Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен мобиль тәжирийбе арттырыў хызметлери тийкарында шөлкемлестирилген автобус Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайы ушын ажыратылып, бул мобиль тәжирийбе арттырыў хызметлери республикамыздың алыс ҳәм шетки аймақларында жайласқан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрлары ушын өз жумысларын баслап жиберди.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри айырым тәрбияшылар тәрепинен балаларға қолланылған қопаллық, тәрбиясызлық жағдайларына мүнәсибет билдирди.
"2025-2026-жылларда балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (83-сан, 12.02.2025-ж.) қабыл етилди.
Президентимиз тәрепинен мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасына берилип атырған итибар ҳәм жаратылған шараятлар себепли, системада үлкен өзгерислер жүз бермекте.
Президентимиздиң ПҚ-404-санлы қарары тийкарында Тахтакөпир районы орайынан алыс аймақта жайласқан «Дәўқара» аўыл пуқаралар жыйынындағы 8-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде аўыл турғынлары ҳәм тәрбияланыўшы балалар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, имаратты заманагөй көриниске алып келиў мақсетинде реконструкция жумыслары алып барылды.
Кегейли районы «Жүзим бағ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы турғынлардың балаларын бақша менен қамтып алыўдағы машқаланы шешиў ушын аўыл ушын мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми керек еди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 21-июнь күнги «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў шөлкемлери хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарында көрсетилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында «Устазлар ассоциациясы» дүзилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти «Билимлендириў тараўында жеке меншик сектордың қатнасын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ҳүжжетке қол қойды.