Омбудсман жумысында да инсан ҳуқықларын әне усындай бир пүтин түсиниў әҳмийетли орын ийелейди. Жазаны орынлаў мәкемелеринде сақланып атырған шахслардың ҳуқықлары тәмийинлениўи, оларға нызамшылықта белгиленген қатнаста болыныўы, шараятлардың үйренилиўи ҳәм мүрәжатларына итибар қаратылыўы инсан қәдирин тәмийинлеў бағдарындағы улыўма сиясаттың ажыралмас бөлеги болып есапланады. Себеби инсан ҳуқықларына тек еркин өмир сүрип атырған пуқараларға тийисли түсиник сыпатында қараў мүмкин емес. Еркинен айырылған шахс та нызамда нәзерде тутылған ҳуқықларға ийе ҳәм олардың тәмийинлениўи ҳуқықый мәмлекеттиң әҳмийетли критерияларынан бири.

Жумысымыз даўамында жазаны орынлаў мәкемелеринде болып, ол жердеги жаслар менен сәўбетлесиў ўақтында олардың кеширмелери ҳәм келешек ҳаққындағы сөзлерин көп тыңлағанбыз. Тордың артындағы ҳәр бир тәғдирдиң өз тарийхы бар. Олардың арасында ислеген исинен шын кеўилден пушайман болған, артта қалған ўақтын ойлап азап шегип атырған, азат болғаннан соң, өмирин пүткиллей басқа жолдан даўам еттириўди қәлеген жаслар көп. Бундай инсанлардың дүзелиўге умтылыўын көриў, оларға нызам шеңберинде зәрүр шараят жаратыў, өз гезегинде, жәмийет мәплерине де хызмет етеди.

Мәмлекетимиздиң жасларға байланыслы сиясатында әне усы көзқарас избе-из көзге тасланбақта. Атап айтқанда, усы жыл 24-февраль күни Көксарай резиденциясында Президентимиздиң жаслар менен олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша имканиятлар жаратыўға бағышланған сөйлесиўи болып өткен еди. Бул ушырасыўды ўәлаят студиясында турып бақлап, жаслардың мәпине қаратылған ҳәр бир жаңа басламаны үлкен қызығыўшылық пенен тыңладым. Сөйлесиў даўамында билимлендириў, бәнтлик, интакерлик ҳәм жаслардың өз потенциалын жүзеге шығарыўы менен байланыслы мәселелер қатарында тәғдири жазаны орынлаў мәкемелери менен байланыслы болған жаслардың ертеңги күни де итибардан шетте қалмағаны айрықша тәсир қалдырды.

Әйне усы ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы жазаны өтеп атырған жасларды социаллық турмысқа бейимлестириўге қаратылған "Екинши имканият" жойбарын жәриялады. Мениңше, бул басламаның мәнисин оның атының өзи жүдә анық сәўлелендиреди. Яғный екинши имканият исленген қәтени ақлаў емес, керисинше, инсан өз қылмысынан тийисли жуўмақ шығарып, өмирин дүзетиўге умтылып атырған болса, оның алдындағы барлық есиклерди пүткиллей жабып қоймаў деген сөз.

Мәмлекетимиз басшысы алға қойған баслама қысқа мүддетте анық ҳуқықый тийкар менен беккемленди. Атап айтқанда, усы жыл 27-март күни Президентимиздиң "Жазаны орынлаў мәкемелериндеги жасларды заманагөй кәсиплерге оқытыўға байланыслы илажлар ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳүжжетте жазаны өтеп атырған жасларды заманагөй билим ҳәм кәсиплерге оқытыўға қаратылған "Екинши имканият" социаллық реабилитация миллий жойбарын әмелге асырыў тәртиби белгиленди.

Бул қарардың мәниси сонда, жазаны өтеп, азатлыққа шыққан жастың қолында мийнет базарында өз орнын табыўына хызмет ететуғын билим ҳәм кәсиплик көнликпелер де болыўы керек. Соған муўапық, жазаны орынлаў мәкемелеринде сақланып атырған 18-30 жастағы қамақтағылар ушын 8-12 айлық интенсив оқыў бағдарламалары жолға қойылды. Бул бағдарламалар арқалы оларға бүгинги санлы экономика шараятында талап жоқары болған заманагөй кәсиплерди ийелеў имканияты жаратылмақта.

Жойбар шеңберинде жаслардың шет тиллерин үйрениўине де айрықша итибар қаратылған. Атап айтқанда, олар қызығыўшылығы ҳәм зәрүрлигинен келип шыққан ҳалда инглис, рус ҳәм қытай тиллерин үйрениў имканиятына ийе болмақта. Әҳмийетлиси, оқыў курсларын табыслы тамамлаған жасларға электрон түрдеги сертификатлар берилиўи нәзерде тутылған. Бул болса олар ийелеген билим ҳәм тәжирийбениң рәсмий тастыйығы болып, кейин ала жумысқа жайласыў процесинде қолайлы болады.

Қарарда оқыў курсларына тартылатуғын шахслар категориясы да анық белгилеп берилген. Оған бола, социаллық қәўпи үлкен болмаған, онша аўыр болмаған ҳәм аўыр жынаят ислеген жаслар бул билимлендириў бағдарламаларында қатнасады. Онда мәлимлеме технологиялары жәрдеминде жынаят ислеген шахслар бийкар етилиўи белгиленген. Жазаны орынлаў мәкемелеринде оқыў ханаларын таярлаў, санитариялық талапларға жуўап беретуғын имаратларды ажыратыў ҳәм оқыў процесин шөлкемлестириў ушын барлық зәрүр шараятты жаратыў да нәзерде тутылған.

Ҳәр қандай басламаның ҳақыйқый қәдири оның әмелий нәтийжесинде көринеди. Қабыл етилген қарарлар орынларда қалай орынланып атырғаны, белгиленген ўазыйпалар турмысқа қалай енгизилип атырғаны болса олардың нәтийжелилигин белгилейтуғын тийкарғы өлшем болып есапланады. Усы мәнисте, Қашқадәрья ўәлаятындағы жазаны орынлаў мәкемелеринде "Екинши имканият" миллий жойбары шеңберинде исленип атырған жумыслар бул басламаның әмелий көринисине айланбақта.

Ўәлаяттағы жазаны орынлаў мәкемелерине мониторинг сапарлары даўамында қамақтағылардың сақланыў шараяты, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң тәмийинлениўи, билим алыў имканиятлары және мүрәжатларын турақлы үйренип барамыз. Бүгинги күнде аймақтағы жазаны орынлаў мәкемелеринде усы жойбарды нәтийжели әмелге асырыў ушын зәрүр шөлкемлестириў шараяты жаратылған. Оқыў сабақлары өткерилетуғын ханалар заманагөй талаплар тийкарында үскенеленип, санитариялық нормаларға жуўап беретуғын имаратлар ажыратылған. Шынығыўлардың белгиленген бағдарламалар тийкарында шөлкемлестирилиўи жаслардың билим алыўы ушын қолайлы орталық жаратпақта.

Мониторинг процесинде жаслар менен қызғын сәўбетлердиң шөлкемлестирилиўи де үлкен әҳмийетке ийе. Мине усындай ушырасыўлардың биринде Дилшод исмли жигит пенен сөйлестик. Оның сөзлеринде өкиниш пенен бирге ертеңги күнге үмит те анық сезилип турды.

- 23 жастаман. Жаслық етип қәтеликке жол қойдым. Бул мәкемеге келгениме дерлик еки жыл болды. Бул жерде барлық шараят бар, бирақ ўақыт жүдә әсте өтеди. Китапханадағы дерлик барлық китапты оқып шықтым. Ең көп ойландырған мәселе азат болғаннан кейин не ислеўим, қандай турмыс баслаўым еди. Оқыўым, кәсип үйрениўим керек болған жыллар бийкар өтип атырғандай сезилди. Президентимиздиң басламасы менен "Екинши имканият" жойбары жолға қойылғаннан соң, заманагөй кәсиплерди үйрене басладық. Енди келешекке басқаша қарайман. Азатлыққа шыққаннан соң, ҳадал мийнет етип, шаңарағым ҳәм жәмийетлик исенимди ақлаў нийетинде едим, - дейди ол.

Бақлаўларға бола, билимлендириў процесине тартылған жаслардың шынығыўларға қызығыўшылығы жоқары. Олар жаңа кәсиплердиң сырын өзлестириў, шет тиллерин үйрениўге үлкен қызығыўшылық пенен қатнаспақта. Шынығыўларда белсене қатнасып атырған жаслардың өзине исеними артып, келешектеги турмыслық режелери ҳаққында анық түсиниги қәлиплесип атырғанын сезиў қыйын емес.

Қашқадәрьяда "Екинши имканият" жойбары шеңбериндеги жумыслар мине усы мақсетке хызмет етпекте. Бүгин билим ҳәм кәсип ийелеп атырған жаслар ертең жәмийетке пайда келтиретуғын, ҳадал мийнети менен шаңарағын бағыўшы, өз келешегин өз қолы менен қуратуғын белсенди пуқаралар болып қәлиплесиўи ушын зәрүр тийкар жаратылмақта. Ең әҳмийетлиси, бул процессте инсанның өзгериске умтылыўы мәмлекеттиң әмелий жәрдеми менен үнлеспекте.

Халқымыз әзелден инсан қәдирин ең жоқары түсиник сыпатында улығлап келген. Бүгин мәмлекетимиздеги реформалар мине усы ийгиликли қәдирияттың заманагөй көриниси, десек алжаспаймыз. Өмир соқпағында билип-билмей адасқанларды дүзелиў жолына қайтарыў, өз потенциалын жүзеге шығарыў ушын жол ашыў ҳәм келешегине исеним билдириў болса жәмийет раўажланыўының әҳмийетли шәртлеринен. "Екинши имканият" жойбары мине усындай басламалардан бири болды. Бундай меҳирли сиясат, әмелий қатнас себепли бүгин өмирин өзгертиўге қатаң бел байлаған жаслар ертең жәмийетимиздиң белсенди, жуўапкершиликли ҳәм пидайы пуқаралары қатарынан мүнәсип орын ийелеўине исеним және де беккемленбекте.

Лола САОДАТОВА,

Омбудсманның Қашқадәрья ўәлаятындағы ўәкили