Регионаллық ҳәм халықаралық экономикалық байланысларды жақсылаў мақсетинде бул тараўда көп жумыслар исленди. Онға шамалас мәмлекетлер менен алдыннан мәлимлеме алмасыўы жолға қойылды, бажыхана рәсмийлестириўи ҳәм мағлыўматларды қайта ислеў орайлары шөлкемлестирилди. 4 ири бажыхана постында терминаллар қурылды, 20 дан асламы жаңа үскенелер менен тәмийинленди. Исбилерменлер ушын 35 мәлимлеме системасы енгизилип, экспорт процесслери 9 басқыштан 3 басқышқа түсти.

Булардың нәтийжесинде шегара арқалы транспорт ҳәрекети 8 есеге көбейип, дерлик 5 миллионға жетти. Бюджетке түсимлер 9 есеге өсип, өткен жылы 63 триллион сумнан артты. Жүклерди рәсмийлестириў ўақты импортта 3 саат, экспортта 20 минутқа шекем қысқарды.

Улыўма етип айтқанда, системаның әпиўайыластырылыўы себепли 6 мыңға шамалас экспортёр және 20 мыңға шамалас импортёрдың қәрежети ҳәм ўақты үнемленген. Халықаралық логистика рейтингинде бажыхана көрсеткиши бойынша Өзбекстан 140-орыннан 74-орынға көтерилген.

Бирақ еле санластырыў, процессти тезлестириў ҳәм қолайластырыў бойынша ўазыйпалар көп. Презентацияда бул бағдардағы илажлар көрип шығылды.

Кейинги жыллары бажыхана аймағында қайта ислеў түрлериниң кеңейтилгени нәтийжесинде усы тәризде экспорт етилген товарлардың үлеси өткен жылы 1 миллиард доллардан артқан. Бул системаны және де әпиўайыластырып, усы жылдың өзинде экспортты 1,5 миллиард долларға жеткериў мүмкин.

Қоңсы мәмлекетлер менен саўда ҳәм туризм байланысларының кеңейип атырғаны себепли шегарадағы жолаўшы ҳәм автотранспорт ағымы кеминде 2 есеге артыўы күтилмекте. Бул қосымша инфраструктура жаратып, постларда өткериўшеңликти арттырыўды талап етеди.

Соның ишинде, халықаралық қатнаўларды көбейтиў мақсетинде автобусларда да, авиарейслердеги сыяқлы, жолаўшылар ҳаққындағы мағлыўматларды алдыннан алыў системасы нәзерде тутылмақта. Нәтийжеде автобуслар шегарадан әпиўайыластырылған тәртипте өткерилип, рәсмийлестириў ўақты 2 есеге қысқарады. Сондай-ақ, ең ири бажыхана постларында жеңил автомобиллер ҳәм автобуслар ушын қызыл ҳәм жасыл жолларды енгизиў усыныс етилмекте.

Бажыхана бақлаўында жасалма интеллектти кеңнен қолланыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Усы мақсетте Жәҳән банки қәнигелериниң жәрдеминде "қәўип-қәтер системасы" жетилистириледи. Бул система финанслық турақлылық, саўда тарийхы сыяқлы 122 критерия бойынша исбилерменлердиң исенимлилик дәрежесин баҳалайды. Сондай-ақ, рентген сүўретлери жасалма интеллект тийкарында талланып, қәўипли товарлар автомат түрде анықланады.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, тараўда халқымыз ушын жеңилликлер жаратыў, исбилерменлер ҳәм туристлерге жедел хызмет көрсетиў зәрүр екенлигин атап өтти. Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесинде оған бажыхана нызамшылығын толық муўапықластырыў ўазыйпасы қойылды.

Бажыхана институтының потенциалын арттырыў, жасалма интеллект, санлы технологиялар, қәўип-қәтер анализи бойынша маман кадрлар таярлаў, дуал билимлендириўди кеңейтип, әмелиятты жақсылаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.