Ассамблеяның 42-сессиясын ICAO Кеңесиниң Президенти Сальваторе Шаккитано ҳәм ICAO Бас хаткери Хуан Карлос Саласар ашып берди.
ICAO Кеңесиниң Президенти Сальваторе Шаккитано қатнасыўшыларға қутлықлаўында жәҳән авиациясы биргеликте шешим табыўды талап ететуғын бир қатар глобал қәўип-қәтерлерге дус келип атырғанын атап өтти. Сондай-ақ, ол ҳәр қандай қыйыншылықларға қарамастан, авиация турақлы глобал мобилликтиң тийкары болып қалыўы керек екенлигин атап өтти.
- Пәрўазларға талап артып атырған ҳәзирги шараятта тараў қәўипсизлик, раўажланыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў арасындағы тең салмақлылықты тәмийинлеўге мәжбүр. Авиацияны декарбонизациялаў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм қәнигелердиң жаңа әўладларын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратыў зәрүр. Сондай-ақ, теңизге шығыў имканияты жоқ мәмлекетлер ушын пуқаралық авиациясын раўажландырыў зәрүр", - деди Сальваторе Шаккитано.
ICAO Ассамблеясының быйылғы сессиясында 193 ағза мәмлекеттиң даўыс бериўи менен 36 мәмлекеттен ибарат жаңа ICAO Кеңеси сайланады. Буннан тысқары, ICAOның үш жылға мөлшерленген бюджети тастыйықланады, техникалық, ҳуқықый, экономикалық ҳәм финанслық тараўларда, сондай-ақ, техникалық жәрдем бойынша өткен дәўирдеги жумыслардың жуўмақлары ҳәм 2028-жылға шекемги гезектеги дәўир ушын стратегиялық ўазыйпалар көрип шығылады.