Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң 2025-жылдағы турақлы раўажланыў бойынша есабатында илим, техниканың жедел раўажланыўы билимлендириў системасының алдына жаңа ҳәм барған сайын қыйын ўазыйпаларды қойып атырғаны да бийкарға емес.

Есабатта келтирилиўинше, дүнья экономикалық турақлылығы ислеп шығарыўшылардың басқарыўы дурыс жолға қойылғаны, хызметкерлердиң профессионаллық көнликпеси ҳәм басқа да бир қатар факторларға тийкарланады. Анығырақ айтқанда, әмелият көп жағдайларда билимлендириўден озып атырғаны бақланбақта. Бул тәреп питкериўшилер жумыс бериўшилер талап еткен әмелий, кәсиплик көнликпелерге ҳәр қашан да жуўап бере алмай атырғанында айқын көринеди. Сол себепли үзликсиз оқытыў системасында дуал билимлендириў орталығын жаратыў тек ғана Өзбекстан емес, ал заманагөй раўажланыўды гөзлеген басқа да мәмлекетлер ушын да оғада әҳмийетли. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде бул бағдардағы жумысларға айрықша итибар қаратылып, ҳуқықый тийкарлары жаратылып, әмелий илажларға кирисилгени де соннан. Ең үлкен өзгерислерден бири, әлбетте, Кәсиплик билимлендириў агентлиги шөлкемлестирилгени болып есапланады. Бул дуал билимлендириўге итибар қаратыў қаншелли сиясий, экономикалық, социаллық әҳмийетке ийе екенлигин билдиреди.

Бул мәселе мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжатында да атап өтилди. Атап өтилиўинше, бүгин автомобиль қурылысы, "жасыл" энергетика, қурылыс, транспорт, тоқымашылық, аўыл хожалығы, туризм, сервис, мәлимлеме технологиялары сыяқлы бағдарларда 70 мыңға шамалас оқыўшы дуал билимлендириў тийкарында оқып, айына 10 миллион сумға шекем мийнет ҳақы алмақта. Дуал билимлендириў тийкарында оқып және ислеп айлық алыў техникум студентлериниң таңлаған кәсибине қызығыўшылығы артыўы, ўазыйпаларды және де жуўапкершилик пенен орынлаўына унамлы тәсир етеди. Сонлықтан, енди техникум ҳәм жумыс бериўшилер арасындағы бирге ислесиў жаңа басқышқа алып шығылады.

Атап айтқанда, дуал билимлендириў тийкарында оқытыўды нәтийжели шөлкемлестирген кәрханаларға 7 жыл мүддетке 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит ажыратылады. Кәрханаларға жумысқа алынған техникум оқыўшысы ушын берилген 1 процентлик социаллық салық жеңиллигиниң мүддети және үш жылға создырылмақта.

Дуал билимлендириў теориялық бөлими жоқары билимлендириў шөлкеминде, әмелий бөлими болса кәрханада (жумыс орнында) өткерилетуғын билимлендириў процеси болып, ол студенттиң оқыўы ҳәм ертең жумысы анық болыўы ушын жүдә қолай имканият есапланады. Бундай оқыў элементлериниң қолланылыўы жәҳән билимлендириў системасында узақ жыллық тарийхқа ийе. Билимлендириўдиң бул формасы теория ҳәм әмелият, билимлендириў шөлкеми ҳәм жумыс бериўши бирге ислесиўин үйлестириўге хызмет етеди. Студент бир ўақыттың өзинде оқыйды және ислейди. Жумыс процесинде билимлерин беккемлейди. Бул модель Германия, Швейцария, Австрия, Япония сыяқлы раўажланган мәмлекетлерде нәтийжелилигин дәлиллеген. Нәтийжеде питкериўшилер жумыссыз қалмайды, жумыс бериўшилер болса қайта таярлаўға артықша ўақыт ҳәм қаржы жумсамайды. Раўажланып атырған мәмлекет сыпатында Өзбекстан оқытыў системасына дуаль билимлендириў моделин енгизиў дәўир талабы ҳәм зәрүрлиги болып есапланады.

Дуал билимлендириўде жумыс бериўши ҳәм билимлендириў мәкемеси бирге ислесиўи реал нәтийжелерде көринеди. Жумыс бериўши оқытыў процесинде қатнасады, оқыў бағдарламаларын қәлиплестириўге үлес қосады ҳәм студентти келешекте жумыс пенен тәмийинлейди.

Президентимиздиң 2025-жыл 26-ноябрьдеги "Өзбекстан Республикасында юридикалық билимлендириў ҳәм илимди буннан былай да реформалаў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында 2026/2027-оқыў жылынан Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетинде тәжирийбе тәризинде әмелий оқытыў және клиникалық ҳәм дуал билимлендириў принципи тийкарында билим алыў системасы енгизилетуғыны белгиленди. Онда екинши, үшинши ҳәм төртинши курс студентлери ушын юридикалық билимлендириў бағдарламаларының 50 проценти (теориялық бөлеги) аудиторияларда, 50 проценти (әмелий бөлеги) суд, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да юридикалық тараўға байланыслы шөлкемлерде өткериледи. Билимлендириў бағдарламаларының теориялық бөлимлерин әмелий мысаллар тийкарында оқытыў арқалы студентте машқалалы жағдайды таллаў ҳәм жуўмақ шығарыў сыяқлы көнликпелер ҳәм теориялық билимлерди қәлиплестириўге итибар қаратылады.

Бул ўазыйпалар усы оқыў жылының ақырына шекем билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери билимлендириў бағдарламалары ҳәм оқыў режелерин қайта көрип шығыў, жумыс бериўши шөлкемлер менен бирге ислесиўди жетилистириў, оқыў процеси графигин дуал билимлендириўге бейимлестириў, оқыў бағдарламасы ҳәм силлабуслар, модуль контентлерин түп-тийкарынан жаңалаўды талап етеди. Бул процесс Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети мысалында билимлендириў - изертлеў - әмелият үнлеслигин тәмийинлеўге тиккелей үлес қосады.

Солиҳа АЛЛАЯРОВА,

педагогика илимлериниң докторы