Оған муўапық, 2025-жыл 1-январьдан баслап:
мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери тәрепинен педагогикалық жумысты турақлы тийкарда әмелге асырыў ушын тартылатуғын сырт ел қәнигелерине «А-2» оқытыўшылар киргизиў визаларын бериў жолға қойылады;
мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери тәрепинен сырт елден тартылған қәнигелерге Өзбекстан Республикасының аймағында мийнет жолын әмелге асырыў ҳуқықын бериўши тастыйықлаў хатын бериўде өндирилетуғын жыйым муғдары базалық есаплаў муғдарының отыз есесинен бир есесине шекем азайтылады;
мәмлекетлик емес мектепке шекемги, улыўма орта ҳәм мектептен тысқары билимлендириў шөлкемлериниң басшы ҳәм педагог хызметкерлериниң тәжирийбесин арттырыўды А.Авлоний атындағы педагогикалық шеберлик миллий институты, педагогикалық шеберлик орайлары ҳәм белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын реестрға киргизилген мәмлекетлик емес қәнигелик арттырыў шөлкемлеринде Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан әмелге асырыў тәртиби енгизиледи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 26-июльдеги «Ташкент қаласында мәмлекетлик ҳәм исбилерменлик субъектлери арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиў тийкарында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм қала инфраструктурасын жақсылаў бойынша ҳуқықый экспериментти өткериў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-236-санлы қарарының 5-бәнти «г» киши бәнтинде белгиленген төлемлер (инженерлик-коммуникация тармақлары ҳәм транспорт инфраструктурасын жаратыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын төлем) мәмлекетлик емес мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлерин қурыў жойбарларына қолланылмайды.