Бүгин мәмлекетимизде жаңа парадигма қәлиплеспекте. Атап айтқанда, заманагөй билимлерге ийе, глобал экономика шақырықларына жуўап бериўге таяр, жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаўға потенциаллы система жаратылмақта. Билимлендириўге алдынғы көзқараслар избе-из ҳәм системалы тийкарда енгизилмекте. Бул процессте тийкарғы жуўапкершилик, сөзсиз, педагоглардың мойнында. Олардың мийнетине тек ғана кәсип сыпатында емес, ал жаңа Өзбекстан "алтын фонды"ның билим сапасы, руўхый-әдеп-икрамлылық бағдарлары ҳәм турмыслық умтылыслары менен байланыслы миссия сыпатында қаралады.

Миллий билимлендириў системасы әпиўайы тараў емес, ал пүткил тармақты ҳәрекетке келтириўши, жаңаланыўларға хызмет етиўши тийкарғы күш болып есапланады. Бүгин Өзбекстанда билимлендириўге әне усындай жоқары итибардағы бағдар сыпатында қаралады. Бул жерде реформалар әпиўайы санлар ямаса есабатлардан ибарат емес, ал жеке Президенттиң дыққат орайында турған жедел процесс болып есапланады. Ҳәр бир жаңа мектеп, жаңа жоқары билимлендириў мәкемеси ямаса санлы платформа - ҳәммеси өз алдына қадағалаўда. Себеби, бүгин итибар материаллыққа емес, ал ең баҳалы байлық - инсан капиталына қаратылған. Себеби, билим, пикирлеў ҳәм жасларға бағдарланған инвестиция мәмлекет раўажланыўының кепили болып есапланады.

Бизге белгили бир ҳақыйқат бар: келешекте көп ресурсқа емес, көп идеяға ийе болғанлар утады. Бүгин бул системада жаңа әўлад, кең дүньяқарасқа ийе, креатив, исенимли пикирлейтуғын жаслар камалға келмекте. Ҳәр бир ул-қыз келешекте инженер, илимпаз, исбилермен, жетекши болыўы керек. Бул - мәмлекетимиз басшысының тийкарғы мақсети. Мәмлекетке кирип киятырған инвестиция болса тек ғана қаржы емес, ал өзбек жасларының идеялары ҳәм таланты дүнья картасын өзгертетуғынына исеними де болып есапланады.

Билимлендириўди системалы раўажландырыў - мәмлекетлик бағдарламадағы ең әҳмийетли бағдар, миллеттиң санасын раўажландырыўға қаратылған стратегиялық мақсет. Сонлықтан, бүгин Өзбекстан келешекке исеним менен жол ашып атырған мәмлекетке айланбақта. Буған мысал көп. Елимизде заманагөй билимлендириў мәкемелери қурылмақта ҳәм үскенеленбекте. Жасларға улыўма орта билим бериў менен бирге, қәбилетине сәйкес кәсип-өнер үйретилмекте.

Салыстырыў ҳәм таллаў бүгинги түпкиликли өзгерислердиң әҳмийетин айқын көрсетеди. Сегиз жыл алдынғы билимлендириў системамыз ҳаққында, дурысы, унамлы пикир айтыў қыйын. Кейинги жылларда пүткил системаны модернизациялаўға қаратылған кең көлемли жумыслар басланды. Жаңа мектеплер қурылды, заманагөй оқыў бағдарламалары ҳәм технологиялар енгизилди. Соның ишинде, соңғы жыллары елимизде 14 Президент билимлендириў мәкемеси, 201 қәнигелестирилген, 2 спорт ҳәм 9 дөретиўшилик мектеби ашылды. Олардағы оқытыў ҳәм баҳалаў системасы 1500 мектепте де енгизилди. Бул реформалардың логикалық даўамы сыпатында билимли оқыўшыларды таңлап, халықаралық дәрежеде тәрбиялаўға да айрықша итибар қаратылмақта.

Президентимиздиң усы жыл 15-сентябрь күни муғаллимлер ҳәм устазлар менен сөйлесиўинде атап өтилгениндей, мәмлекетимиз халқы соңғы 34 жылда 2 есеге өсип, 38 миллионнан асты. Ҳәзир мектеплерде 6,5 миллион оқыўшы билим алмақта. Кейинги сегиз жылда 500 ге шамалас жаңа мектеп қурылғаны, барлары кеңейтилгени есабынан 1 миллион оқыўшы орны ашылды. 200 мыңнан аслам ул-қыз жеке меншик мектеплерде оқып атыр. Енди мектеп дәўиринде оқыўшыларды қәбилетине қарап кәсип ямаса жоқары билимлендириўге бағдарлаўға 9-ҳәм 11-класс оқыўшылары ушын бирден-бир мәмлекетлик имтиханлар енгизиледи. Бул арқалы 400 мыңға шамалас 9-класс питкериўшиси техникумларға қамтып алынады.

Мәмлекетимиз басшысы кәсиплик билимлендириў мәселесине де айрықша тоқтап өтти. Тараў ушын 2026-жыл - Жасларды заманагөй кәсип-өнерге үйретиў жылы болыўы атап өтилди. Усы мақсетте Кәсиплик билимлендириў агентлиги шөлкемлестириледи. Агентликтиң тийкарғы ўазыйпасы барлық - 598 техникумға жаңа орталық алып кириў ҳәм халықаралық стандартларды енгизиўден ибарат болады.

Бүгин мәмлекет билимлендириў тараўын тек ғана қоллап-қуўатлап атырған жоқ, ал оған ҳақыйқый инвестиция киргизбекте. Педагоглар мийнетин қәдирлеп атыр. Оларды инновациялық идеяларды енгизиўге хошаметлемекте. Ең тийкарғысы, бул реформаларды тараўдың ҳәр бир ўәкили өз турмысында сезинбекте. Усы көзқарастан қарағанда, Президентимиздиң тәлим-тәрбия тараўының пидайылары менен сөйлесиўи мәмлекетимиздиң раўажланыўы, ел-журтымыздың абаданлығын тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли қәдем болды.

Азамат КАМОЛОВ,

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи

министрлиги басқарма баслығы,

педагогика илимлери бойынша философия докторы, доцент