Ең алыс, шетки аймақлардың инфраструктурасы жақсыланды, аймақларға санаат кирип келип, жаңа технологиялар тийкарындағы кәрханалардың саны кескин артты. Нәтийжеде халықтың дәрамат табыўы, мүнәсип жумыс пенен тәмийинлениўи, заманагөй кәсип ийелеўи ушын тек ғана қала ямаса район орайында емес, ал алыс аўылларда да зәрүр шараятлар жаратылды.
Бүгинги тыныш емес ҳәм заманагөй қәўип-қәтерлер ҳәўиж алған дәўирде мәмлекетимиз экономикасының турақлы раўажланыўын тәмийинлеў ең тийкарғы ўазыйпалардан бирине айланды. Сырт мәмлекетлер менен байланысларды беккемлеў, инвестициялық орталықты жақсылаў бағдарындағы реформалар нәтийжесинде тармақлар бойынша көрсеткишлер өсип бармақта.
Кейинги сегиз жылда елимизде жалпы ишки өним еки есеге көбейип, 115 миллиард долларға жетти. Бул көрсеткишти 2030-жылға барып 200 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген. Өткен жылы инвестиция көлеми 35 миллиард долларға, экспорт болса 27 миллиард долларға жеткен. Оны және де арттырыў мақсетинде халықаралық шөлкемлер, финанс институтлары, сырт ел корпорациялары менен турақлы бирге ислесиў жолға қойылып, Өзбекстан глобал саўда шынжырларында мүнәсип орнын ийелеўге умтылмақта.
Бизнести қоллап-қуўатлаў, аймақларды санаатластырыў ушын киши исбилерменлерден баслап ири инвесторларға берилип атырған жеңиллик ҳәм имканиятлар да жылдан-жылға артып бармақта. Бул болса, өз гезегинде, ҳәр бир аймақта жоқары дәраматлы қосымша жумыс орынларының жаратылыўы, тек ғана шийки зат емес, ал қосымша қунға ийе таяр өнимлердиң көбейиўине тийкар жаратпақта.
Және бир әҳмийетли тәрепи. Дүньяның алдынғы тәжирийбеси тийкарында қәнигелер, маман кадрлар әўлады қәлиплести. Соның менен бирге, экономиканың санаат, мәлимлеме технологиялары, хызмет көрсетиў, туризм сыяқлы жетекши тармақларынан баслап киши ҳәм орта бизнес, кооперация жойбарларына шекем ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта.
Бундай илажлар халықтың турмыс сапасын жақсылап, бүгиннен разы болып жасаўы ҳәм ертеңги күнге исенимин беккемлемекте. Бул процессте жумысларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў болса бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан есапланады.
Президентимиздиң басшылығында усы жыл 16-июнь күни реформалардың нәтийжелилиги, аймақлардағы жумыслардың барысы ҳәм халықты қыйнап атырған мәселелерди таллаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде де ең әҳмийетли машқалалар бойынша терең таллаў ҳәм олардың шешимлери белгиленген анық режелер додаланды. Ең әҳмийетлиси, халық ҳәм бизнес пенен сөйлесиўди және де күшейтип, олар сорап атырған мәселелерди тез шешип бериў басшылардың тийкарғы ўазыйпасы болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
- Ҳәр бир мүрәжаттың артында инсан тәғдири, оның дәрти ҳәм үмити турғанын умытпаўымыз керек. Халықтың дәрти менен жасаў биз ушын миннетлеме, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Мәжилисте министрлик ҳәм ҳәкимликлердиң жумысындағы машқалалар талланды. Атап өтилгениндей, ҳәр бир райондағы 40 тан аслам шөлкемде орташа 500 хызметкер жумыс ислейди. Олардың ўалаятта кеңсеси, баслығы бар. Бирақ айырым әпиўайы мәселелерди шешиў ушын ўәлаяттан, олар болса республикадан рухсат алыўы керек. Ямаса ўәкиллиги ҳәм қаржысы жетерли болған шөлкемлер өзин "қадағалаўшы" деп билип, халықтың аўырын жеңиллетиў менен шуғылланбай атыр.
Суў ҳәм канализация хызметинен түскен қаржының 10 проценти районларда қалып атыр. Бирақ зәрүр материаллар таяр турмағаны ушын 2-3 саатта шешилетуғын авариялар 4-5 күнге созылып атыр. Қашан авария болса, кейин материал сатып алынбақта.
- Мәжилисте шөлкемимизге бир қатар ўазыйпалар жүкленди, - дейди Есап палатасы баслығының биринши орынбасары Меҳриддин Абдуллаев. - Буннан былай атқарыў тәртибине Есап палатасы жуўапкер болады, оның ўәкилликлери кеңейтилетуғыны белгиленди. Енди Есап палатасы қарарлар менен берилген қаржылардың тек ғана дурыс жумсалыўын емес, ал не нәтийже бергени, халық буннан қаншелли разы болғанын да үйренеди. Соның менен бирге, палата баслығы ҳәр бир қарардың орынланыў нәтийжелилигин таллап, әззи ноқатлар ҳәм ислемей атырған системалар бойынша усынысын ҳәр айда Президентке киргизеди.
Сондай-ақ, Есап палатасына бир ай ишинде Ташкент қаласында өзин ақлаған "Халық қадағалаўы" электрон порталын пүткил республикамызда иске қосыў тапсырмасы берилди. Бул портал арқалы халық қурылыс, абаданластырыў ҳәм инфраструктура машқалаларын сүўретке алып, анық мәнзилин көрсеткен ҳалда мобил қосымша арқалы жибереди.
Мәселениң шешими де фотосүўрет пенен тастыйықланады. Олардың қаншелли тез ҳәм сапалы шешилиўине қарап ҳәкимлердиң жумысы күнлик баҳаланып барылады. Бул система мүрәжатлардың бирден-бир платформасы болады ҳәм оған барлық министрлик, уйым, ҳәкимликлер жалғанады.
- Тийкарғы итибар орынлардағы жумыслардың нәтийжелилигине, тийкарғысы, халықты қыйнап атырған машқалалардың шешимине қаратылды, - дейди “Oʻzsuvta'minot” АЖ басқармасы баслығының ўазыйпасын атқарыўшы Аҳмад Сувонқулов. - Атап өтилгениндей, суў ҳәм канализация хызметинен түскен қаржының 10 проценти районларда қалып кетпекте. Бирақ жумысты шөлкемлестириўдеги кемшиликлер себепли машқаланы сапластырыў созылып атыр. Бул тәреп мәмлекетимиз басшысының ҳақылы наразылығына себеп болды.
Қәнигелердиң есап-санағына бола, ҳәзирги ўақытта жер жүзинде дерлик 1,1 миллиард адам түрли дәрежедеги суў тамтарыслығынан қыйналмақта. 2030-жылға барып мәмлекетимизде де суў тамтарыслығы бақланыўы ҳәм оның ақыбетинде Өзбекстан дүньядағы суў тамтарыс болған 33 мәмлекет қатарына түсип қалыў итималы жоқ емес. Әлбетте, бул тәреп қәўетерли ҳәм ҳәр бир инсанды ойландырыўы керек. Солай екен, суўды үнемлеў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў усы елде жасап атырған ҳәр бир пуқараның миннети болып есапланады.
Елимизде бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа көтериў, суўдан пайдаланыў есабын тәртипке салыў, шығынлар дәрежесин азайтыў, бар тармақлардың санлы картасын ҳәм активлерин енгизиў және тараўда "жасыл экономика" көлемин кеңейтиў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
2025-жылдың январь айына бола, Өзбекстан халқының 81 проценти орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленген. Соңғы алты жылда ишимлик суў тәмийнатын жақсылаўға 10 триллион сумға шамалас қаржы жумсалды. Усы қаржы есабынан 1 176 суў объекти, 20,8 мың километр ишимлик суў тармағы тартылды.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясында суўдан ақылға уғрас пайдаланыў мәденияты ҳәм суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бағдарында бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Атап айтқанда, суўды үнемлейтуғын технологияларды ислеп шығарыўшы жергиликли кәрханалардың жыллық қуўатлылығын 300 мың гектарға жеткериў, барлық ишимлик суў тутыныўшыларына есаплағышлар орнатылыўын тәмийинлеў, ишимлик суўы менен тәмийинленгенлик дәрежеси, сапасы, суў тәмийнаты ҳәм канализация кәрханаларының нәтийжелилик көрсеткишлерин енгизиў мәселелери усылардың қатарына киреди.
Быйылғы жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламада да бул ўазыйпалар өз көринисин тапты. 2025-жылы жумсалып атырған суўдың есабы ҳәм есабаты толық жүргизилиўин тәмийинлеў мақсетинде магистраль каналлар ҳәм әҳмийетли суў объектлеринде суўдың бирден-бир онлайн есабын жүргизиў системасының енгизилиўи, 1,8 мың километр ишимлик ҳәм ақаба суў тармағының тартылыўы, 77 ишимлик ҳәм ақаба суў объектиниң қурылысы және реконструкцияланыўы белгиленген.
Ең әҳмийетлиси, ишимлик суў системасында руўхый ескирген 746 насос үскенеси энергияны үнемлейтуғынларына алмастырылады, аймақларда 65,2 мегаватт қуўатлылыққа ийе қуяш панеллери орнатылады. Суў объектлери ҳәм магистраль суў тармақларына 955 заманагөй суў есаплағыш орнатылады ҳәм барлық ишимлик суў тәмийнаты кәрханаларында сапа мониторингин жүргизиў ҳәм мағлыўматларды басқарыў орайлары жаратылады.
Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиздиң барлық аймақларында ишимлик суўы тәмийнаты менен шуғылланатуғын шөлкемлер бар. Республикалық бюджет, халықаралық финанс шөлкемлеринен алып берилип атырған арнаўлы техника қуралларын орынларға жеткериў ҳәм оны қадағалаў бойынша зәрүр илажлар белгилеп алынған.
Енди районда тараў жуўапкерлери ҳәм жетекши исбилерменлерден ибарат "Реформалар штабы" дүзиледи. Ол арқалы мәҳәллелер кесиминде жойбар, инфраструктура, қаржы дәреги, кадрлар мәселесин қамтып алған үш жыллық бағдарлама таярланады. Келеси жыл ушын бюджет, инфраструктура, өндирис, хызмет, инвестиция ҳәм бәнтлик бағдарламалары усы тийкарда тастыйықланады.
Және бир әҳмийетли жаңалық, исшең ҳәм тартымлы орталық жаратыў ушын 1-августтан барлық ўәлаят ҳәм район ҳәкимликлеринде мийнет ҳақы арттырылады, хызметкерлерге жумысына қарап айлық үстеме ҳәм қосымша бонус бериледи.
Бир сөз бенен айтқанда, мәжилисте додаланған мәселелер жуўапкерлердиң жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў, бәринен бурын, халық пенен тиккелей сөйлесиўди жолға қойып, машқалаларды сапластырыў бағдарындағы жумысларды жеделлик пенен шешиў имканиятын беретуғыны менен әҳмийетли болып есапланады.
Лутфулла СУВОНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы