәлимлеметехнологиялары арқалы исленген.

Тиккелей кибержынаятларға қарсы гүресиўгебайланыслы министрликтиң жоқарыдағыталлаўларынан да көринип турғанындай, санластырылып атырған бүгинги замандапуқаралардың қаржыларының қәўипсизлигинкепиллеў барған сайын қыйынласып бармақта.

Және Ишки ислер министрлигиниңталлаўларына итибар қаратамыз. Кибержынаятлардың тийкарғы бөлегин (98 проценти) банк карталары менен байланыслыжынаятлар (кибер урлық ҳәм кибералдаўшылық) қурамақта.

Кибержынаятлардың тийкарынан 60 процентизыянлы силтемелер ҳәм бағдарламалар жибериўарқалы банк картасы ямаса мобил қурылмабасқарыўын қолға киргизиў жолы менен әмелгеасырылмақта. Сондай-ақ, 16 проценти ҳәр қыйлыалдаўлар менен банк картасы ҳәм мобил қосымшалардағы есап бетлерди басқарыўдытастыйықлаўшы SMS кодты қолға киргизиў жолыменен әмелге асырылмақта.

Гүманлы қоңыраў

Жақында телеграмдағы топарларда шаўқымлыхабар тарқалды. "78 кодлы телефоннан қоңыраўболса, жуўап бермең. Сөйлесиў барысында пластик картаңыз мобил телефоныңызға жалғанған болса, пулыңызды шешип алады. Егер жалғанбаған болса, атыңызға кредит рәсмийлестиреди".

Бундай хабарларға күннен-күнге ҳәрбиримиздиң көзимиз түсиўи әдеттеги жағдайғаайланған. Усындай қәўетерли гәп-сөзлерден кейинпластикте пул сақлаўға қорқып, қаржысын тезирекнақластырып, көпшиктиң астына "жасырып" атырғанлар да көпшиликти қурайды.

Жақында бир кәсиплесимниң айтыўынша, оғанбелгисиз номерден қоңыраў етип, өзин ишки ислерхызметкери сыпатында таныстырып, сап ҳәм дурысрус тилинде оған қайсыдур банктен кредит рәсмийлестирип атырғанын, сол себепли, оған SMSкод келиўин ҳәм оны бериўин сорапты. Өзбекшежуўап берсе, баяғы ишки ислер хызметкеритүсинбепти. Соннан кейин кәсиплесимде гүманпайда болыпты.

Бундай жағдай көпшилигимиз бенен жүзбергенин атап өтиў керек. Бундай тосаттанболатуғын қоңыраўлар ямаса исениўшеңлигимизсебепли алдаўшылардың ҳийлелерине түсипқалатуғынлар, тилекке қарсы, көпшиликтиқурайды.

Солай екен, гүманлы қоңыраўларға билместенжуўап берилсе, расында да пластиктеги пуллардышешип ала ма?

- 78 ямаса басқа да ҳәр қандай кодлы номерденсизге қоңыраў етип, байланысқа кирискениңиздеалдаўшылар дәрҳал пулыңызды шешип ала алмайды, - дейди Ташкент қаласы Ишки ислер бас басқармасының жуўапкери Жаҳонгир Садуллаев. - Қашан сизге " SMS код келди, соны айтып жибериңямаса мына силтемеден дизимнен өтиң", дегениндеолардың айтқанын ислегениңизде, сондай-ақ, сизгежиберилген файлларды ашқаныңызда ямасажүзиңизди FaceID қылыў имканиятын оларғаусынғаныңызда пулыңызды шешип алыўы мүмкин. Және бир мәрте қайтараман, байланыс процесиндесизиң пулларыңызды дәрҳал шешип ала алмайды.

Зыянды ким қаплайды?

Жақында Президентимиз "Мәлимлеметехнологиялары жәрдеминде жүз берилетуғынжынаятларға қарсы гүресиў жумысын буннанбылай да күшейтиўге қаратылған илажларҳаққында"ғы қарарға қол қойды.

Бул ҳүжжетте кибержынаятшылыққа қарсыкескин илажлар көриў қатаң көрсетип өтилген. Соның ишинде, банклер, төлем системасыоператорлары ҳәм төлем шөлкемлериниңмәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизликталапларына әмел етпегени нәтийжесинде жүзберген кибержынаят ақыбетинде келип шыққанматериаллық зыянды олардың есабынан өндириўтәртиби енгизилмекте.

Сондай-ақ, жынаят нызамшылығы мененмәлимлеме технологиялары тараўындағыжынаятлар және пул қаржылары ҳәм басқа да мүлкти тартыўға байланыслы нызамсыз жумысушын белгиленген жаза илажлары күшейтилмекте.

Ишки ислер министрлиги Өзбекстандакибержынаятларға қарсы гүресиў бағдарындаўәкилликли уйым етип белгиленди.

Кибержынаят ислеўде өз атындағы банк картасы, банк есап бети, SIM картасы ҳәм электрон қалтасынан пайдаланыўға жол қойған шахсларушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликбелгиленбекте.

Қарарға муўапық, кибержынаятларды ашыўбағдарында Орайлық банк, төлем системасы ҳәмишки ислер уйымларының ўәкиллеринен ибаратоператив ҳәрекетлениў топарының жумысы жолғақойылады ҳәм бул топар тәрепинен гүманлы пул өткерме әмелиятларына байланыслы банк карталарын жеделлик пенен анықлаў ҳәм блоклаўсыяқлы илажлар көриледи.

Ақыбетлер менен емес, себеплер мененгүресиў керек

Санлы технологиялар адамлар турмысынасоншелли жедел кирип бармақта, жас та, жасыүлкен де оның қолайлықлары мененимканиятларынан бирдей пайдаланбақта. Еки-үшжыл алдынғы дәўирлерди еске түсириң. Әдеттегикоммуналлық төлемлерди әмелге асырыў ушын да банкке баратуғын, кеминде еки-үш саат нәўбеткүтиўге туўра келетуғын еди. Енди болса банк сизиң қолыңыздағы телефонда. Санаўлысекундларда банклердиң ҳәр қыйлы қосымшаларыарқалы ҳәр қандай төлемди әмелге асырыў мүмкин.

Усы ҳәм басқа да имканиятлар себеплиқәлеймиз бе, я жоқ па, адамлар ақшаны нақ түрдеалып жүриўден көре пластикте сақлаўды абзалкөрмекте. Бирақ көпшиликтиң финанслық ҳәмкиберқәўипсизлик бойынша мағлыўматларданхабардар емеслиги, жоқарыда атап өткенимизкибералдаўшылықтың ҳәўиж алыўына себепболмақта.

Муғаллимлер, медицина хызметкерлери, улыўма, мәмлекетлик уйымларда ислеўшилерденбаслап кекселерге шекем бүгин айлық ҳәмпенсияларын пластик карталар арқалы алады. Солай екен, халықтың барлық қатламларыныңкиберқәўипсизлик бағдарындағы саўатлылығынарттырыў оғада әҳмийетли мәселе. Айтады ғой, ақыбетлер менен емес, себеплер менен гүресиўкерек.

Юнус БУРОНОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы