Әне усы қатнасты әмелде жүзеге шығарып атырған әҳмийетли институтлардан бири болса, әлбетте, "Эл-юрт умиди" қоры болып есапланады.

Президентимиздиң 2025-жыл 5-май күни қабыл етилген пәрманына муўапық, қор Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Перспективалы кадрларды таярлаў бойынша "Эл-юрт умиди" қоры етип қайта шөлкемлестирилди. Оның тийкарғы ўазыйпалары жоқары маманлықтағы, заманагөй пикирлейтуғын, ўатансүйиўши кадрларға зәрүрликти анықлап барыў, талабанларды министрлик, уйым ҳәм стратегиялық тармақлардың анық талаплары тийкарында профессионал бағдарлаў және сырт елден қайтқан стипендиатларға мүнәсип жумыс орынларын ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў системасын жаратыў болып есапланады.

Пәрман тийкарында және бир әҳмийетли баслама алға қойылмақта. Яғный, 2025-жыл 1-сентябрьден баслап тек ғана жаслар емес, ал министрлик, уйым, экономика тармақлары кәрханалары арасынан мақсетли стажировкаға жиберилетуғын талабанлардың дизими қәлиплестириледи. Мақсетли стажировкаға жиберилетуғын қәнигелердиң стажировка өтеўде зәрүр болатуғын шет тилин үйрениўи ушын министрлик, уйым ҳәм экономика тармақларының стратегиялық кәрханалары тәрепинен тийисли шараятлар жаратып бериледи.

Сондай-ақ, бакалавриат, магистратура ҳәм докторантура бағдарламалары бойынша билим алыў ушын ең мүнәсип талабанларды таңлап алыў мақсетинде Өзбекстан Президентиниң "Эл-юрт умиди" стипендиясы енгизиледи. Бул стипендия жеңимпазлары ашық таңлаў тийкарында тест сынақлары ҳәм сәўбетлесиў өткериў арқалы анықланады. Тест сынақларында талабанлардың интеллектуаллық, таллаў ҳәм креативлик қәбилетлери және психологиялық турақлылығы баҳаланады.

Дүньяда сырт елде билим алыўды қоллап-қуўатлайтуғын көплеген грант бағдарламалары бар. Олардың арасында Fulbright (АҚШ), Chevening (Уллы Британия), DAAD (Германия), МEХТ (Япония), CSC (Қытай), GKS (Қубла Корея) ҳәм Erasmus Mundus (Европа Аўқамы) сыяқлылар жаслар ҳәм илимий изертлеўшилер арасында бирқанша белгили. Бирақ бул бағдарламалар тийкарынан қәбилетли сырт елли студентлерди өз мәмлекетлерине тартыўды мақсет етеди, яғный олардың тийкарғы стратегиясы “talent attraction” моделине тийкарланған.

"Эл-юрт умиди" қорының өзине тән тәрепи сонда, бул система “talent development and return”, яғный қәбилетли пуқараларды сырт елде оқытып, оларды мәмлекетке қайтарыў ҳәм потенциалынан пайдаланыўға тийкарланған ишки модель тийкарында ислейди. Бул жағынан оны Сингапурдың “Public Service Commission Scholarships”, Саудия Арабстанының “King Abdullah Scholarship Program” сыяқлы жойбарлары менен салыстырыў мүмкин.

Жоқары маман кадрларды таярлаўда материаллық қоллап-қуўатлаў менен бирге, олардың академиялық еркинлиги де әҳмийетли фактор болып есапланады. Жаңа редакциядағы Конституцияда биринши мәрте академиялық еркинлик кепилленген болса да, бул принципти турмысқа енгизиў илимий излениўлер жолында еркин пикирлей алатуғын стипендиатлар таярлаў арқалы әмелге асырылады. "Эл-юрт умиди" қоры тәрепинен сырт елде оқып атырған стипендиатлар, әсиресе, илимий дәреже алып атырған жаслар илим, таллаў ҳәм инновациялар тараўында еркин қарар қабыл етиў ҳәм сын көзқарастан пикирлеў көнликпесине ийе болыўы арқалы бул еркинлик принципиниң әмелдеги үгит-нәсиятлаўшыларына айланыўы мүмкин. Усы мәнисте қордың жумысына тек ғана кадрлар сиясатының әҳмийетли буўыны емес, ал академиялық еркинликти беккемлеўши қурал сыпатында қараў керек.

Усы ҳәм басқа да тәреплери менен "Эл-юрт умиди"н тек ғана грант емес, ал мәмлекетимиздиң ертеңги күни ушын үлкен инвестиция, десек орынлы болады. Келешектеги режели ҳәрекетлер болса қорды тек ғана талантларды раўажландырыўшы емес, ал академиялық еркинликти тәмийинлеўши, халықаралық абырайды арттырыўшы миллий институт сыпатында жетилистириўге хызмет ететуғыны сөзсиз.


Умид СОБИРОВ,

Ташкент мәмлекетлик юридика университети оқытыўшысы,

Пенсильвания университети магистры