Усы мәнисте Өзбекстанда фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлерди системалы раўажландырыў, илим, билимлендириў ҳәм өндиристиң интеграциясын беккемлеў, илимий мәкемелердиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыў узақ мүддетли мәмлекетлик сиясаттың көриниси болып есапланады. Атап айтқанда, енди Илимлер академиясы тек ғана илимий нәтийжелер ислеп шығатуғын структура емес, ал экономика тармақлары ушын қосымша қун жарататуғын, инновациялық шешимлерди турмысқа енгизетуғын стратегиялық институт сыпатында көринбекте.
Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 27-декабрьдеги "Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының жумысын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарын миллий илим тарийхында жаңа дәўирди баслап берген, мазмун-мәниси, көлеми ҳәм стратегиялық әҳмийети жағынан ҳақыйқый тарийхый қарар сыпатында баҳалайман. Бул қарар менен илим тараўына қатнас түп-тийкарынан өзгерди, Илимлер академиясының жумысы мәмлекет раўажланыўының тийкарғы бағдарлары менен тығыз байланыстырылды ҳәм илимий потенциалды реал экономика, социаллық турақлылық және миллий раўажланыў мәплерине хызмет етиўдиң анық механизмлери белгиленди.
Қарарда Илимлер академиясы тәрепинен 2030-жылға шекем әмелге асырылатуғын илимий-изертлеў жумысларының тийкарғы бағдарлары анық белгилеп берилгени жүдә әҳмийетли болды. Бул бағдарлар мәмлекет раўажланыўының узақ мүддетли талапларынан келип шығып қәлиплестирилген ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ушын да айрықша әҳмийетке ийе. Себеби Аралбойы аймағы тәбийий-экологиялық, социаллық ҳәм экономикалық жақтан өзине тән. Демек, илимий шешимлер де усы аймақтың реал шараятына сәйкес болыўы талап етиледи.
Биотехнология ҳәм ген инженериясы тараўында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар Қарақалпақстан ушын жүдә әҳмийетли. Халықтың саламатлығын беккемлеў, аўыл хожалығында өнимдарлықты арттырыў, шорланыў ҳәм ықлым өзгериўи шараятына бейимлескен егин түрлерин жаратыў, превентив медицина ҳәм фармацевтика шешимлерин ислеп шығыўда бул бағдар шешиўши әҳмийетке ийе. Қарақалпақстан илимпазлары тәрепинен бул бағдарда алып барылып атырған изертлеўлер усы қарар тийкарында белгиленген ўазыйпалар менен толық үнлес ҳалда даўам еттириледи.
Ақыллы материаллар ҳәм нанотехнологиялар энергетика, денсаўлықты сақлаў ҳәм санаат тараўлары ушын жаңа имканиятлар ашады. Әсиресе, экологиялық қәўип-қәтерлер жоқары болған Аралбойы аймағында жеңил, шыдамлы ҳәм функционаллық материалларды жаратыў бойынша илимий қолланбалар әмелий әҳмийетке ийе. Бул бағдарда Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими республикалық илимий орайлар менен биргеликте изертлеўлерди кеңейтиўди мақсет еткен.
Жасалма интеллект, Big Data ҳәм квант технологиялары тараўындағы изертлеўлер экология мониторинги, суў ресурсларын басқарыў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системаларын санластырыўда жаңа басқышты баслап береди. Қарақалпақстан шараятында бул, бәринен бурын, экологиялық жағдайды турақлы бақлап барыў, биологиялық көп түрлиликти таллаў ҳәм қарар қабыл етиўде илимий тийкарланған санлы моделлерден пайдаланыў имканиятын жаратады.
Қайта тиклениўши ҳәм водород энергетикасы, "жасыл" технологиялар тараўындағы тийкарғы бағдарлар Қарақалпақстан ушын стратегиялық әҳмийетке ийе. Қуяш ҳәм самал энергетикасы имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, ресурс үнемлеўши ҳәм шығындысыз технологияларды енгизиў арқалы аймақтың экологиялық турақлылығын тәмийинлеўде илим шешиўши орын ийелейди.
Топырақ шорланыўына қарсы гүресиў ҳәм таза суў мәселеси пүткил дүньяда болғаны сыяқлы бизиң регионымызда да турмыслық әҳмийетке ийе. Жер ресурсларынан турақлы пайдаланыў, топырақ карталарын жаратыў, суў жетиспеўшилиги шараятында ақылға уғрас суўды басқарыў ҳәм тазалаў технологияларын илимий тийкарлаў бойынша изертлеўлер усы қарарда белгиленген тийкарғы бағдарлар менен толық сәйкес ҳалда әмелге асырылады.
Ядролық илим ҳәм радиациялық технологиялар, санлы тәбият, сейсмикалық қәўипсизлик тараўларындағы изертлеўлер де Қарақалпақстан ушын әҳмийетли болып, тәбийғый қәўип-қәтерлерди азайтыў, экосистемаларды қорғаў ҳәм халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Миллий тарийх, жәмийет ҳәм руўхый мийрас, санлы қолжазбаларды үйрениў бойынша белгиленген тийкарғы бағдарлар болса Қарақалпақстанның бай тарийхый-мәдений мийрасын илимий тийкарда изертлеў, оны заманагөй санлы форматларда дүнья жәмийетшилигине усыныў имканиятын береди.
Бул тарийхый ҳүжжет узақ таярлық ҳәм кең додалаўлар нәтийжесинде қәлиплести. Илимий жумысты раўажландырыўда заманагөй талапларға сай инфраструктура ҳәм материаллық-техникалық базаның үлкен әҳмийетке ийе екени анық болды. Усы көзқарастан, өткен жыл даўамында бөлим имараты ҳәм оның материаллық-техникалық базасын түп-тийкарынан жаңалаў мәселеси тийкарғы ўазыйпа сыпатында қаралды.
Жыллар даўамында жыйналып қалған жумыслар ҳәм техникалық машқалаларды сапластырыў мақсетинде Илимлер академиясы Қарақалпақ тәбийғый пәнлер институтында 14 миллиард сумлық ири капитал оңлаў жумыслары орынланды. Бул тек ғана лабораториялар ҳәм илимий жумыслар ушын заманагөй шараят жаратыў емес, ал илимпазлар ушын мүнәсип мийнет орталығын қәлиплестириў ҳәм илимий изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыў имканиятын да берди.
Усы тәризде әмелге асырылған инфраструктуралық реформалар усы қарардың финанслық ҳәм шөлкемлестириўшилик жақтан нәтийжели орынланыўы ушын беккем тийкар ўазыйпасын атқарды. Қарар қабыл етилиўи болса бул таярлықлардың нәтийжели нәтийжелерин кең көлемде илимий-әмелий ўазыйпаларды әмелге асырыў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм заманагөй лабораториялық жойбарларды жолға қойыў имканиятына айландырды.
Бул тосыннан ямаса бир күнлик баслама сыпатында қабыл етилген ҳүжжет емес. Оған шекем узақ мүддетли таллаўлар, тараўлық додалаўлар ҳәм анық мақсетлерге қаратылған сөйлесиўлер алып барылды. Илимди раўажландырыўда системалы қатнас әне усы процесслерде қәлиплести ҳәм кейин ала мәмлекетлик сиясат дәрежесинде беккемленди. Қарар мазмунында сәўлеленген ўазыйпалар, бәринен бурын, аймақлық илимий потенциалды глобал илим мәканына интеграциялаў, халықаралық тәжирийбе ҳәм инновациялық қатнасларды әмелиятқа енгизиўге қаратылғаны менен әҳмийетли.
Келеси жылларда Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўди тийкарғы стратегиялық ўазыйпа сыпатында белгилеп алмақта. Соның ишинде, Қытай Илимлер академиясы Синьцзян Экология ҳәм география институтының илимпазлары менен биргеликтеги илимий жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў режелестирилген. Бул бирге ислесиў аўыл хожалығы, биотехнология ҳәм экология тараўларында илимий изертлеўлерди тереңлестириў, заманагөй илимий шешимлерди жергиликли шараятқа бейимлестириў ҳәм инновациялық қолланба болып есапланады.
Соның менен бирге, жас илимпазлар ҳәм изертлеўшилер арасында тәжирийбе алмасыў бағдарламаларын жолға қойыў, қоспа илимий семинарлар, стажировкалар ҳәм қәнигелигин арттырыў жойбарларын шөлкемлестириў арқалы илимий кадрлардың потенциалын арттырыў нәзерде тутылған. Бул процесс тек ғана билим ҳәм тәжирийбе алмасыўын тәмийинлеп қоймастан, ал жаңа илимий мектеплердиң қәлиплесиўине, жас әўладтың халықаралық илимий орталықта бәсекиге шыдамлы болып жетилисиўине хызмет етеди.
Буннан тысқары, Татарстан Республикасы Илимлер академиясы менен тәбийғый пәнлер бағдарында еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли бағдар сыпатында белгиленген. Биргеликтеги изертлеў жойбарларын әмелге асырыў, лабораториялар арасында тәжирийбе ҳәм мағлыўмат алмасыў механизмлерин жетилистириў арқалы фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлердиң сапасын жаңа басқышқа алып шығыў мақсет етилген. Бул бирге ислесиў илимий нәтийжелерди экономикалық ҳәм социаллық тараўлар менен системалы түрде байланыстырыў, илимниң әмелий қунын және де арттырыў имканиятын береди.
Әне усындай анық режелер ҳәм пуқта таярлық қарар қабыл етилиўине беккем тийкар болып хызмет етти. Себеби, илимди раўажландырыўда системалы қатнас усындай үзликсиз процесс - таллаў, сөйлесиў, халықаралық тәжирийбе ҳәм анық мақсетлерге тийкарланған ҳәрекетлер нәзерде тутылады. Сонлықтан, бул бағдарда белгиленген ўазыйпаларды толық ҳәм сапалы әмелге асырыў, Аралбойы аймағының турақлы раўажланыўына хызмет ететуғын илимий изертлеўлерди буннан былай да кеңейтиў елимиздиң абаданлығын, илимниң абырайын буннан былай да арттырыўы сөзсиз.
Ахмед РЕЙМОВ,
Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы
Қарақалпақстан бөлими баслығы, академик