Бүгинги күнде энергетика системасының раўажланыўы Өзбекстан экономикасының турақлы өсиўиниң тийкарғы факторларынан бири екени атап өтилди. Энергия тутыныўының артыўы шараятында қуўатлықларды кеңейтиў ҳәм модернизациялаў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин жедел енгизиў айрықша әҳмийетке ийе.
Онда гидроэнергетика айрықша орын ийелейди. Ол турақлы электр энергиясын ислеп шығарыўды тәмийинлейди, экологиялық таза ҳәм нәтийжели. Кейинги жылларда тараў жедел раўажланып, мәмлекет экономикасының таяныш бағдарларынан бирине айланып бармақта.
Жаңа гидроэлектр станцияларын қурыў ҳәм бар қуўатлықларды модернизациялаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жойбарлар энергетика потенциалын тек ғана ҳәзирги дәрежеде сақлап қалыў емес, ал избе-из арттырып барыў имканиятын бермекте. Соның ушын "Өзбекгидроэнерго" АЖның жумысы стратегиялық әҳмийетке ийе.
Президентимиздиң басламасы ҳәм пәрманына муўапық 2017-жылы "Өзбекгидроэнерго" акционерлик жәмийети шөлкемлестирилди. Бул қарар гидроэнергетика тармағын системалы раўажландырыў, бар потенциалдан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жаңа өндирислик қуўатлықларды шөлкемлестириўде әҳмийетли қәдем болды. Компания шөлкемлестирилген ўақытта республикамызда улыўма қуўатлылығы 1604 мегаватт болған 36 гидроэлектр станциясы жумыс алып барған. Кейинги жыллардың өзинде тармақ әжайып өсиў динамикасын көрсетти.
Инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде өндирис қуўатлықлары 800 мегаваттқа артып, улыўма көрсеткиш 2400 мегаваттқа жетти. Соның менен бирге, гидроэлектр станцияларының саны 100 ден артқаны тараўдың кең көлемли трансформацияланып атырғанынан дәрек береди.
Есап бериў дәўиринде 13 ислеп турған гидроэлектр станциясы модернизацияланып, 64 жаңа объект иске қосылды. Тартылған инвестициялардың улыўма көлеми 1,3 миллиард долларды қурағаны - тараўға болған жоқары исеним ҳәм инвестициялық тартымлылықтан дәрек беретуғын салмақлы сумма болып есапланады.
2025-жылдың жуўмағы бойынша жәмийет кәрханалары тәрепинен 6,5 млрд кВт саат электр энергиясы ислеп шығарылған. Бул көрсеткиш қуўатлылықларды кеңейтиў ҳәм объектлерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша системалы жумыслардың нәтийжеси болды. Мәмлекетлик инвестициялық бағдарлама шеңберинде 237 миллион доллар өзлестирилип, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 700 миллиард сумнан артты.
Баспасөз әнжуманында компания басшылары 2026-жылға мөлшерленген режелерди де мәлим етти. Соның ишинде, электр энергиясын ислеп шығарыў көлеми 15 проценттен артыўы күтилмекте. Инвестициялардың көлеми 264 миллион долларға, санаат өнимлерин ислеп шығарыў 935 миллиард сумға жеткерилиўи керек.
Буннан тысқары, жыл даўамында улыўма қуўатлылығы 152 мегаватт болған 15 жаңа объектти пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Бул тек ғана мәмлекеттиң энергетика системасын беккемлеў емес, ал аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе болған қосымша жумыс орынларын жаратыў имканиятын береди. Илаж шөлкемлестириўшилериниң атап өткениндей, бул мәселелерге мәмлекетимиз басшылығы тәрепинен айрықша итибар қаратылмақта, "жасыл" энергия ислеп шығарыўды көбейтиў жойбарлары болса энергетика қуўатлықларын арттырыў бойынша тийкарғы бағдарлардан бири болып қалмақта.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2025-жыл 5-декабрь күни жаңа энергетика қуўатлықлары ҳәм инфраструктура объектлерин иске қосыў ҳәм қурылысты баслаўға бағышланған салтанатлы мәресимде қатнасты.
Улыўма баҳасы 11 миллиард доллар болған 42 генерациялаўшы, сақлаўшы ҳәм ислеп шығарыўшы объект ҳәм басқа да энергетикалық инфраструктура қурылғаны мәмлекетимизде миллий энергетика потенциалын беккемлеўге қаратылған кең көлемли стратегияның бир бөлеги болып есапланады. Соның ишинде, Қарақалпақстан, Бухара, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында улыўма баҳасы 3,3 миллиард доллар болған, қуўатлылығы 3,5 мың мегаватт болған 16 қуяш, самал, ыссылық ҳәм гидроэлектр станциялары қурылады.
Олар толық қуўатлылық пенен иске қосылғаннан соң, жылына 15 миллиард кВт саат электр энергиясын ислеп шығарады. Нәтийжеде 2026-жылы елимизде ислеп шығарылатуғын "жасыл энергия"ның көлеми 23 миллиард кВт саатқа жетеди.
Әҳмийетлиси, таза энергия дерлик жети миллиард куб метр тәбийғый газдиң жумсалыўын қысқартыўға жәрдем береди. Атмосфераға 11 миллион тонна зыянлы элементлер шығарылыўының алды алынады.
Иске қосылатуғын жойбарлар арасында улыўма қуўатлылығы 1245 мегаватт болған 10 энергия сақлаў системасы бар. Бул жүклемениң ең жоқары дәўиринде тармаққа қосымша 1,5 миллиард киловатт саат электр жеткерип бериў имканиятын береди.
Сондай-ақ, 11 ири подстанция ҳәм 420 километр жоқары күшлениў тармақлары иске қосылып, энергетика системасының турақлы ислеўине хызмет етеди.
"Angren Energo"да жылына 15 мың дана трансформатор, "Uzhydropower"да 155 дана гидроагрегат ислеп шығарыўшы жаңа кәрханалар экономикаға салмақлы үлес қосады.
Тараў қәнигелериниң атап өткениндей, заманагөй гидроэнергетиканы санлы технологияларсыз әмелге асырыў мүмкин емес. Усы мүнәсибет пенен "Өзбекгидроэнерго" АЖ өз объектлерин автоматластырыў ҳәм санластырыў жойбарларын жедел әмелге асырмақта. Процесслерди жедел басқарыў ҳәм әҳмийетли мағлыўматлар тийкарында қарар қабыл етиў имканиятын беретуғын Бирден-бир ситуациялық орай шөлкемлестирилгени тийкарғы жетискенликлерден бири болды.
Буннан тысқары, суў ресурсларын онлайн мониторинг етиў системасы енгизилди. Оның ушын 4700 ден аслам автоматластырылған қадағалаў-өлшеў қурылмалары тартылған болып, жоқары дәрежедеги анықлық ҳәм исенимли басқарыўды тәмийинлейди.
Келешектеги жойбарлардың турақлы портфелин қәлиплестириў ушын компанияда "жойбарлар фабрикасы" шөлкемлестирилген. Оның шеңберинде улыўма қуўатлылығы 3,2 гигаватт болған дерлик 50 баслама бойынша шөлкемлестириўшилик-әмелий жумыслар алып барылмақта. Демек, бүгин тараўдың жыллар даўамында және де раўажланыўы ушын тийкар жаратылмақта. Бундай қатнас тек ғана раўажланыўды режелестириў емес, ал мәмлекеттиң энергетика балансындағы өзгерислерге оператив мүнәсибет билдириў имканиятын береди.
Акционерлик жәмийети жумысының нәтийжелери халықаралық майданда да жоқары баҳаланды. 2025-жылы "Өзбекгидроэнерго" АЖның кредит рейтинги ВВ дәрежесинен ВВ дәрежесине шекем көтерилди, бул компанияның финанслық турақлылығы ҳәм исенимлилигиниң артқанынан дәрек береди.
Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм қәўип-қәтерлерди басқарыў тараўындағы ең жақсы дүнья әмелиятларына сәйкесликти сәўлелендиретуғын ISO 37001 ҳәм ISO 31000 халықаралық сертификатларын алыў жоқары дәрежедеги басқарыўдың қосымша тастыйығы болды.
ESG көрсеткиши де айрықша итибарға ылайық. Акционерлик жәмийети 79 балл менен Орайлық Азиядағы ең жоқары дәрежеге ерискени оның турақлы раўажланыў принциплерине садықлығын көрсетеди.
Булардың барлығы халықаралық инвесторлардың исенимин беккемлеўге хызмет етпекте. Мәселен, АҚШ, БАӘ ҳәм Қытайдың ири финанс институтлары компания жойбарларын тиккелей қаржыландырыўға таяр екенин билдирген.
Баспасөз әнжуманы даўамында "Өзбекгидроэнерго" АЖ басшылары қатнасыўшылардың сораўларына толық жуўап берип, қосымша түсиниклер берди ҳәм алдағы режелери менен бөлисти. Бундай формат компанияның ашық-айдынлық, жәмийет ҳәм ғалаба хабар қураллары менен өз-ара бирге ислесиўге умтылыўын көрсетеди, бул болса корпоратив мәденияттың әҳмийетли элементи болып есапланады.
Бүгинги күнде Өзбекстан гидроэнергетикасы жедел өсиў ҳәм трансформация басқышында. Кейинги жылларда ерисилген жетискенликлер ҳәм келешекке мөлшерленген үлкен режелер тараў буннан былай да мәмлекеттиң энергетикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынынан дәрек береди.
Максим Черногаев,
"Правда Востока".