Бул ҳаққында Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов "Өзбекстан 24" телеканалына берген интервьюинде айтып өтти.
Министр Самарқандта Иордания Патшасының мәмлекетлик сапары шеңберинде болып өткен еки тәреплеме ушырасыўлардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин айтып берди.
"Ҳүрметли Президентимиздиң басламалары себепли соңғы жыллары Өзбекстан IТ-хабқа айланып бармақта, санлы трансформация процеси жүз бермекте. 2017-жылы сырт ел капиталының қатнасыўындағы компаниялар тек ғана 4 болған болса, ҳәзир ҳәр айда 30 дан аслам сырт ел компаниясы IТ Парк резиденти сыпатында дизимнен өтпекте. Усы жылы еки иорданиялы компания да резидентликке кирди. Бул жаңалықтан соң, Иордания басшылығы да келешекте бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екенин атап өтти", - деди Шерзод Шерматов.