Дүньядағы Өзбекстан ямаса Өзбекстандағы дүнья: Орайлық Азия бирге ислесиўине бир нәзер

    Гейде дүнья картасында қапталласып, қарама-қарсы жасап атырған мәмлекетлердиң өз-ара келиспеўшиликлери ҳәм урысларын көрип ҳайран қаласаң: ақыры олар көп әсирлер даўамында бир жерде жасап, бир жаптан суў ишип атыр. Олардың ҳеш қайсысы ҳеш қашан өз жерин таслап кетпейди, демек, олар татыў турмыс кешириўге мәжбүр. Бирақ негедур бул ҳақыйқат айырымларға сабақ болмай атыр.

    Мәмлекетимиз басшысы президентлик жумысының дәслепки күнлеринен-ақ қоңсыларымыз ушын дәрўазаларымызды ашыўға умтылды. Сол гезлерде, әсиресе, Қазақстан, Тәжикстан, Түркменстан, Қырғызстан менен бажыхана постлары ашылғанында Орайлық Азия жанланды. Қоңсылар да тап биз сыяқлы жол тутты. Барыс-келислеримиз күннен-күнге қолайласып, дослық, бирге ислесиў байланысларымыз беккемленип бармақта.

    Биз тарийхый жақтан бир жерде татыў-татыў жасап келгенбиз. Динимиз, үрп-әдетимиз, таў ҳәм адырларымыз, булақ ҳәм дәрьяларымыз бир. Кийимлеримиздеги айырым белгилерди есапқа алмасақ, жүзимиз, жүрис-турысымыздан ажыратып болмайды. Тилекке қарсы, кейинги жүз жыл ишинде әне усы бирлигимизге зыян тийди. Орайлық Азияда Түркстан автономиясы орнына жаңа республикалардың дүзилиўи олардың гәрезсизлигинен гөре әззилигине себеп болды: ҳәр ким көрпени өзине тартыўға умтылды. Усы ўақытқа шекем көринбеген ҳәм бир-бирине уқсас үрп-әдетлер, менталитетлер ажыралып қалды.

    Мейли, келиң, тарийхты қайтадан еске алып, ўақыяларды додалап отырмайық. Бул ҳаққында жүдә көп айтылып, жазылып атыр. Бул ҳақыйқатты жүдә көпшилик аңлап алды, аңламағанларға болса түсиндириўдиң қәжети жоқ. Бүгинги тийкарғы мақсетимиз - Жаратқанның инаяты менен бизлерге аталған мине усы ана жерде жасап атырған халық арасында ҳақыйқый дослық, өз-ара беккем бирге ислесиўди тәмийинлеў болып табылады.

    Президентимиздиң дана сиясаты себепли Орайлық Азияда бирге ислесиўдиң жаңа басқышына ерисилди: қоспа кәрханалар күннен-күнге көбеймекте, мәдений, ағартыўшылық байланыслардың шеги жоқ. Бул бирге ислесиўге Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәтлесиўлери хошамет бермекте. Сол себепли қысқа мүддет ишинде әйне мәмлекетимиз басшысының басламасы менен региондағы жүдә көп шегаралас келиспеўшиликлер сапластырылды.

    Бир сөз бенен айтқанда, Орайлық Азия бирлесип, биргеликте жәҳән сахнасына, атап айтқанда, жәҳән базарына умтылмақта. Жақында Ташкентте "Орайлық Азия - 2050: турақлылық ҳәм улыўма абаданлыққа қарай жол" атамасындағы биринши регионаллық форумда регион келешеги додаланды. Бул илаж ҳүжжетлери менен танысар екенмен, әнжуман қатнасыўшыларының пикирлери менде үлкен қызығыўшылық оятты. Атап айтқанда, аналитик Азиза Умарованың "Регион мәмлекетлери бөлек-бөлек сөйлесе, биз қызығыўшылық оятпаймыз. Өзимизди тек ғана Өзбекстан емес, ал Орайлық Азия пуқаралары сыпатында қабыл етиўимиз ушын регионаллық өзине тәнликти ислеп шығыў әҳмийетли. Биз буны әмелге асырыў қаншелли реал екенлигин баҳалаўды даўам еттиремиз", деген сөзлери мени де бул бойынша пикир билдириўге ийтермеледи. Әлбетте, гәп Орайлық Азияның 2050-жылға шекемги раўажланыў сценарийлери ҳаққында бармақта.

    Әлбетте, еки әсир даўамында бөлек-бөлек жасаўға, өз мәпин айрықша қорғаўға үйренген еллер ҳәм халықлар ушын бирге ислесиў аңсат болмайды. Бул өз-өзинен пайда болмайды. Биз Европа көлеминде Евроаўқамның сол региондағы мәмлекетлерге унамлы тәсирин, түрли мәмлекетлер халықларының бирге ислесиўине ерискенин көрдик. Демек, бул тәжирийбени өзимизде қоллансақ та болады.

    Өзбекстан дүньяға шығып атыр, халықаралық қатнасықларда орнын таўып атыр. Дүнья да Өзбекстанға умтылмақта. Себеби, ол ҳәмме менен пайдалы шериклик, бирге ислесиўге таяр. Неге дегенде, дүньяның глобаллық машқалалары, соның ишинде, Өзбекстанның басламасы ҳәм жанкүйерлиги себепли де шешилмекте. Қызығы сонда, бул машқалалардың шешими Өзбекстандағы форум ҳәм ушырасыўларда табылмақта.

    Мениңше, "Биз орайлық азиялымыз!" сүренин усы региондағы пуқаралардың санасына сиңдириў, бәринен бурын, пидайы зыялылардың ўазыйпасы болып табылады. Нәтийжеде, жадид бабаларымыз өз ўақтында мине усындай мақтанышлы исти орынлай алған. Тек тоталитар дүзим ғана олардың режелерин жоққа шығарған.

    Итибарлы тәрепи, регион мәмлекетлери басшыларының биргеликтеги ямаса өз-ара сөйлесиўлеринде барлық тараў ҳәм тармақлар бойынша бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, өз-ара тәжирийбе алмасыў, әсиресе, регион жаслары арасында тиккелей сөйлесиўлерди жолға қойыў, спорт жарыслары ҳәм мәдений илажларды турақлы өткериўге байланыслы әҳмийетли усыныс ҳәм басламалар алға қойылмақта. Жасларымыздың дос, пикирлес болып, регион мәплери бойынша бирдей мақсетлер менен халықаралық майданға шығыўы, Орайлық Азия мәмлекетлери арасында турақлы спорт жарысларының өткерилиўи халықларымыздың бир-бирине меҳир-муҳаббатын арттырыўы, бирлигимизди және де беккемлеўи тәбийий екенине исенемен.

    Көрип турмыз, туризм дерлик барлық қоңсы мәмлекетлеримиз бенен күннен-күнге раўажланып бармақта. Бул жумысты да жаңа басқышқа алып шығыў зәрүр. Негизинде бул процесс жүдә қызғын даўам етпекте. Мәселен, бир ғана Самарқандтың өзинде дерлик ҳәр ҳәптеде, әлбетте, қоңсы мәмлекетлердиң қайсы биринен мәдений-ағартыўшылық бағдарда делегациялар келеди. Биз самарқандлы жазыўшылардың қазақ, қырғыз, тәжик, түркмен тиллерине аўдарылған ямаса, керисинше, усы тиллерден өзбек тилине аўдарылған китапларының презентацияларын өткермектемиз. Бундай илажлар, тәбийий, қоңсы мәмлекетлерде де бар. Спорт бойынша ашық чемпионатларымызға қоңсы мәмлекетлерден ўәкиллер келип атыр. Әсиресе, миллий байрамларды биргеликте белгилеп атырғанымыз бирлигимизди тәмийинлеўге тийкар болмақта.

    Биз әййемнен бир елмиз. Тилимиз түрлише болса да, бир жүректе сөйлескенбиз ҳәм бүгинги күнде өзимизди таныстырғанда мақтаныш пенен "мен Орайлық Азияданман!" деп айта алыўымызды жүдә-жүдә қәлеймен.


    Фармон ТОШЕВ,

    Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист