Конференция шеңберинде заманагөй глобал қәўип-қәтерлер, социаллық турақсызлық, қураллы келиспеўшиликлер ҳәм климат өзгерислери шараятында парламентлераралық дипломатияның роли, халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў, тынышлықты тәмийинлеў, әдил басқарыў принциплерин алға қойыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўда миллий парламентлердиң белсене қатнасыўын тәмийинлеў мәселелери додаланбақта.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева өзиниң шығып сөйлеген сөзинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алып барылып атырған демократиялық реформалар, парламент дипломатиясын раўажландырыў, сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған ҳәрекетлерге тоқтап өтти.
Сондай-ақ, усы жылдың апрель айында Ташкент қаласында өткерилген Парламентлераралық аўқамға ағза мәмлекетлердиң 150-юбилей ассамблеясының нәтийжелери жоқары баҳаланды.
Соның ишинде, Ассамблея жуўмағында қабыл етилген Ташкент декларациясы ҳәм келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў ҳәм турақлы раўажланыўға үлес қосыў мәселелерине бағышланған еки әҳмийетли резолюция глобал парламентлераралық тилеклесликтиң әмелий көриниси сыпатында тән алынды.
Конференция даўамында делегация тәрепинен бир қатар басламалар алға қойылды. Соның ишинде, келиспеўшиликлерди сиясий-дипломатиялық жол менен шешиўде парламентлердиң ролин күшейтиў, халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм БМШ Уставына тийкарланған тынышлық басламаларын кеңнен қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жас парламент ағзаларын қоллап-қуўатлаў шеңберинде болса, 2026-жылы Парламентлераралық аўқам менен биргеликте Жас парламент ағзаларының 12-Глобал конференциясын өткериў басламасы алға қойылды.
Сондай-ақ, 2025-жыл сентябрь айында Өзбекстанда Кәмбағаллықты қысқартыў бойынша халықаралық конференцияны өткериў режелестирилип атырғаны, оған сырт ел парламентлери, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм экспертлерди кеңнен тартыў нәзерде тутылып атырғаны, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.









