Кейин билсем, 2022-жылдан берли турақлы өткерилип киятырған, тийкарғы мақсети жаслардың интеллектуаллық, дөретиўшилик ҳәм спорт потенциалын раўажландырыў, оларды социаллық белсендиликке тартыў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўдан ибарат болған "Бес баслама олимпиадасы"на таярлық көрип атырған екен. Әсиресе, усы олимпиада шеңберинде өткерилетуғын спорт жарыслары халқымыз арасында әдеўир ғалаба ен жайды.

Бурын мәҳәллениң айырым орынларында жай қурыў ушын ажыратылған, бирақ имарат тикленбеген майданлар болатуғын еди. Сыртқы көриниси ойлы-бәлент болса да, бизлер оларда әрмансыз футбол ойнайтуғын едик. Ийелери келип, қуўып жиберсе, тап сондай басқасына баратуғын едик. Усылайынша көшип-қонып күн өтер еди. Бирақ ҳеш ким мәҳәлле балалары ушын футбол майданын қурып бериўге ҳәрекет еткенин еслей алмайман.

Сол футбол ойынларының қағыйдалары да жүдә әпиўайы еди. Дәрўазалар ағаштан, майдан сызықларының өзи жоқ. Өзимизге өзимиз төреши. Бирақ усындай шараятқа қарамастан, айырым теңлеслеримиз топ пенен сондай көркемлик пенен ҳәрекетленетуғын еди, бәлким сол балаларға кимдур өз ўақтында итибар бергенде, бүгин атақлы спортшы болатуғын еди. Әйне итибардың жоқлығы, талантларға бийпәрўалық себепли ҳеш бири спорт тараўына кетпеди.

Ҳәзир аўылымызға барың. Жағдай, шараят пүткиллей өзгерип кеткен. Соңғы рет санағанымда футбол майданшаларының санының өзи 3 еди. Буны неге салыстырдық? Бүгин балаларды спортқа қызықтырыў, шынықтырыўға мүнәсибет айрықша системаға айланбақта. Мектеплердеги денетәрбия муғаллимлери дем алыс күнлери мәҳәлле балаларын жыйнап, футбол ойнамақта, қоңсы мәҳәлле балалары менен жарыслар шөлкемлестирмекте. Жоқарыда айтқанымыз - "Бес баслама олимпиадасы" жарысларына алып шығып, талантларды таўып атыр. Әлбетте, булардың барлығының артында халықтың физикалық саламатлығына итибар ҳәм спортты раўажландырыў ушын жаратылып атырған шараятлар тур.

Ҳақыйқатында да, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм жасларды ғалабалық спортқа кеңнен тартыў мәселеси мәмлекетимиз сиясатының ең әҳмийетли бағдарларынан бирине айланып үлгерди. Жаслардың спорт пенен шуғылланыўы тек ғана олардың денсаўлығын беккемлеў емес, ал жеке тәртиби, ерк-ықрар сыпатлары ҳәм жәмәәтте ислесиў қәбилетин қәлиплестириўге хызмет етеди. Сонлықтан, 2024-жылы өткерилген "Бес баслама олимпиадасы"ның қамтып алыўы күтилгенинен де артық болды.

"Бес баслама олимпиадасы" 26 жойбарды өз ишине алады. Жойбарлардың 13 и таңлаў болса, 13 и спорт жарысы есапланады. Өзбекстанда жасайтуғын 14-30 жастағы барлық жаслар бул жарысларда қатнасыўы мүмкин. Өткен жылы олимпиада бес тийкарғы бағдар бойынша өткерилди.

Бириншиси, мәҳәллелер дәрежесинде. Онда мәҳәллелерде жасайтуғын жаслар ушын спорт жарыслары шөлкемлестирилип, олардың физикалық белсендилигин арттырыў тийкарғы мақсет еди. Екиншиси, жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери арасында өткерилип, студентлер ушын арнаўлы спорт бағдарламалары ислеп шығылды. Үшиншиси, профессионал билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары ушын беллесиўлер. Онда да кәсип-өнер мектеплери ҳәм техникумлардың оқыўшылары арасында спортты ғалаба ен жайдырыўға айрықша итибар қаратылды. Төртиншиси, мектеп оқыўшылары арасында өткерилип, онда балаларды жаслығынан спорт пенен шуғылланыўға хошаметлеў, мектеплерде спорт шынығыўларын кеңейтиў тийкарғы мақсет етип алынды. Екиншиси мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери арасында. Буннан мақсет жумыс орынларында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, хызметкерлердиң физикалық жағдайын жақсылаў гөзленген.

Сондай-ақ, кәсиплик аўқамлары менен биргеликте мектеплерде жумыс алып барып атырған муғаллимлер арасында да жарыслар болып өтти. Жарыслар 5 басқыштан ибарат болып, ҳәр бир басқыш қатнасыўшыларға өз шеберлигин көрсетиў, жәмәәтлик ерк-ықрарды қәлиплестириў ҳәм кейинги басқышқа жол алыў имканиятын берди. Мәҳәлле басқышында жеңимпаз болғанлар район басқышына, район басқышынан ўәлаят басқышына, онда жеңимпаз болғанлар болса республика басқышында ашық-айдынлық тийкарында беллести. Финалда ең күшли спортшылар анықланып, олардың нәтийжелери атап өтилди.

Жарыслар даўамында мини-футбол, волейбол, шахмат, стол тенниси, жеңил атлетика ҳәм гимнастика сыяқлы спорт түрлерине айрықша итибар қаратылды.

Барлық спорт илажлары жаслар арасында қызғын бәсеки руўхында өтип, оларға тек ғана спорт шеберлигин арттырыў емес, ал аўызбиршиликте ҳәрекет етиў ҳәм өз мақсетине ерисиў жолларын да үйретти. Сондай-ақ, жәмийетимиздиң толық ағзалары есапланған, бирақ майыплығы болған жасларымыз арасында да паралимпия спорт түрлерине киретуғын спорт түрлери бойынша жарыслар болып өтти.

Жасларды спорт пенен турақлы шуғылланыўға тартыў мақсетинде республика бойлап бир қатар инфраструктуралық жойбарлар әмелге асырылды. Соның ишинде, мәҳәллелерде жүзлеген жаңа спорт майданшалары қурылды, оқыў мәкемелеринде спорт шынығыўлары ушын шараятлар жақсыланды. Сондай-ақ, мине усы жарыслар түртки болып, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм уйымларда спорт жарысларын өткериў системасы жолға қойылды.

"Бес баслама олимпиадасы"нда 2023-жылы 6,4 миллион жас жарысларда қатнасқан болса, 2024-жылы олардың саны 10 миллионнан асты. Бул нәтийжелер жаслардың "Бес баслама олимпиадасы"на қызығыўшылығы артып баратырғанының айқын дәлили, десек алжаспаймыз.

Хош, бул 10 миллион қатнасыўшы кимлер еди? Санларды жөнелислер кесиминде қарайық. 2024-жылы "Бес баслама олимпиадасы" жарыслары шеңберинде мәҳәллелерден 5,5 миллион, мектеплерден 3,2 миллион, жоқары билимлендириў мәкемелеринен 430 мыңнан аслам ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринен 181 мың жас қатнасты. Сондай-ақ, шөлкемлер ҳәм уйымлар хызметкерлери арасынан қатнасқанлардың саны 380 мыңнан артты. Буннан тысқары, кәсиплик аўқамлары менен биргеликте мектеп муғаллимлери арасында өткерилген жарысларда да 200 мыңнан аслам қатнасыўшының қатнасқаны қуўанышлы болды.

Келешекте жасларды спортқа және де жедел тартыў, олар ушын жаңа спорт бағдарламаларын ислеп шығыў, интеллектуаллық, дөретиўшилик потенциалын арттырыў ҳәм денетәрбия инфраструктурасын кеңейтиў режелестирилмекте. Соның менен бирге, жарыслардың қамтып алыўын және де кеңейтиў, олардың ҳәр қыйлы бағдарларын раўажландырыў ҳәм жаслардың спорт ҳәм интеллектуаллық тараўларда табысқа ерисиўи ушын кең имканиятлар жаратыў үстинде жумыс алып барылмақта. Булардың нәтийжесинде 2025-жылы қатнасыўшылардың санын 12,5 миллионнан арттырыў мақсет етилген.

Ғалабалық спорт тек ғана физикалық саламатлықты жақсылаў қуралы емес, ал жасларды жаман әдетлерден сақлаў, сөйлесиў қәбилетин раўажландырыў ҳәм жәмийетке пайдалы инсан сыпатында қәлиплесиўине жәрдемлесетуғын әҳмийетли фактор болып есапланады.

- Расын айтсам, алдын адамлар арасында сөйлеўге, жәмәәтлик ҳәрекет етиўге жүдә тартынатуғын едим, - дейди шыршықлы Сарварбийби Рўзметова. - Әйне "Бес баслама олимпиадасы" ойынлары себепли менде усы кемшиликлер сапласты, десем алжаспайман. Бул жарыслар тек ғана спорт шынығыўлары емес, жасларды бирден-бир мақсет жолында бирлестиретуғын баслама болып есапланады. Усы жарыслар себепли мен бүгин бәрқулла байланысып туратуғын дослар арттырдым, пикиримди билдириўди үйрендим. Жарыслар мәўсиминиң жуўмақланыўы мен ушын қаншелли түскинлик бағышласа, жаңа мәўсимниң басланыўы соншелли қуўанышлы.

Усы жылдың март айынан баслап "Бес баслама олимпиадасы"ның 2025-жылғы мәўсими старт алды. Жуўапкерлердиң айтыўынша, жаңа мәўсимде жаңалықлар көп. Булардың барлығы жыл даўамында келип түскен усыныслар нәтийжесинде әмелиятқа енгизиледи. Жаслар ислери агентлиги берген мағлыўматларға бола, 2025/2026-оқыў жылынан баслап ҳәр бир улыўма билим бериў мектебинде басқышпа-басқыш спорт клубларының жумысы жолға қойылады. Бул клублар оқыўшылардың спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын зәрүр шараятларды жаратады.

Сондай-ақ, мектеплерде 5-11-класс дене тәрбиясы пәни муғаллимлери ушын арнаўлы оқыў-методикалық қолланбалар ислеп шығылады. Бул қолланбалар оқытыўшылардың кәсиплик шеберлигин арттырыўға хызмет етеди.

"Бес баслама олимпиадасы"ның 2025-жылғы мәўсиминде жаслар арасында жәми 19 таңлаў ҳәм жарыс шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Онда мәденият ҳәм көркем өнер бағдарында 2, спорт бағдарында 14, мәлимлеме технологиялары бағдарында 1, китапқумарлық ҳәм интеллектуаллық бағдарда 2, кәсип-өнер бағдарында 5 та таңлаў ҳәм жарыс шөлкемлестириледи. Жаслардан болса талап етилетуғын бирден-бир нәрсе жарысларда белсене қатнасыў және физикалық ҳәм интеллектуаллық потенциалын арттырыў болып табылады.


Жонибек АЛИЖОНОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы