Бизди улыўма тарийх, мәденият ҳәм руўхы қәдириятлар бирлестиреди

    Пикир 9 шілде 2025 436

    Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказдың еки ири мәмлекети - Өзбекстан ҳәм Әзербайжан әсирлер даўамында уқсас тарийх, мәденият ҳәм руўхый қәдириятлар менен тығыз байланысқан.

    Бүгинги күнде бул еки туўысқан мәмлекет өз-ара қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыў, сиясий, экономикалық ҳәм мәдений тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў жолында исенимли қәдем тасламақта. Атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан халықаралық байланыслары, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары ҳәм келешектеги перспективалары еки халықтың мәплерине сүйенген ҳалда нәтийжели даўам етпекте.

    Президентимиздиң Әзербайжанға мәмлекетлик сапары еки мәмлекет арасындағы қатнасықлар мисли көрилмеген дәрежеге көтерилгенин айқын көрсетти. 2024-жылы аўқамласлық статусына ерискен Өзбекстан - Әзербайжан қатнасықлары мәмлекет басшыларының алдынғы ушырасыўларында ерисилген келисимлердиң логикалық даўамы болды.

    Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы белгиленип атырған ўақытта әмелге асырылған бул сапар етиў ҳәм Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилиси "қатнасықларымыз тарийхта ҳеш қашан бүгингидей жоқары дәрежеде болмағанын" тастыйықлады.

    Ҳақыйқатында да, сапар даўамында тәреплердиң келешеги ушын жаңа есиклерди ашыўшы көплеген илажлар болып өтти, бул болса еки тәреплеме бирге ислесиўдиң қаншелли жоқары екенинен дәрек береди.

    Кең көлемли байланысларымыз экономикалық тараўда да избе-из раўажланбақта. Товар алмасыў көлеми бир жылда 25 процентке артып, жойбарлар портфели 4 миллиард долларға жетти. Сөйлесиўлер даўамында товар алмасыў ҳәм инвестиция көлемин жылына 1 миллиард долларға жеткериў имканиятлары ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Санаат, инфраструктура, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, туризм, банк ҳәм басқа да тараўлардағы жойбарларды өз ишине алған өз алдына кооперация бағдарламасының қабыл етилиўине келисип алынды.

    Сондай-ақ, биргеликтеги инвестициялық компанияның жумысын кеңейтиў, Исбилерменлер кеңесин дүзиў, Санаат ҳәм экономикалық зоналар форумын өткериў сыяқлы бирге ислесиўдиң жаңа форматлары қоллап-қуўатланды.

    Сөйлесиўлер ўақтында транспорт-коммуникация тараўындағы шериклик мәселеси мәмлекетлеримиз басшыларының дыққат-итибарында болды. Онда орта коридорды раўажландырыўда қатнасыў жойбарлары додаланды ҳәм Өзбекстанның бул коридор арқалы тасылып атырған жүклериниң көлеми 25 процент - 1 миллион тоннадан асламға артқаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Усы жылдың март айынан баслап жүк тасыўда электрон рухсатнамаларға өтиў тәмийинленди. Европаға электр энергиясын экспорт етиў бойынша биргеликтеги жойбарды таярлаўды жеделлестириўге келисип алынды, бул болса энергетика тараўындағы бирге ислесиўдиң стратегиялық әҳмийетин көрсетеди.

    Мәмлекетлеримиздиң бүгинги күндеги бирге ислесиўи талланып, мәденият, билимлендириў тараўларындағы жедел алмасыўлар атап өтилди. Соның ишинде, жақында Әндижанда биринши мәрте ректорлар форумы шөлкемлестирилип, 60 тан аслам шәртнамаға қол қойылғаны, Әзербайжанның "Ширван" ансамбли Хийўа бақсышылық фестивалының гран-присин қолға киргизгени, Хийўа қаласында "Жаңа имканиятларға қарай: қарым-қатнастан биргеликтеги ҳәрекетлерге шекем" сүрени астында шөлкемлестирилген биринши Өзбекстан - Әзербайжан парламентлераралық форумы миллетлерди ҳәр тәреплеме жақынластырғаны айрықша атап өтилди.

    Баку қаласындағы сөйлесиўлердиң жуўмағында қол қойылған ҳүжжетлер тек ғана қағаздағы бәнтлер емес, ал еки туўысқан халықтың бирдей арзыў-нийетлери, стратегиялық режелери ҳәм әмелий ҳәрекетлериниң протоколы болды. Бул ҳүжжетлер Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы аўқамласлық қатнасықларының тереңлиги ҳәм кеңлигин, сондай-ақ, өз-ара исеним ҳәм тилеклесликтиң қаншелли беккем екенлигин көрсетеди.

    Бул ҳүжжетлерде узақ мүддетли келешекке мөлшерленген анық мақсетлер жәмленген. Мәселен, Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманы 2025-2029-жылларда әмелге асырыў бойынша "жол картасы" әмелий реже сыпатында еки мәмлекет басшыларының жоқары сиясий ерк-ықрары ҳәм ерисилген келисимлерди әмелде енгизиўге болған қатаң жуўапкершилигинен дәрек береди.

    Сондай-ақ, қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим де бүгинги күнниң ең әҳмийетли глобаллық машқалаларынан бири - климат өзгерислери ҳәм экологиялық қәўипсизликке биргеликте шешим излеў тилегин билдиреди. Бул болса мәмлекетлер тек ғана экономикалық мәплерин емес, ал келешек әўладлар алдындағы жуўапкершилигин де аңлайтуғынын көрсетеди.

    Буннан тысқары, илим, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисим келешектеги раўажланыўдың даўамлы жолы дегени. Еки мәмлекеттиң жас әўладларға заманагөй билим ҳәм көнликпелер бериў, илимий потенциалды раўажландырыўға қаратылған бул ҳәрекетлери инсан капиталына киргизилген стратегиялық инвестиция екени менен баҳалы. Бул болса экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўдың гиреўи есапланады.

    Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тәмийнаты және социаллық қорғаў тараўларындағы бирге ислесиў режелери халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў ҳәм социаллық әдилликти тәмийинлеўге қаратылған улыўма көзқарасты сәўлелендиреди.

    Әҳмийетли ҳүжжетлер қатарына Ташкент ўәлаяты ҳәм Сумгаит қаласы, Наўайы ҳәм Габала қалалары арасында дослық қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы келисимди қосыў мүмкин. Себеби қалалар арасындағы дослық байланыслары мәдений алмасыўлар, туризмниң раўажланыўы, жаслар арасындағы қарым-қатнас ҳәм өз-ара түсинисиўди күшейтиўге үлкен үлес қосады.

    Өзбекстан Президентиниң Әзербайжанға мәмлекетлик сапары еки туўысқан мәмлекет арасындағы қатнасықларды стратегиялық аўқамласлықтың жаңа дәрежесине алып шыққанына гүўа боламыз. Қуўанышлы тәрепи, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық, билимлендириў, транспорт ҳәм сиясий тараўлардағы кең көлемли бирге ислесиў тек ғана еки мәмлекеттиң раўажланыўына хызмет етип қоймастан, ал регионаллық турақлылық ҳәм миллий раўажланыўды тәмийинлеўде де әҳмийетли роль атқарады.


    Манзура САЛИМОВА,

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates