Аўа, балалардың санасы, ой-пикири аппақ қағазға уқсайды. Сонлықтан, бүгинги глобал мәлимлеме әсиринде дүнья көлеминде инсанлар, әсиресе, нәўқыран әўлад ўәкиллериниң санасын ийелеўге ҳәрекет етпекте. Бул гүрес әскерий жүрислерден әдеўир қәўипли. Себеби, қурал-жарақ пенен кимдур мәмлекет шегараларын бузса, дәрҳал сергекленесиз. Бирақ идеологиялық ҳүжим миллеттиң қайсы қатламы, қайсы ўәкилиниң санасына ҳүжим жасап атырғанын алдыннан анықлаў қыйын.
Бир неше жыл бурын балалар арасында кең тарқалған, ақыры өлим менен тамамланатуғын бир ойын усындай урыныслардың бири еди. Узаққа бармайық, өткен жылы өзбек балалары арасында пайда болған квадроберлик - ҳайўанлардың ҳәрекетине еликлеў де жас әўладтың денсаўлығы, руўхый дүньясын зыянлаўға урыныў болып табылады.
Сондай-ақ, бизге жат дәстүрлердиң интернет, социаллық тармақ ҳәм басқа да дәреклер арқалы кирип келиўи де өзлигимиз, миллий мәдениятымызға үлкен соққы болмақта.
Бурынғы дүзим дәўиринде узақ жыллар өзлигинен, миллий қәдириятынан ажыралып жасаўға мәжбүр болған халқымыз миллий идея, менталитеттен узақласыў қаншелли зыянлы екенин дурыс түсинеди. Ең жаманы, усы күнлерде айырым жаман нийетли кимселер тәрепинен сол ақыры белгисиз қара күнлер, езиўши жылларды сағынғандай көрсетиўге урынып атырғаны да логикасызлық пенен бирге қәўипли идеологиялық ойынлардан бири болып есапланады. Әсиресе, бул идеяларды үгит-нәсиятлаў жас әўладтың тәрбия орынлары - бақша ҳәм мектеплерге кирип барып атырғаны қабыл етип болмайтуғын жағдай. Айырым шахслар бундай зыянлы үгит-нәсият жүргизиўде майда деталлардан да пайдаланыўдан тартынбай атырғаны бизди және де сергек тартыўы керек.
Бундай жат идея ҳәм зыянлы идеологиялардың ошағы, әлбетте, интернет ҳәм социаллық тармақлар болып есапланады. Таллаўларға бола, мектеп оқыўшыларының 80 проценти интернет ҳәм социаллық тармақлардан белсене пайдаланады. Бул балалардың дүньяқарасын ата-ана, мектептен тысқары интернет, яғный медиа контентлер қәлиплестирип атыр, дегени.
Соның ушын быйыл 15-май күни мектеп билимлендириўи системасындағы реформалардың нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде балаларды зыянлы мәлимлемеден қорғаў ҳәм балалар контентин таярлаў тараўына айрықша итибар қаратылды. Онда балаларды зыянлы мәлимлемеден қорғаў ҳәммени ойландырып атырған машқала екени атап өтилди. Сонлықтан, Президентимиздиң қарарына муўапық, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанында Балалар контентин раўажландырыў орайы шөлкемлестирилгени айтылды. Орайдың алдына жергиликли дөретиўшилерге миллий контент жаратыў бойынша буйыртпа бериў, тараўда кадрлар таярлаўды шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.
Перзентлеримизди жат идея ҳәм зыянлы идеологиялардан сақлаған ҳалда ўатансүйиўши, миллий қәдириятларымызды ҳүрмет ететуғын, әдеп-икрамлы етип тәрбиялаў ушын не ислеў керек? Әлбетте, биринши гезекте, өзбек медиа мәканын бос қалдырмаў, балалар миллий контенти ҳәм мультфильмлерин көбейтиў зәрүр. Жаңадан шөлкемлестирилип атырған орай бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа көтериўге жуўапкер болады. Бирақ мәжилисте бул әҳмийетли мәселе тек ғана орайдың ўазыйпасы емес, бул бағдардағы барлық тийисли уйымлар орай менен биргеликте ислейтуғыны көрсетип өтилди.
Балалардың дүньяға көзқарасы, ой-пикири кең далаға уқсайды. Егер оған тезирек миллий руўх, ўатансүйиўшилик, халықшыллық туқымын сеппесек, бул майданды жабайы шөплер ийелеп алады. Кейин қанша урынсаңыз да ол жерде жақсылық туқымын көбейте алмайсыз. Усы көзқарастан, балалар миллий контентин жаратыў мәмлекетлик сиясат дәрежесиндеги мәселе болып қалмақта.
Орайдың мойнына және бир әҳмийетли ўазыйпа - мәлимлеме мәканындағы балалардың тәрбиясы ҳәм денсаўлығына унамсыз тәсир ететуғын контентти таллаў жүкленди. Себеби бул жумыс айрықша билим ҳәм көнликпе талап етеди. Ата-аналарға бийҳазар болып көринген мультфильмлер тийкарында анықлаў қыйын болған иллетлер жасырынған болыўы мүмкин. Медиа тараўында "25-кадр" деп аталыўшы бөлим бар, оған әпиўайы адамлар түсинбейтуғын түрде ҳәр қандай зыянлы идеяны үгит-нәсиятлаў ушын жайластырыў мүмкин.
Сырт елде исленген мультфильмлерге итибар берсеңиз, бас қаҳарманлардың көпшилиги жаўыз суперменлер. Бул балалар психологиясында агрессивлик, жаўызлықтың күшейиўине себеп болады.
Психологлардың айтыўынша, балаларда 10 жасқа шекем жақсылық ҳәм жаўызлық сезимлери қәлиплеседи екен. Бирақ көп жағдайларда ата-аналар мультфильм артындағы ғәрезли мазмун-мәниске айрықша итибар бермейди. Соның ишинде, жақында интернет басылымларынан биринде балаларымыз сүйип тамаша ететуғын "Винни Пух" мультфильми ҳаққында бир мақалаға көзим түсти. "Винни Пух синдромы: мультфильм қаҳарманларындағы руўхый кеселликлер" атлы мақалада қаҳарманлар - ҳайўанлар ҳәм жалғыз бала Кристофер Робин заманагөй психологиялық кеселликлер белгисин тасыўшы наўқаслар образы екенлиги ҳаққында пикир жүргизиледи. Түклибай деп аталған айыўдың баласына дыққат жетиспеўшилиги, гиперактивлик синдромы, Ешекгөй клиникалық депрессия, Кристофер Робин шизофрения кеселлиги белгилерин өзинде көрсетип атырған екен. Әпиўайы тамашагөй буны сезбейди ҳәм оның балалар денсаўлығына зыянлы ямаса зыянсыз екенлиги ҳаққында жуўмақ шығара алмайды да. Орай мине усындай жуўмақларды жәмийетшиликке усынады.
Кейинги жылларда балалар ушын миллий контент жаратыў бойынша жақсы тәрепке илгерилеў бар. Атап айтқанда, олар техникалық жақтан сырт ел өнимлери менен биймәлел бәсекилесе алады. Балалығымызда экранлардан түспейтуғын көзи түйме, көриниси қуўыршаққа уқсаған "Зумрад ҳәм Қымбат" мультфильми қаҳарманларынан ҳәзирги образлар пүткиллей парық қылады. Соның ишинде, "Бек ҳәм Лала", "Помидор тақыя", "Лулу Нана", "Доно & Момомо", "Автосаргузаштлар", "Дәўжүрек аспаз", "Уллы жипек жолы бойлап саяхат", "Балалар планетасы" сыяқлы мультфильм ҳәм контентлер ең соңғы, заманагөй технологиялар жәрдеминде жаратылған.
Атап айтқанда, жас аниматор Лазиз Ғаниевтиң "Бек ҳәм Лола", "Доно & Момомо" контентлери миллионлаған өзбек жас тамашагөйлерин экран алдына шегелеп қойды. Әсиресе, "Бек ҳәм Лала" ҳақыйқый миллий руўх берип туратуғын контенти менен басқалардан ажыралып турады. Өзбекстанлы көринис ҳәм миллий нама-қосық пенен балаларға ийгиликли әмеллерди үйрететуғын контент ҳәммениң бирдей қызығыўшылығына ийе болды. Оның экологияға бағышланған ойын түриндеги соңғы бөлими балаларды тәбиятты сүйиўге, терек егиў, тәрбиялаў ҳәм қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаўға шақырады.
Лазиз Ғаниев усы жыл 14-февраль күни Президентимиздиң жаслар менен сөйлесиўинде қатнасып, жойбарын мәмлекетимиз басшысына таныстырды. Үлкен тән алыў ҳәм қоллап-қуўатлаўға еристи. Әлбетте, халқымыз арасында бундай қәбилетли жаслар аз емес. Тек оларды излеп табыў, жаңа идея ҳәм пикирлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў зәрүр. Усы жыл 6-9-май күнлери қызғын руўхта болып өткен "Биргеликте миллий контент жаратамыз" оқыў семинары мине усы мақсетке хызмет ететуғыны менен әҳмийетли болды. Онда миллий контент жаратыўға қызығыўшы, қәбилетли жасларға мәмлекетимиздеги белгили режиссёр, контентмейкер, аниматорлар өз тәжирийбеси ҳаққында айтып берди. Талантлы ул-қызлардың дөретиўшилик жумысларын көрип шығып, керекли усыныслар берилди. Пикир алмасылды. Жаңа орай бундай илажларды көбейтеди. Келешекте балалардың миллий контентин сан ҳәм сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.
Президентимиз мәжилисте мәмлекеттиң экономикалық көрсеткишлеринен гөре, халқымыздың мәнаўиятын, ағартыўшылығын, жасларымыздың илим-пикирин арттырыў жолындағы жетискенликлер көбирек қуўандыратуғынын атап өтти. Ҳақыйқатында да сондай - халықтың дүньяға көзқарасының, пикирлеўдиң өзгериўи басқа тармақлардың раўажланыўының да тийкары болады.
Сәўбетлесиў
Балалар ушын жаратылған өзбек контентлери ҳәм мультфильмлерин қызым менен бирге бәрқулла көрип бараман. Оларды тамаша етер екенбиз, қызымның сораўлары гейде ойландырып қояды. Усы жерде темаға сәйкес болғаны ушын сол сәўбетлеримиздиң айырымларын сизлерге де усындым.
Ҳақыйқый бахыт қай жерде?
- Аға, неге көп мультфильмлеримизде қаҳарманлар бахыт излеп узақ жақларға кетеди?
- Қаҳарман саяхат даўамында илимин, турмыслық тәжирийбесин арттырады.
- Ҳмм, түсиндим.
- Нени түсиндиң?
- Сиз де оқыў ушын Ташкентке келгенсиз. Әжағаңыз болса жумыс ислеў ушын сырт елге кеткен. Демек, сизлер де бахыт излеп аўылды таслап кеткенсиз. Демек, аўылда билим алып, тәжирийбе арттырып болмайды.
-...
Мен де Тумарис боламан
- Аға, үлкейгенимде, мен де патша Тумарис боламан.
- Аўа, ол туўралы анаң айтып берди ме?
- Яқ, "Уллы жипек жолы бойлап саяхат" мультфильминде көрдим. Тумарис - мәрт, күшли ҳаял. Перзентин жүдә жақсы көреди. Журтына бастырып келген, адамларды қыйнаған душпанларды аямайды.
Мен де инстаграм ашаман
- Аға, маған қашан телефон алып бересиз?
- Телефонды не қыласаң? Еле кишкентайсаң ғой.
- Инстаграм ашаман. "Уллы жипек жолы бойлап саяхат" мультфильминдеги қызалақтай, қай жерге барсам, инстаграмға видео жайластыраман.
"Бахтиёр" деген доска алып бериң
- Аға, маған да "Бахтияр" деген доска алып бериң.
- Доскаң бар ғой.
- Ол "Бахтияр"ға усап сөйлемейди ғой. Егер оған усаған доскам болғанда бақшада берген тапсырмаларды оған ислеткен болар едим.
- Доскалар сөйлемейди. Китап оқып, бирге үйге тапсырмаңды ислеймиз, мақул ма?
- Оннанша пулым жоқ деңшеш. Жәрдемиңиз керек емес.
Қайсы қаҳарман унады?
- Қызым, саған Туўрыбай я Ийрекбай унай ма?
- Екеўи де унамады.
- Неге? Туўрыбай жақсы әмеллерди ислеп, мурат-мақсетине еристи гой.
- Туўрыбай жақсы бала екен, бирақ ақмақ.
- Неге олай дейсең?
-Ақыры, Ийрекбай "досыңман" деп оны алдап, атын урлап кетти. Бирақ Туўрыбай тойында Ийрекбайды көрип, "достим" деп қуўанып атыр. Ақыллы адам бундай етпейди. Кемпир апам айтқан: ақыллы бала жаман балалар менен досласпайды, бирге ойнамайды.
Дене тәрбиясы
- Аға, телевизорды қойып бериң.
- Азаннан телевизор көресең бе? Алды менен аўқатланып алайық.
- Мен "Бек ҳәм Лала" менен дене шынықтыраман...
***
Бүгин бизге мине усындай қәдирият ҳәм дәстүрлеримиз қатарында заманагөй билим ҳәм түсиник беретуғын, алдынғы қатардағы дүньяқарас қәлиплестиретуғын миллий мультфильмлер оғада зәрүр. Басқа дәстүрлерди үгит-нәсиятлайтуғын контентлерге орын қалмасын. Перзентлеримиз бенен сәўбетлеримиз де соған сай болсын.
Санжар ЭШМУРОДОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы