баннер
25 Apr 2025
15:04

    Францияда "Илим ҳәм билимлендириў: Өзбекстан - Франция көпири" темасында биргеликтеги конференция болып өтти

    Усы жылдың 10-март күни Францияның Париж қаласында "Илим ҳәм билимлендириў: Өзбекстан - Франция көпири" атамасындағы биргеликтеги конференция өткерилди.

    Атап өтилиўинше, конференцияда Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов ҳәм Франция Республикасы Жоқары билимлендириў ҳәм изертлеўлер министри Филипп Батист, сондай-ақ, Франция ҳәм Өзбекстанның 30 дан аслам жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшылары қатнасты.

    Илаж шеңберинде қоспа билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, профессор-оқытыўшылардың маманлығын арттырыў, студентлер алмасыўын кеңейтиў бойынша 20 дан аслам жоқары оқыў орынларыаралық шәртнамаларға қол қойылды.

    Күнниң биринши ярымында Париждеги Изертлеўшилер ҳәм студентлер қалашасында Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген IV “Science NEXT: жас илимпазлар нетворкинг" илажы болып өтти. Бул форумда Өзбекстан ҳәм Франциядан жас илимпазлар, стартапшылар, ойлап табыўшылар және илимий ҳәм инновациялық тараўдағы жетекши қәнигелер қатнасты.

    Илажды Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов кирис сөз бенен ашып, мәмлекетимизде жас илимпазлар ҳәм изертлеўшилерге жаратылған имканиятлар ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, Францияның Париж халықаралық университет қалашасындағы Ил-де-Франц дөретиўшилик үйиниң директоры Франческо Торрини өзиниң презентациясын өткерди.

    Сондай-ақ, форум шеңберинде Жаслар академиясының басшысы Акбархон Собирхонов "Өзбекстанда жас илимпазлар, ойлап табыўшылар ҳәм инноваторларға жаратылған имканиятлар" атамасында презентация өткерип, бүгинги күнде жас илимпазларға ажыратылған грантлар, илимий жойбарлар ҳәм стартапларды қоллап-қуўатлаў механизмлери ҳаққында мағлыўмат берди. Сондай-ақ, қатнасыўшыларға Өзбекстан Жаслар академиясының жумысы ҳаққында видеоролик усынылды.

    Илаж жуўмағында Өзбекстан ҳәм Франция жас илимпазлары арасында еки тәреплеме бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойылды, сондай-ақ, Өзбекстанлы жас илимпаз-ўатанласларды Жаслар академиясына ағзалыққа қабыллаў мәресими өткерилди.

    Күнниң екинши ярымында болса Париж қаласындағы “InterContinental Paris — Le Grand” мийманханасында Өзбекстан ҳәм Франция арасындағы билимлендириў, илим ҳәм инновация тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған халықаралық конференция болып өтти.

    Онда Франция ҳәм Өзбекстанның билимлендириў, илим, инновация тараўларындағы жетекши қәнигелери, ректорлар, изертлеўшилер ҳәм абырайлы университетлердиң ўәкиллери қатнасты.

    Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққындағы видеоролик көрсетилгеннен соң, илаждың жалпы мәжилиси басланды.

    Франция Республикасы Миллий билимлендириў, жоқары билимлендириў ҳәм изертлеўлер министрлигиниң жоқары билимлендириў ҳәм изертлеўлер министри Филипп Батист, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов, Өзбекстан Республикасының Франциядағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Нодир Ғаниев ҳәм Франция Республикасының Өзбекстандағы билимлендириў бойынша регионаллық атташеси Серж Беллини өзлериниң шығып сөйлеген сөзлери менен конференцияны ашып берди.

    Сондай-ақ, илаждың екинши бөлиминде үш бағдар бойынша сессиялар өткерилди:

    "Өзбек-Француз университети" темасындағы сессияда Өзбекстан ҳәм Франция университетлери арасында билимлендириў ҳәм мәдений бирге ислесиўдиң стратегиялық перспективалары додаланды.

    "Илимий-техникалық бирге ислесиў" темасындағы сессияда инновациялық билимлендириў, социаллық-гуманитарлық пәнлер ҳәм энергетика тараўларында бирге ислесиў перспективалары додаланды.

    "Мәдений мийрас ҳәм туризм" темасындағы сессияда Франция ҳәм Өзбекстанның мода санааты, тарийхый мийрасты сақлаў ҳәм раўажландырыў бағдарындағы бирге ислесиў мәселелерине итибар қаратылды.

    Илаж соңында "Өзбек модасы: дәстүрлер ҳәм илҳам шыңлары" атамасында миллий либаслар көргизбеси шөлкемлестирилди. Бул халықаралық конференция Өзбекстан ҳәм Франция арасында билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратты.



    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech