Ҳәзирги ўақытта “Central Asian Expo Uzbekistan” комплексинде болып өтип атырған бул көргизбеде нефть-химия, машина қурылысы, қурылыс санааты, азық-аўқат өнимлерин қайта ислеў ҳәм басқа да тез раўажланып атырған тараўларда жумыс алып барып атырған 90 нан аслам миллий компания өз өним ҳәм хызметлерин көрсетпекте.
Көргизбеге келген абырайлы мийманлар қатарында Болгария Республикасы Президенти Румен Радев те бар. Жоқары мәртебели мийман бул көргизбе инвесторлар ушын Өзбекстандағы имканиятлар ҳаққында толық түсиник пайда етиўде әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.
Атап өтилиўинше, Болгария исбилерменлери Өзбекстандағы жойбарларға инвестиция киргизиў, қоспа кәрханалар шөлкемлестириў ҳәм инновациялық шешимлерди әмелиятқа енгизиўге таяр. Сондай-ақ, Президент еки мәмлекет арасындағы экономикалық байланысларды жаңа басқышқа көтериў ушын зәрүр басламалар қоллап-қуўатланатуғынын атап өтти.
Соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм Болгария арасындағы экономикалық ҳәм саўда байланыслары избе-из раўажланып бармақта. Еки мәмлекет арасындағы саўда айланысы өспекте, әсиресе, азық-аўқат, аўыл хожалығы өнимлери, фармацевтика, машина қурылысы ҳәм қурылыс материаллары тараўларында бирге ислесиў байланыслары кеңеймекте.
Көргизбе шеңберинде Болгария ҳәм Өзбекстан компаниялары арасында бир қатар исбилерменлик ушырасыўлары да шөлкемлестирилмекте. Бул болса еки мәмлекет арасындағы экономикалық қатнасықларды және де беккемлеў, жаңаланған бирге ислесиў форматларын енгизиўге тийкар жаратады.

