баннер
27 Apr 2025
04:56

    Енди спорт майданшасын қурыў ушын халық даўыс береди

    Президент пәрманы менен спорт мектеплериниң хызметкерлериниң базалық тариф ставкасына үстеме төлеп барыў тәртиби жетилистириледи.

    "Жаслар сиясаты ҳәм спорт тараўында мәмлекетлик басқарыў жетилистирилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-226-санлы, 24.12.2024-ж.) қабыл етилди

    Пәрманға бола, айырым ҳүжжетлерге төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди:

    спорт мектеплериниң хызметкерлериниң базалық тариф ставкасына үстеме төлеп барыў тәртибин жетилистириў;

    спорт майданшалары қурылатуғын мәҳәллелерди халық тәрепинен даўыс бериў жолы менен анықлаў тәртибин белгилеў;

    спорт майданшаларын қурыў ҳәм оларды мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртибин жетилистириў;

    жаслар сиясаты ҳәм спорт тараўындағы айырым әмелдеги пәрман ҳәм қарарлардан ескирген ҳәм тәкирарланыўшы нормаларды шығарып таслаў және ҳуқықый бослықларды сапластырыў.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech