Атап өтилиўинше, соңғы ўақытлары Түркияда жасаў (икамет изни) ҳәм мийнет етиў рухсатнамаларын (çалыşма изни) рәсмийлестириў, мәмлекетке кириў қадаған етилиўин бийкарлаў ҳәм жәриймаларды төлеў менен байланыслы алдаўшылық жағдайлары кескин артпақта.
Көпшилик жағдайларда консалтинг фирмалары (даныşманлық şиркетлери) жоқарыдағы мәселелерди шешиўге ўәде берип, ўатанласларымыздың үлкен муғдардағы пулларын алдаў жолы менен өзлестирмекте. Итибарлы тәрепи сонда, жәбирлениўшилер бул шахслар менен жазба шәртнама ямаса ҳүжжетлестирилген келисимлер дүзбегенлиги себепли, нызамлы тәртипте өз қаржыларын қайтарып ала алмай атыр, - делинеди хабарда.
Ең қәўетерли тәреплерден бири - айырым алдаўшылардың алдын Түркиядан депорт қылынған ҳәм кириў қадаған етилген Өзбекстан пуқараларын басқа мәмлекеттиң қәлбеки паспортлары арқалы мәмлекетке алып кириўге урыныў жағдайлары болып есапланады. Бул болса өз гезегинде ўатанласларымызды қыйын ҳәм жынайый жуўапкершиликке алып келетуғын жағдайларға алып келмекте.
Сондай-ақ, айырым шахслар "ГӨÇ уйымындағы (Миграция хызмети) жәрийманы орныңызға төлеп беремиз" деген ўәделер менен пулларды өзлестириў жағдайлары да анықланбақта. Олар жәбирлениўшилерди "өзиңиз барсаңыз усланып қаласыз" деген өтириклер менен қорқытып, олардың қаржыларын өзлестирмекте.
Бас консулхана пуқаралардан нызамсыз ҳәм исенимсиз дәлдалшылардан сергек болыўды сорап, ҳәр қандай ҳуқықый мәселелерде тек ғана рәсмий уйымларға мүрәжат етиўге шақырады.









