Бундай машқала жақын жылларға шекем болған. Адамлар тийкарынан сол себепли электромобиль сатып алыўға асықпады. Сатып алғанлар да оны тек көзабаға ғана айдап жүргенин, көбирек үйде "саўлат төгип" туратуғынын, узақ жолларға болса дерлик пайдаланылмайтуғынын еситкенбиз, көргенбиз. Яғный, әсиримиздиң ең заманагөй ҳәм экологиялық таза транспорт қуралларынан бири болған электромобиллердиң 2016-жыллардан кейин Өзбекстанға жедел кирип келиўи қандай да бир мәниде күтилмеген ҳалда жүз берди ҳәм мәмлекетте елеге шекем оған сай шараят жаратылмаған еди. Сол себепли, көпшиликти бирден қызықтырған, бирақ сатып алыўға еки ойлы еткен электромобиллерге тек ғана қала ушын мөлшерленген автомобиль сыпатында қаралып басланды. Себеби узақ жолға шыққан жағдайда оны қуўатландырыў машқаласы көлденең турады.
2019-жылдан елимизде "жасыл экономика"ға өтиў ҳәрекетлери басланды. Бул не дегени? Бул мәмлекетте "жасыл", яғный экология ушын зыянсыз технологияларды ғалаба ен жайдырыў ҳәрекети дегени. Елимиз көшелеринде электромобиллер санын арттырыў ўазыйпасы да соның бир бөлеги еди. Себеби бул автомобиллер эекологиялық тазалығы жағынан атмосфера ушын пүткиллей зыянсыз болып, бензин ҳәм басқа да зыянлы газлерде ҳәрекетленетуғын транспорт қуралларынан пайдалырақ. Олардың пайдалы тәреплери ҳаққында узақ тоқтап өтиў мүмкин. Бирақ биз көтерип атырған тема басқа.
2020-жылдан кейин мәмлекетимизге ҳәр қыйлы электромобиллерди импорт етиў жеделлести. Бул бағдарда исбилерменлерге айырым жеңилликлер берилгени есабынан автосалонлар усындай түрдеги транспорт қуралларына толды. Қарыйдарлардың таңлаў имканияты кеңейип, сатып алыўға қызығыўшылығы артып баслады. Қалаберди, оннан алдын санаўлы алып келинген электромобиллер елимиз көшелеринде ҳәрекетленип, шараятымызға сәйкес келиўи қайсыдур мәниде сынақтан өткен еди. Енди адамлар электромобиллер ҳаққындағы надурыс гипотеза ҳәм болжаўлардан бираз қутылып, пайдаланыўға исеними артты. Нәтийжеде кейинги жыллары елимизде усы түрдеги автомобиллердиң саны 10 есеге өсти. Ҳәттеки, Жиззақтағы заводта электромобиллер ислеп шығарыў жолға қойылды.
Мине енди жоқарыдағы мәселе - электромобиллерди қуўатлаў станцияларына қайтсақ. Өткен жылғы мағлыўматларға қарағанда, елимизде электромобиллердиң саны 35 мыңға жеткен. Бүгинги күнде бул санлар және де артқаны анық. Хош, оларды қуўатлаў станциялары ше? Бул ҳаққындағы статистикалық санларды излегенимде, узақ излеўге зәрүрлик болмады. Жақында бул бойынша рәсмий мағлыўмат жәрияланған екен. Онда усы жылдың 1-май жағдайына бола, Өзбекстанда электромобиллерди қуўатлаў станцияларының саны 1400 ге жеткени келтирилген. Елимиз бойлап бул станциялардан 92 мың адам пайдаланбақта.
Салыстырғанда, станциялар саны бир жыл ишинде 2,5 есеге артқанын көриў мүмкин. Олардың 70 проценти Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятына туўра келеди. Демек, басқа аймақларда қуўатлаў станцияларын орнатыў көрсеткиши 30 процентке жеткен. Егер бул бағдардағы жумыслар 2020-жылдан кейин басланғанын есапқа алсақ, нәтийже онша жаман емес. Қалайда электромобили бар танысларымыз алыс ўәлаятларға барыў процесинде жолда қуўатлаў станцияларынан пайдаланыў имканияты бар екенлигин атап өтпекте.
Қалада да, оннан сыртта да ҳәр қәдемде бензин ямаса газ қуйыў шақапшаларына дус келемиз. Дурыс, олар бир неше он жыллар даўамында пайда болған ҳәм жанылғыда ҳәрекетленетуғын транспорт қуралларының көплиги зәрүрликти жүзеге келтиреди. Бирақ енди ҳәр қәдемде электромобиллерди қуўатлаў станциялары да болыўы керек. Себеби ҳәзир заман әдеўир жеделлести. Кейинги бир неше жылдың өзинде электромобиллер санының он есеге артқаны қуўатлаў станцияларын соған жараса көбейтиўди талап етеди. Буның ушын ҳуқықый тийкарлар жаратылып, механизм жедел жолға қойылса болғаны.
Жақсы хабарлардан бири сонда, усы жылы елимиз бойлап 21 мың 548 қуўатлаў станциясын орнатыў нәзерде тутылған. Яғный 2025-жыл 1-февральдан мәмлекетлик мәкемелер, мийманханалар, бизнес орайлар, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў шақапшалары, халықаралық ҳәм мәмлекетлик әҳмийетке ийе автомобиль жоллары инфраструктурасы объектлери жойбарларында тоқтаў орынларының кеминде 5 проценти электромобиллерди қуўатлаў станциялары менен үскенелениўи керек. Бул Министрлер Кабинетиниң өткен жылы 1-ноябрьде қабыл етилген тийисли қарары менен белгиленди. Онда 2024-2025-жыллары электромобиллерден пайдаланыў инфраструктурасын кеңейтиўдиң қосымша илажлары нәзерде тутылған.
Өзимиздиң өним әдеўир арзан ҳәм сапалы
Қоңсыма ҳәўес еткеним ушын ба, өзим де еки жыл алдын электромобиль сатып алдым. Ашығын айтсам, елеге шекем қуўатлаў станциялары менен байланыслы киши машқалаларға дус келемен. Яғный мен пайдаланатуғын киловатттағы қуўатлаў станциялары қаланың ҳәмме жеринде де бар емес ҳәм әдетте үйимнен бир неше километр узақлықтағы мәнзилге алып бараман. Үлкен имараттың ишки “парковкасы”на оннан аслам қуўатлаў станциясы орнатылған. Бирақ күнниң қайсы ўақтында бармаң, бәрқулла электромобиллер менен толы болады. Орынды бәнтлеў ушын биреўдиң пайдаланып болыўын күтиўге туўра келеди.
Сол себепли, жоқарыдағы қарарды оқығанымнан-ақ, енди қуўатлаў станцияларының саны көбейетуғыны ҳәм жақын мәнзиллерде де пайда болатуғынынан қуўандым. Басқа тәрептен, процессте жергиликли ислеп шығарыўшыларға кең жол ашылады. Бираз алдын өзимиздеги айырым кәрханаларда электромобиллерди қуўатлаў станциялары жергиликли шараятта жыйналатуғыны ҳаққында еситкен едим. Сорастырып, бундай қурылмаларды толық өзимизде ислеп шығарып атырған кәрханалар бар екенлигинен хабар таптым. Елимиз бойлап орнатылған қуўатлаў станцияларының ҳәммеси Қытайдан импорт етилмеген, олардың арасында өзимизде ислеп шығарылғанлары да бар.
Бул ҳаққында еситиўден-ақ фотограф шеригимди алып жергиликли кәрханалардың бирине қарай жол алдық. Жумыс орнымыздан онша узақ болмаған мәнзил - Мирабад районында жайласқан “Toshelectroapparat” сырт ел кәрханасында бизди бөлим баслығы Умид Аҳмадов күтип алды. Имарат ҳәўлисине кириўимиз бенен гүрриңимиз басланып кетти. Көринисинен көп жыллық кәрхана екени билинип тур. Умид аға да буны тастыйықлап, кәрхана 80 жыллық тарийхқа ийе екенин айтты. Төрт мыңнан аслам адам мийнет етеди, тийкарынан, электромонтаж қурылмалары, подстанциялар, станциялар, күш трансформаторлары, қуяш панельлери, инверторлар, төмен күшлениўли электр двигательлери ушын частотаны қадағалаў үскенелери, көше жарытқышлары ҳәм электр есаплағышлар ислеп шығарылады. Умид ағаның гәпин жуўмақлаўдан алдын "Қалайынша усындай ески кәрханада ең заманагөй қурылмалардан бири - қуўатлаў станциялары ислеп шығарылады?", деген сораўды бериўге берип едим, кейин тосаттан соны сорағаныма қысынып қалдым.
- Тап бизики сыяқлы узақ жыллық, үлкен қуўатлылыққа ийе кәрханалар ғана бундай қурылмаларды ислеп шығарыў имканиятына ийе, - дейди салмақлы түрде жолдасымыз. - Бул бағдардағы жойбар мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 30-майдағы тийисли қарары менен әмелге асырылды. Кәрхана тәрепинен инвестиция киргизилип, 2019-жылдың биринши ярымында заманагөй қуўатлаў станцияларын ислеп шығарыў басланды. Жойбардың улыўма баҳасы 2 миллион доллар болып, жылына 1200-1500 қуўатлаў станциясын ислеп шығарыўға мөлшерленген. Бундай қурылмаларды жергиликли шараятта таярлаў бойынша алдын елимизде тәжирийбе жоқ еди, қәнигелер де жоқ еди. Сонлықтан, процессте Қытай тәжирийбеси үйренилип, заводқа қытайлы қәнигелер алып келинди. Бизиң кадрлар да Қытайға барып, реал жумыс процесслеринде тәжирийбе арттырып қайтты. Усы тәризде заводымызда электромобиллерди қуўатлаў станцияларын ислеп шығарыў басланды.
Кәрхананың өндирис бөлимлерине кириўде заманагөй дезинфекциялаў үскенелеринен өттик. Талап әдеўир жоқары екен, ҳәтте фотографқа аппарат шырағын жақпаў айтылды. Жумысшы хызметкерлер де арнаўлы кийимлерде. Қуўатлаў станцияларын ислеп шығарыўдың бир неше басқышлары менен таныстық. Дәслеп алып келинген темир шийки затына лазерли станокларда арнаўлы бағдарлама жәрдеминде ислеў берилип, керекли формаға келтириледи. Үстиңги бөлеги таяр болганнан кейин, ишки бөлеги териледи ҳәм ҳәммеси жыйнап алынады. Соң лаборатория тексериўлеринен өткериледи. Қурылмалар ушын зәрүр сапа сертификатлары алынған. Өним тийкарынан буйыртпа тийкарында ислеп шығарылады. Өткен жылы 200 ден аслам қуўатлаў станциясы тутыныўшыларға жеткерилген. Усы жылы буйыртпалар бираз көп - жылдың ақырына шекем 15 мың қурылманы жеткерип бериў бойынша келисилген. Август айларында биринши партиядағы 5 мың зарядлаў станциясы шығарылады. Яғный жоқарыда атап өткенимиздей, усы жылы елимиз бойынша қуўатлаў станцияларының санын 21 мыңнан асламға жеткериў режеси усындай кәрханалардың да жумыс нәтийжелилигин арттырмақта. Жергиликли қурылмаларға талап артқан.
Машинаны үйде қуўатландырған мақул ма ямаса...?!
Заводта 3,5 киловатттан 160 киловаттқа шекемги қуўатлықтағы зарядлаў станциялары ислеп шығарылады. Әпиўайы етип түсиндирип айтқанда, әмелде бар еки түрдеги - тез ҳәм әсте қуўатландырыўшы станциялар таярланады. Усы жылдан 240 киловатт қуўатлылықтағы қурылмалар ислеп шығарыў режелестирилген. Бул да әне усы станциялардың бир түри.
Локализациялаў дәрежеси болса ҳәр қыйлы. Қәнигениң айтыўынша, ҳәзирги күнде заводта 3,5 киловатттан 20 киловаттқа шекемги қуўатлылықтағы зарядлаў станциялары толық локализацияланған ҳәм бул көрсеткиш 95 процентке жеткен. 20 киловатттан жоқары қуўатлылықтағы станциялар болса 35 процент локализацияланған болып, Қытайдың “Teld” компаниясы менен биргеликте ислеп шығарылады. Себеби, бул түрдеги қурылмалардың ишки бөлеги ушын зәрүр шийки зат материаллары еле өзимизде жоқ ҳәм тийкарынан Қытайдан алып келинеди. Бирақ жақын жылларда оны да локализациялаў нәзерде тутылған.
Буннан соң Умид аға бизди елимиз шараятында ислеп шығарылып атырған қуўатлаў станциялары менен таныстырды. Қурылмалардың сулыў, ықшам ҳәм өзине тән реңлердеги көриниси бирден итибарымды тартты. Шынында да, базарда көрсеңиз, анық сырт ел өними, деген түсиникке келесиз. Себеби өним сырт елдикинен ҳеш қалыспайды. Бирақ қарыйдар көбирек оның сапасына қызығыўы анық. Маған салса, ҳәзир өзимизде ислеп шығарылған десе, бурынғыдай бетимди жыйырмайтуғын болдым. Себеби, ишки базарда бәсекиниң артыўы жергиликли санаатты сезилерли раўажландырды. Енди исбилерменлер сан ушын емес, сапа ушын ислемекте.
- Мәселен, 240 киловаттлы супер тез зарядлаў станцияларының көриниси ықшам, габарит жағынан киши исленген, - деп түсиндирди Умид Ахмадов. - Система блогы 10 терминалдан ибарат, бул дегени бир ўақыттың өзинде 10 электромобилди қуўатландырыў мүмкин. Электр көлеми ҳәм электромобилдиң аккумулятор қуўатына қарап 20 минуттан 1 саатқа шекем ўақыт аралығында зарядлап береди. Станциялардың қәўипсизлик дәрежелери жоқары тексериўлерден өткериледи. Улыўма жумыс ислеў температурасы минус 40 градустан плюс 65 градусқа шекем белгиленген. Бул ҳәр қандай қолайсыз ҳаўа-райы шараятында қәўипсиз ислейди, дегени. Қурылманың өзине 2 жылға шекем, пайдаланыў мүддети ушын болса 10 жылға шекем кепиллик бериледи. Көбинесе қарыйдарлар бундай станцияларды Қытайдан алып келиў өзимиздикин сатып алыўға қарағанда арзан түсетуғынын айтады. Бул жерде гәп өним сыпатында. Ҳәзир Қытайда зарядлаў станцияларын ислеп шығаратуғын мыңлаған кәрхана бар ҳәм ислеп шығарыў тийкарынан үш түрде - эконом, стандарт ҳәм премиум категорияда болады. Тилекке қарсы, исбилерменлеримиз ең арзан қурылмаларды алып келеди де, 6 ай өтпей истен шығып қалғанын айтады. Хызметтен пайдаланыў ушын қытайлыларды шақырыў керек, бул болса көп ўақыт ҳәм үлкен қәрежет талап етеди. Премиум категориядағы өнимлердиң баҳасы болса сырт елде де арзан емес. Биз ислеп шығарып атырған өнимлер мине усы жоқары категорияға киреди. Қытайдың тап усындай сапалы өними менен салыстырғанда, бизде әдеўир арзан. Қалаберди, сапаға, ислеў мүддетине, ҳүжжетлерине кепиллик бериледи.
Тийкарғысы, сервис хызметлери кәрхана қәнигелериниң өзлери тәрепинен ең қысқа мүддетлерде көрсетиледи. Бул ең әҳмийетли тәреплерден болып, жергиликли санаатты раўажландырыўдан гөзленген мақсетлерден бири де сол. Қалаберди, жергиликли базарда бәсекиниң артыўы өзине түсер баҳаның төменлеўине хызмет етиўи керек. Сонда бул бағдардағы исбилерменлердиң саны және де артады.
Заводта үй шараятында пайдаланыўға мөлшерленген 7 киловаттлы қуўатландырыў станциялары да ислеп шығарылады. Габариты ықшам, пластик корпус ҳәм бир пистолетли әжайып қурылманы дийўалға ямаса арнаўлы бағаналарға орнатыў мүмкин. Ҳәтте машина жүкханасына аңсат ғана жайластырыў қолайлы. Бул дегени, қурылмадан қәлеген жерде ҳәм ўақытта пайдаланыў мүмкин, барлық қорғаў қәўипсизлиги көрип шығылған. Қурылманың ишки схемасынан баслап сыртқы бөлимлерине шекем толық өзимизде ислеп шығарылып атыр. Әпиўайы етип айтқанда, толығы менен өзимиздиң өним!
Және жеке қызығыўшылығым басым келип, бирден баҳасын сорадым. Рәсмий дилерлик дүканларында бул қурылма 4-5 миллион сумға сатылады екен. Соннан биреўин үйиңизге орнатып қойсаңыз, қурылма бос турған ўақытлары қоңсыларға да пайдаланыўға берип, киши бизнес ислеўиңиз мүмкин. Электромобиль тез қуўатлаў қурылмасында 0,5-1 саатта қуўатланса, үй шараятында 7-8 саат турыўына туўра келеди. Себеби станцияның қуўатлылығы соны талап етеди. Егер ўақыт биймәлел болса, үйде қуўатландырыў қолайлы, бирақ ҳәзирги әмелдеги электр энергиясы ушын төлем тарифлери менен бул онша пайдалы емес. Себеби электромобилди бир мәрте зарядлаўдың өзинде 200 киловаттлық социаллық нормадан асып кетеди. Сол себепли, бул бағдарда да оптимал шешимлер үстинде жумыс алып барылмақта. Өткен жылы электромобилди үйде қуўатлаўды хошаметлеўши түнги тариф енгизилетуғыны айтылған еди.
Жергиликли қурылманы ғалаба орнатыў басланған
Электромобиль қуўатлаў станцияларынан пайдаланғанда, қурылманың қай жерде ислеп шығарылғанына ҳеш итибар бермейди екенмен. Бирақ жазыўлар қытай ямаса инглис тилинде екенлигин көрдим. Не ушын сол қурылмалардың айырымлары көп ўақыттан берли ислемей турғанын енди түсиндим. Исбилермен Қытайдан қәнигелер келип, оңлап бериўин күтип атырған болса керек. Соларды ойлап, жергиликли өним бираз қолайлы екени, сапасы ҳәм сервис хызметин қәлеген ўақытта талап етип алыў имканияты бар екени ҳаққында ойладым.
- Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде 2024-жыл январь айынан елимиз бойлап өзимизде ислеп шығарылған қуўатлаў станцияларын ғалаба түрде орнатыў басланған, - дейди Умид Аҳмадов. - Бүгинги күнге шекем Қарақалпақстан, Ташкент қаласы ҳәм республикамыздың барлық ўәлаятларында жәми 78 қуўатлаў қурылмасы орнатылған болып, олардың тийкарғы бөлеги өз алдына подстанциялар ҳәм энергия үнемлеўши трансформаторлар менен тармаққа жалғанған. Қуўатлаў қурылмаларын аралықтан басқарыў ушын болса кәрхана инженерлери тәрепинен арнаўлы мобил қосымша ҳәм басқарыў системасы жаратылған. Программалық тәмийнат арқалы станциялардың ислеўи, жағдайы бақлап барылады. Техникалық хызмет көрсетиў зәрүрлиги болса, инженер орнына барып, қурылманың жағдайын тексерип, зәрүр сазлаў жумысларын орынлайды.
Жергиликли зарядлаў станцияларынан пайдаланыўдың халық ушын да қолайлықлары бар. Олар Мәмлекетлик салық комитетиниң фискал чеклери операторының бирден-бир системасында дизимге алынған, QR кодлар тийкарында сashback алыў имканияты жаратылған.
Булар ҳаққында билгеннен соң, жергиликли зарядлаў қурылмаларынан пайдаланыўды мақсет еттим. Арнаўлы мобил қосымшаны жүклеп алып, станциялар жайласқан мәнзиллерди белгилеп қойдым. Себеби, қәнигениң айтыўынша, бул қурылмаларда электромобилди қуўатлаў баҳалары да салыстырмалы түрде арзан. Тийкарғысы, электромобили бар адамларды енди қуўатлаў станциялары машқаласы ойландырмайды, деп үмит етемен. Қалайда талапқа жараса усыныс бериўге кирискен.
Ирода ТОШМАТОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы