Мәмлекетлер арасындағы исеним ҳәм дослықты беккемлеў, байланысларды бирге ислесиў дәрежесине алып шығыў үлкен сиясий ерк-ықрар, анық стратегиялық қәдемлерди талап етеди. Бүгин жаңа Өзбекстан мине усы жолдан исенимли бармақта. Елимиз дүнья мәмлекетлерине ашылып ғана қалмастан, исенимли дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын жедел раўажландырмақта. Кейинги жыллардағы АҚШ пенен қатнасықларымыз да тарийхый басқышқа кирип атырғаны, өз-ара байланыслардағы исеним ҳәм шын кеўиллик бирге ислесиўдиң жаңадан-жаңа бағдарларын ашып берип атырғанының гүўасы болмақтамыз.
Усы жылдың 17-19-февраль күнлери Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШ Президенти Дональд Трамптың мирәт етиўине бола усы мәмлекетке әмелий сапар менен барды. Сапарды сыртқы сиясат календарындағы гезектеги дипломатиялық сапар сыпатында баҳалаў мәселениң мазмунын толық ашып бермейди.
Өзбекстан Президентиниң Тынышлық кеңесиниң дәслепки мәжилисинде қатнасып, шығып сөйлеўи регионаллық сиясаттағы өзгерислердиң рәмзий ҳәм мазмунлы түс алып атырғанын көрсетеди. Жедел халықаралық трансформация Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық, өз-ара исеним ҳәм аўызбиршилик принциплери тийкарында қәлиплесип атырған жаңа сиясий орталықтың дүнья көлеминде қабыл етилип атырғанын аңлатады. Регионның геосиясаты ҳәм геоэкономиканың әҳмийети артып баратырғаны әне усы процесслерде айқын көринеди.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан регионаллық геоэкономиканың раўажланыў модели шеңберинде АҚШ пенен индустриал санаат, инвестициялық ҳәм институционаллық бирге ислесиўди жеделлестириўге айрықша итибар қаратпақта. Бирге ислесиўдиң мәниси тек ғана саўда көлемин арттырыў менен шекленип қалмай атыр. Тийкарғы итибар жоқары қосымша қун жаратыў, санаат кооперациясын тереңлестириў ҳәм миллий экономиканы глобал қун шынжырларына толық жалғаўға қаратылмақта. Ҳүкиметимиз тәрепинен алға қойылып атырған басламалар экономиканы шийки затқа сүйенетуғын моделден индустриал, технологияға тийкарланған ҳәм экспортқа бағдарланған экономикалық структураға алып шығыўды мақсет еткен.
Соңғы жылларда АҚШ рәсмий ўәкиллериниң Өзбекстанға жедел сапарлары, еки мәмлекет басшыларының турақлы сөйлесиўлери тосыннан емес. Жоқары сиясий дослық тән алыныўы ашық, көп векторлы ҳәм еки тәреплеме мәплерге тийкарланған экономикалық бирге ислесиўдиң әмелий нәтийжеси сыпатында көринбекте.
Усы көзқарастан, Өзбекстан - АҚШ қатнасықларының кең көлемли жаңа басқышы мәмлекетимиздиң жәҳән экономикалық системасындағы ролин қайта белгилеў, глобал қун шынжырларында пассив қатнасыўшыдан жедел субъектке айланыў ҳәм узақ мүддетли турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған сиясий ҳәм экономикалық таңлаў болып есапланады.
АҚШ пенен бирге ислесиў: санлар артындағы экономикалық мазмун
Президентимиздиң әмелий сапары шеңбериндеги сөйлесиўлерде атап өтилген экономикалық көрсеткишлер Өзбекстан - АҚШ қатнасықлары тек ғана муғдар емес, ал сапа жағынан да түп-тийкарынан өзгерип атырғанын айқын көрсетпекте. Атап айтқанда, 2017-2025-жыллар аралығында өз-ара товар алмасыў көлеми 4,7 есеге артып, 215 миллион АҚШ долларынан 1 миллиард долларға жетиўи қатнасықлар қысқа мүддетли коньюнктура шеңберинен шығып, турақлы ҳәм институционаллық тенденцияға айланғанынан дәрек береди.
Бул процессте экспорт көлеминиң 9,1 есеге өсип, 291,7 миллион долларға жетиўи Өзбекстан сыртқы саўдасында пассив қатнасыўшы статусынан жедел экспортёр статусына өтип атырғанын көрсетеди. Соның менен бирге, импорт көлеминиң 712,3 миллион долларға жетиўи мәмлекет экономикасында жоқары технологиялық үскенелер, машиналар ҳәм хызметлерге талап избе-из артып баратырғанын аңлатады. Мәмлекет ушын индустриал жаңаланыў, өндирис қуўатлықларын модернизациялаў ҳәм экономика структуралық өзгерислердиң анық белгиси сыпатында көринеди.
Инвестиция тараўындағы көрсеткишлер болса Өзбекстан - АҚШ бирге ислесиўиниң және де терең институционаллық басқышқа өткенин тастыйықлайды. АҚШтан тартылған тиккелей инвестиция ҳәм кредитлер көлеминиң 64 есеге артып, 2025-жылы 383,2 миллион долларға жетиўи бул бирге ислесиў тосыннан ямаса қысқа мүддетли емес екенлигин көрсетеди. Улыўма алғанда, 2017-2025-жыллар даўамында АҚШтан Өзбекстан экономикасына киргизилген инвестиция ҳәм кредитлер жәми 2,9 миллиард доллардан артқан. 2026-жыл 1-февраль жағдайына бола, мәмлекетимизде АҚШ капиталының қатнасыўындағы 346 кәрхана жумыс алып бармақта.
Ең әҳмийетли тәрепи сонда, экспорт қурамында хызметлер үлесиниң 81 процентке жетиўи Өзбекстан сыртқы экономикалық моделиниң шийки зат экспортына емес, ал билим, санлы шешимлер, финанслық, мәлимлеме ҳәм логистика хызметлерине сүйенип атырғанын көрсетеди. Бул глобал қун шынжырларында төмен қосымша қунлы сегментлерден жоқары интеллектуал сегментлерге басқышпа-басқыш көтерилиўге қаратылған саналы ҳәм узақ мүддетли ҳәрекет болып табылады.
Океан артынан кирип келген капитал қатнасыўындағы 350 ге шамалас кәрхананың жумыс алып барып атырғаны сыртқы көзқарастан әпиўайы статистикалық көрсеткиш сыпатында қабыл етилиўи мүмкин. Бирақ бул санлардың артында мыңлаған шаңарақлардың турақлы дәраматы, бәнтлиги, турмыс сапасы ҳәм абаданлығы жәмленген. Бул жаңа жумыс орынлары, кәсиплик өсиў имканиятлары, заманагөй билим ҳәм технологияларды өзлестириў дегени. Тәбийғый сораў туўылады: кең көлемли реформаларсыз, ашық-айдынлық сиясаты ҳәм жедел ҳәрекетлерсиз сонша сырт ел кәрханаларын тартыў мүмкин бе еди? Бул әмелде мүмкин емес.
Кейинги жыллары экономика тараўында әмелге асырылған кең көлемли реформалар мине усы нәтийжелердиң тийкарғы дәреги болып есапланады. Нызам үстинлиги, институционаллық турақлылық ҳәм ашық экономикалық сиясат пуқаралық жәмийетиниң избе-из раўажланыўы ушын да беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Усы мәнисте, АҚШ пенен экономикалық бирге ислесиўге байланыслы бул көрсеткишлер әпиўайы есабат санлары емес, ал Өзбекстан экономикасының жаңа раўажланыў басқышына көтерилип атырғанын, жәҳән экономикалық системасында өз орнын барған сайын беккемлеп атырғанын сәўлелендириўши стратегиялық индикаторлар сыпатында баҳаланыўы керек.
Институционаллық бирге ислесиў ҳәм қосымша қун жаратыў
Ҳаўа логистикасын раўажландырыў идеясы теориялық усыныс емес, ал мәмлекет басшысы дәрежесинде алға қойылған ҳәм халықаралық бирге ислесиўшилер тәрепинен тән алынған әмелий бағдар екенин айрықша атап өтиў керек. Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысының АҚШқа алдынғы жоқары дәрежедеги сапары ўақтында “Uzairways” ҳәм “Doeing” компаниялары арасында самолётларды жеткерип бериў бойынша шәртнамаға қол қойылғаны ҳәм бул қарар унамлы баҳаланғаны мәмлекетимиздиң авиациялық потенциалына исенимниң айқын көриниси болды. Бул тән алыў Өзбекстанның тек ғана жолаўшы тасыўшы мәмлекет емес, ал регионаллық ҳәм трансконтинентал ҳаўа логистикасы хабы сыпатында қәлиплесиў имканиятына ийе екенин көрсетеди.
Авиапаркти жаңалаў ҳәм кеңейтиўге қаратылған бул қарар стратегиялық жақтан ҳаўа жүк логистикасын диверсификациялаў, халықаралық жүк тасыўшы жөнелислерди ашыў ҳәм узақ базарлар менен тиккелей байланысларды жолға қойыў ушын беккем инфраструктуралық тийкар жаратады. Әсиресе, АҚШ пенен тиккелей ҳаўа жүк байланысларын раўажландырыў көзқарасынан бул ҳаўа кемелери парктың техникалық имканиятлары, қәўипсизлик стандартлары ҳәм халықаралық сертификатларға сәйкеслиги шешиўши әҳмийетке ийе.
Бул қарарды ҳаўа транспорты тараўындағы өз алдына сатып алыў сыпатында емес, ал геоэконмикалық стратегияның ажыралмас бөлеги сыпатында баҳалаў мақсетке муўапық. Себеби, авиация потенциалын арттырыў арқалы Өзбекстан сыртқы саўда географиясын кеңейтеди, логистика шынжырларында транзит мәмлекетлерге байланыслылықты бираз азайтады ҳәм жоқары қосымша қунға ийе өнимлердиң экспорты ушын ўақыт ҳәм исеним факторларын тәмийинлейди. Бул болса, өз гезегинде, инвесторлардың қарарларына унамлы тәсир көрсетип, өндиристи әйне Өзбекстан аймағында жайластырыўды хошаметлейди.
Усы мәнисте, мәмлекетимиз басшысының авиапаркти жаңалаў басламасы ҳаўа логистикасын раўажландырыў бойынша алға қойылып атырған усыныслар ушын сиясий ҳәм институционаллық тийкар ўазыйпасын атқарады. Ол мәмлекеттиң сыртқы экономикалық сиясатта қурғақлық логистикасына сүйенетуғын дәстүрий моделди сақлаған ҳалда ҳаўа транспортын стратегиялық қосымша канал сыпатында жедел иске қосыўға таяр екенин көрсетеди.
Нәтийжеде қурғақлық коридорлары көлем ҳәм регионаллық интеграцияны тәмийинлеўши базалық бағдар сыпатында қалып, ҳаўа логистикасы Өзбекстанды АҚШ сыяқлы узақ ҳәм жоқары талапқа ийе базарлар менен тиккелей байланыстыратуғын, жоқары қосымша қунлы экономиканы қоллап-қуўатлайтуғын стратегиялық қуралға айланып бармақта. Бул еки бағдардың үнлес раўажланыўы болса еки есе шегараланған мәмлекет ушын географиядан келип шығатуғын шеклеўлерди инфраструктура, технология ҳәм сиясий қарарлар арқалы басқарыў мүмкин екенлигин әмелде дәлиллейди.
АҚШ пенен тиккелей ҳаўа жүк қатнаўларының Өзбекстан сыртқы саўдасының қурамына тәсири
Халықаралық саўдада логистика инфраструктурасы мәмлекетлердиң глобал қун шынжырларына интеграция дәрежесин белгилеп беретуғын тийкарғы факторлардан бири. Транспорт ўақытының қысқарыўы экспорт көлемин арттырыў менен бирге, өним сапасының жақсы сақланыўына алып келеди. Әсиресе, ҳаўа жүк транспорты жоқары қосымша қунға ийе, тез жеткерип бериўди талап ететуғын ҳәм стандартларға қатаң байланыслы өнимлер экспорты ушын шешиўши әҳмийетке ийе.
Жәҳән банки мағлыўматларына бола, ҳаўа транспорты арқалы саўда дүнья товар айланысының салыстырмалы аз үлесин қураса да, қун көринисинде ең жоқары сегментлерди қамтып алады. Усы жағынан Өзбекстан менен АҚШ арасында тиккелей ҳаўа жүк байланысларының жолға қойылыўы мәмлекеттиң сыртқы саўда стратегиясында сапа жағынан жаңа басқышты қәлиплестириўи мүмкин.
АҚШ базарының институционаллық өзгешеликлери Өзбекстан ушын шийки зат экспортынан гөре, таяр ҳәм терең қайта исленген өнимлердиң экспортын үстин қойыўды талап етеди. “International Trade Centre” таллаўларына бола, АҚШ импортында фармацевтика, медициналық өнимлер, таяр тоқымашылық буйымлары ҳәм органикалық азық-аўқат өнимлери жоқары үлеске ийе болып, бул сегментлер стандартластырыў ҳәм сертификатлаў дәрежеси жоқары болған өнимлерди талап етеди.
Фармацевтика тараўында АҚШ дүньядағы ең ири базар есапланады. АҚШта денсаўлықты сақлаў қәрежетлериниң жоқары дәрежеси ҳәм профилактикаға бағдарланған тутыныў моделиниң қәлиплесиўи витаминлер, биологиялық актив қосымшалар ҳәм дәрилик өсимликлер тийкарында таярланған өнимлерге турақлы талапты тәмийинлейди. Бул болса Өзбекстан ушын ҳаўа логистикасына сәйкес, жоқары қунлы экспорт бағдарын қәлиплестириў имканиятын береди.
Тоқымашылық тараўында болса АҚШ тутыныў базарында экологиялық тазалық, социаллық жуўапкершилик ҳәм турақлы өндирис нормаларына муўапық өнимлерге талап барған сайын артып бармақта. Халықаралық саўда шөлкемлериниң мағлыўматларына бола, органикалық пахта тийкарында ислеп шығарылған таяр кийим-кеншек өнимлери жоқары қосымша қун сегментинде жайласқан болып, бул Өзбекстан ушын шийки пахта экспортынан таяр өним экспортына өтиў арқалы қунды мәмлекет ишинде сақлап қалыў имканиятын жаратады.
Агросанаат тараўында ҳаўа жүк логистикасы кептирилген мийўе-овош, ғоза ҳәм бадам, пал ҳәм органикалық азық-аўқат өнимлери сыяқлы жоқары баҳа сегментине мөлшерленген товарлар ушын экономикалық жақтан мақул есапланады. Мағлыўматларға қарағанда, АҚШ тутыныўшыларының саламат турмыс тәризине бағдарланған азық-аўқат өнимлерине талабы узақ мүддетли тенденцияға айланған.
Соның менен бирге, ҳаўа логистикасының раўажланыўы тек ғана товарлар емес, ал хызметлер экспорты ушын да институционаллық тийкар жаратады. Мәлимлеме технологиялары, инжиниринг, архитектура ҳәм дизайн хызметлери халықаралық базарларда физикалық логистикаға байланыслы болмаған ҳалда баҳа жаратады. Хызметлер саўдасы глобал қун шынжырларында ең тез өсип атырған сегментлерден бири болып есапланады.
Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстан менен АҚШ арасында тиккелей ҳаўа жүк байланысларын раўажландырыў сыртқы саўда көлемин механикалық тәризде арттырыў менен шекленбейди. Бул бағдар инвестициялық қарарларды қәлиплестириў, өндиристи жайластырыў логикасын белгилеў ҳәм қосымша қун қайсы экономикалық мәканда жаратылып, сақланып қалыўын шешиўши стратегиялық факторға айланып бармақта. Ҳаўа логистикасы арқалы ўақыт, сапа ҳәм исеним факторлары экономикалық үстинликке айланар екен, мәмлекет сыртқы базарларда тек ғана жеткерип бериўши емес, ал глобал қун шынжырларының белсенди қатнасыўшысы сыпатында көринеди.
Шерзод ҚУРБОНОВ,
экономикалық аналитик