Гаяне Умерова өзиниң қутлықлаў сөзинде ЮНЕСКО менен бирге ислесиў Өзбекстанның гуманитар сиясатында стратегиялық әҳмийетке ийе екенин атап өтти:
- Мәмлекетимиз онда тек ғана бай мийрасты сақлап қалыў имканиятын емес, ал билимлендириў, мәденият ҳәм өз-ара ҳүрметке тийкарланған турақлы келешекти жаратыў жолын көреди, - деди ол. - Кейинги жыллары Өзбекстанда мәдений мийрасты қорғаў, соның ишинде, тарийхый қалаларды сақлаў, материаллық емес мийрасты раўажландырыў, музей коллекцияларын санластырыў ҳәм жасларды мәдений жойбарларға тартыў бойынша кең көлемли басламалар әмелге асырылды.
Күн тәртибиндеги тийкарғы темалар:
- Жаслар сиясатын раўажландырыў;
- Мәмлекет, пуқаралық жәмийети ҳәм жеке меншик сектор арасындағы шерикликти беккемлеў;
- Турақлы раўажланыў;
Инклюзивлик мәселелери.
ЮНЕСКО Бас директорының мәденият мәселелери бойынша орынбасары Эрнесто Оттоне өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстанның ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.
- Тарийхый естеликлерди қәстерлеп сақлаў, халық өнерментшилигин қоллап-қуўатлаў, мәдений туризмди раўажландырыў бойынша кең көлемли бағдарламаларды жедел әмелге асырып атырған Өзбекстанның ҳәрекетлерин жоқары баҳалаймыз. Республиканың үлгиси руўхландырады. Самарқандта биз әййемги тарийхтың ҳәзирги заман менен тутасқанын, мәдений мийрастың турақлы раўажланыў тийкарына айланып атырғанын көрдик. Әйне усындай ушырасыўлар мәмлекетлер арасында өз-ара түсинисиўди беккемлеў ҳәм тәжирийбе алмасыў, билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларында бирге ислесиўдиң жаңа түрлерин излеў имканиятын береди. ЮНЕСКО ағза мәмлекетлердиң мәдений сиясатты беккемлеў, дөретиўши экосистемаларды раўажландырыў ҳәм мәденияттан халықларды бирлестириўши күш сыпатында пайдаланыў бағдарындағы умтылысларын қоллап-қуўатлаўда даўам етеди.
Мәжилис билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларында тәжирийбе алмасыў ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа түрлерин излеўге хызмет етеди.
Ҳаким Юлдошев (сүўрети)








