"Жаслар сиясаты ҳәм спорт тараўында мәмлекетлик басқарыў жетилистирилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-226-санлы, 24.12.2024-ж.) қабыл етилди

Пәрманға бола, айырым ҳүжжетлерге төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди:

спорт мектеплериниң хызметкерлериниң базалық тариф ставкасына үстеме төлеп барыў тәртибин жетилистириў;

спорт майданшалары қурылатуғын мәҳәллелерди халық тәрепинен даўыс бериў жолы менен анықлаў тәртибин белгилеў;

спорт майданшаларын қурыў ҳәм оларды мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртибин жетилистириў;

жаслар сиясаты ҳәм спорт тараўындағы айырым әмелдеги пәрман ҳәм қарарлардан ескирген ҳәм тәкирарланыўшы нормаларды шығарып таслаў және ҳуқықый бослықларды сапластырыў.