Айдаўшыларды ҳәкимшилик ескертиўге тийисли нызам жойбары парламентке киргизилди

    17 маусым 2025 1006

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске "ескертиў" жаза илажын киргизиў ҳәм социаллық қәўиплилиги аз болған жол ҳәрекети қәўипсизлиги менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын ескертиў жазасын қолланыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

    ӨзЛиДеП фракциясы "ҳәкимшилик жаза шаралары системасын толықтырыў, ҳуқықбузарлыққа дурыс ҳәм қалыс қатнас жасаўға хызмет ететуғын нормаларды киргизиў"ге қаратылған ҳүжжетти концептуаллық жақтан мақуллады.

    Жойбарға бола, жол ҳәрекети қағыйдабузарлығы фото ҳәм видео жазыў системалары жәрдеминде дизимге алынған жағдайларда бул ушын анық ким жуўапкер екени анық белгиленеди.

    Буннан тысқары, биринши ҳуқықбузарлық ушын жәрийма орнына "ҳуқықбузарлық аўыр болмаған жағдайларда пуқараларға жеңилирек қатнаста болыў" имканиятын беретуғын ҳәкимшилик ескертиў қолланыў усыныс етилмекте.

    "Ҳәкимшилик ескертиў"диң айрықша жаза түри сыпатында енгизилиўи, фракция ағзаларының пикиринше, пуқаралардың ҳуқықый санасын арттырыў менен бирге, ҳуқық қорғаў уйымларының тәрбиялық функциясын да күшейтиўге хызмет етеди.

    "Миллий тикланиш" партиясына бола, гәп социаллық қәўиплилик дәрежеси төмен болған ҳуқықбузарлықлар ҳаққында бармақта. Соның ишинде, ҳәрекет ўақтында телефон ямаса монитордан пайдаланыў, тоқтаў ҳәм тоқтап турыў қағыйдаларын бузыў, мәжбүрий қамсызландырыўдың жоқ екенлиги, сондай-ақ, пиядалар ҳәм жол ҳәрекетиниң басқа да қатнасыўшылары тәрепинен исленген қағыйдабузарлықлар.

    ӨзЛиДеП фракциясы ағзалары, әсиресе, жәриймаларды белгиленген мүддетте жибермеў арқалы пуқараларға бир неше ай өтип жуўапкершилик жүклеў жағдайларын кескин сынға алды. Кодекстиң 36-статьясына киргизилип атырған өзгерислер мине усындай жағдайларды сапластырыў, жәриймалар нызамлы мүддетте жиберилиўин тәмийинлеўге хызмет етеди.

    Сондай-ақ, фракция мәжилисинде ҳәкимшилик жаза түрлерине "ҳәкимшилик ескертиў"ди айрықша тәртип сыпатында киргизиў пуқаралар мәпи ушын дурыс ҳәм әдил қәдем екени атап өтилди. Бул арқалы пуқаралардың ҳуқықый санасы артыўы менен бирге, жазаның тәрбиялық тәрепи де күшейеди.

    Фракция ағзасы Руслан Собиров жойбардың әҳмийетине тоқтап өтип, бул ҳүжжет автомобиллерден пайдаланыўда халыққа қосымша қолайлықлар жаратыў, тараўда пуқараларды қыйнап киятырған айырым машқалаларды сапластырыўға қаратылғанын атап өтип, оны қоллап-қуўатлаў зәрүрлигин билдирди.

    Мәжилисте фракция ағзалары жойбар нызамшылықты буннан былай да жетилистириўге хызмет ететуғынын атап өтип, оны концептуаллық жақтан қоллап-қуўатлады ҳәм көтерилген пикир-усыныслар тийкарында оны буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар берди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates