Санлы технологиялар, автоматластырыў, жасалма интеллект, глобал мийнет базарының интеграцияланыўы қысқа мүддетте кәсиплик жумыс мазмунын жаңалады. Әне усы шараятта билимлендириў системасының тийкарғы ўазыйпасы тек билим бериў менен шекленип қалмастан, жас әўладты социаллық ҳәм экономикалық орталықта жүз берип атырған өзгерислерге сәйкес пикирлеў ҳәм көнликпе менен қуралландырыўды талап етпекте. Бул процессте жәҳән аналитикалық әдебиятында “education lag”, яғный билимлендириў раўажланыўында теңсалмақсызлық түсиниги пайда болды. Ол билимлендириўдиң жәмийет раўажланыўы менен синхронлық дәрежесин сипатлаўшы әҳмийетли теориялық категория сыпатында беккем орын ийеледи.

Бул түсиник педагогикалық системадағы айрықша кемшиликлерди санап өтиў мақсетинде емес, ал билимлендириўдиң функционал орны ҳәм ўақытқа қатнасын анықлаў ушын қолланылмақта. Адамзат цивилизациясының жаңа дәўиринде оның раўажланыў пәтлери менен қаншелли тең қәдем таслай алыўы көпшилик тараў қәнигелерин ойландырып атырған мәселелерден бири болып есапланады. Себеби, халықаралық изертлеўлер билимлендириў системаларының технологиялық, экономикалық ҳәм социаллық өзгерислерге бейимлесиў дәрежеси жетерли пәтте өтпей атырғанын көрсетти. Соның ишинде, UNESCO ҳәм OECD таллаўларына бола, көпшилик мәмлекетлерде оқыў бағдарламалары ҳәм пәнлердиң мазмуны орташа 8-12 жыл аралығында жаңаланады. Мийнет базары талап етип атырған көнликпелер 3-5 жылда сезилерли дәрежеде өзгерип кетиўи анықланған. Бул айырмашылық билимлендириў системасы менен реал экономика талабы арасында турақлы теңсалмақлылық жүзеге келип атырғанын аңлатады ҳәм бул жағдай билимлендириў нәтийжелилигине тиккелей тәсир етпекте. Сол себепли билимлендириўди жаңалаў процесинде тек ғана шөлкемлестириўшилик реформалар менен шекленип қалмастан, оқыў мазмунын қайта көрип шығыў, мийнет базары сигналларын системалы түрде билимлендириўге интеграциялаў ҳәмде бейимлесиўшең ҳәм тез жаңаланатуғын оқыў моделлерин енгизиў стратегиялық ўазыйпа есапланады. Усы мәнисте, бул мәселени миллий контекстте көрип шығыў зәрүрлиги пайда болмақта. Бул жас әўладтың таярлық дәрежеси, кәсипке бейимлесиўге кириў тезлиги, билимниң әмелий орталықтағы турақлылығы менен байланыслы мәселелер күнделикли тәжирийбеде өз көринисин таппақта.

Билимлендириў инфраструктурасының кеңейиўи, институционаллық реформалар, билим алыў имканиятларының диверсификациясы менен бир қатарда жәмийеттиң билимлендириўден күтип атырған функционал нәтийжеси барған сайын қыйынласып атырғаны бақланбақта. Усы көзқарастан, Өзбекстан билимлендириў системасының жәмийеттиң раўажланыўы менен өз-ара қатнасын ўақыт өлшеми арқалы қайта баҳалаў, мәкемелерде жедел енгизилип атырған дуал билимлендириў модели ҳәм мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында алға қойылған кәсиплик билимлендириў мәселелерин таллаў бүгинги социаллық-экономикалық шараятта әҳмийетли зәрүрлик болып табылады.

Компетенциялар ҳәм дуал тәлим

Бүгинги экономикада мийнет искерлигиниң мазмуны, биринши гезекте, компетенциялар комплекси арқалы белгиленеди. Халықаралық экономикалық изертлеўлерде кәсиплик табыс аналитикалық пикирлеў, машқалаларды шешиў, жәмәәтте ислесиў, бейимлесиўшең қарар қабыл етиў сыяқлы көнликпелер менен байланысады. Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми тәрепинен ислеп шығылған Skills Outlook есабатларында мине усы компетенциялар XXI әсир мийнет базарының тийкарғы таянышы сыпатында атап өтилген. Бул қатнас тәлим мазмунына болған талапларды түп-тийкарынан өзгертип жиберди.

Мийнет базары болса билимге қарағанда тезирек жаңаланып атырған орталық сыпатында тәрийипленеди. Жәҳән банкиниң "Жәҳән раўажланыўы жуўмағы: мийнет тәбиятының өзгериўи" атлы есабатында кәсиплик жумыстың үлкен бөлеги қысқа мүддетте жаңа технологиялық талаплар тәсиринде қайта қәлиплесиўи көрсетиледи. Яғный кәсиплер мазмуны өзгерип барады, жаңа кәсиплик бағдарлар пайда болады, айырым искерлик түрлери болса функционал жақтан басқа формаға өтеди. Усы шараятта билимлендириў мазмунының турақлы структураларға сүйениўи муўапықлық машқаласын тереңлестиреди.

Бул айырмашылық билим алыўшының кәсиплик таярлығы процесинде анық сезиледи. Халықаралық сораўлар ҳәм питкериўшилер мониторинги нәтийжелерине бола, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириўди тамамлаған жаслардың белгили бир бөлеги жумысқа кириў процесинде қайта оқыў зәрүрлигине дус келеди. Бул жағдай билим сапасының төменлиги менен түсиндирилмейди, ал билимниң әмелий орталықта қолланылыў механизмлериндеги кемшиликлер менен байланыслы түрде талқыланады.

Өзбекстан шараятында да бул процесслер улыўма глобал тенденциялар менен үнлес ҳалда өтпекте. Билимлендириў мәкемелеринде берилип атырған билим жәмийеттеги кәсиплик талаплар менен байланысы барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болып атырған екен, жумыс бериўшилер қойып атырған талаплар, әмелий көнликпелерге болған талап, тез бейимлесиў имканиятлары билимлендириў мазмунының реал турмыс пенен байланыслылығын күшейтиўи де тәбийғый. Оқытыў мазмуны, компетенциялар ҳәм мийнет базары арасындағы усы системалы айырмашылықты аңлаў билимлендириўди баҳалаўға болған қатнасты да өзгертеди. Усы мәнисте мәмлекетимизде кейинги ўақытта дуал билимлендириў модели оқыў орынлары ҳәм жумыс бериўши кәрханалар арасында институтлар аралық бирге ислесиўге хызмет етип, билим алыўшының теориялық билимлерин әмелий жумыс пенен бирлестирип атырғанын атап өтиў орынлы.

Елимизде дуал билимлендириў системалы теориялық тийкарлар ҳәм әмелий механизмлер арқалы басқышпа-басқыш енгизилмекте. Атап айтқанда, Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 16-январьдағы "Жоқары билимлендириў системасында дуал билимлендириўди шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарары усы процесстиң структурасын нормативлик-ҳуқықый тийкарлар арқалы белгилеп берди. Ҳүжжет тийкарында жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм өндирис кәрханалары арасында институтлараралық қарым-қатнасты жолға қойыў механизми анық белгиленди. Бул процесс билим алыўшылардың теориялық ҳәм әмелий билимлерди системалы түрде ийелеўин тәмийинлейди. Онда теориялық билим жоқары билимлендириў мәкемесинде бериледи, әмелий сабақлар болса кәрханаларда өткериледи. Соның менен бирге, Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорының мағлыўматларына бола, кәрханаларда жумыс ислеп атырған жаслар ушын белгили муғдарда мийнет ҳақы да берилмекте.

Буннан тысқары, кәсиплик билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң бәнтлик көрсеткишлерин арттырыў, оларды анық жумыс орынлары менен тәмийинлеўге қаратылған бир қатар бағдарламалар енгизилип атырғанын атап өтиў керек. Дуал билимлендириў тийкарында оқытылып атырған студентлер өндирис процесинде тиккелей қатнасқаны себепли олардың мийнет базарындағы бәсекиге шыдамлылығы жоқары баҳаланбақта. Сондай-ақ, бул модель өндирис өнимдарлығын арттырыўға да хызмет етпекте. Мәселен, кәрханаларда әмелият өтеп атырған билим алыўшылар өндирис мәденияты, технологиялық тәртип, жәмәәтлик жуўапкершилик сыяқлы көнликпелерди тиккелей мийнет процесинде өзлестиреди. Бул көнликпелер кейин ала өз бетинше кәсиплик жумыста жоқары нәтийжелиликти тәмийинлейди. Солай етип, дуал билимлендириў экономикалық система ушын узақ мүддетли инвестиция болып табылады.

Оны институционаллық дәрежеде раўажландырыўда болса аймақлық экономиканың өзгешеликлерин есапқа алыў да әҳмийетли. Мәмлекет аймақлары арасындағы экономикалық қәнигелесиў айырмашылығы кәсиплик таярлық бағдарларын белгилеўде тийкарғы факторлардан бири. Санаат, аўыл хожалығы, хызметлер тараўы үстин болған аймақларда дуал билимлендириў бағдарламаларының мазмуны жергиликли мийнет базарының реал талапларына бейимлестирилиўи талап етиледи.

Мониторинг ҳәм сапа қадағалаўы механизмлери дуал билимлендириўди турақлы раўажландырыўда тийкарғы институционаллық элемент болып есапланады. Билимлендириў нәтийжелерин баҳалаўда тек ғана академиялық көрсеткишлер менен шекленип қалмастан, питкериўшилердиң мийнет базарындағы бейимлесиўи, кәсиплик жумыстағы турақлылығы ҳәм жумыс бериўшилердиң қанаатланыў дәрежесин де есапқа алыў зәрүрлиги жүзеге келмекте. Өзбекстан билимлендириў сиясатында миллий қәнигелик ҳәм квалификация системасын енгизиў әне усы баҳалаў механизмлерин системаластырыўға қаратылған.

Кәсиплик билимлендириўдиң функционал ўазыйпалары

Кәсиплик билимлендириўди заманагөй оқытыў системасында жәрдемши ямаса екилемши бағдар сыпатында баҳалаўға болмайды. Ол экономикалық раўажланыў, бәнтлик сиясаты ҳәм инсан капиталын қәлиплестириў процеси менен тиккелей байланыслы ғәрезсиз институт. Кәсиплик билимлендириўдиң тийкарғы ўазыйпасы теориялық билим менен әмелий искерлик арасындағы үзликсиз байланысты тәмийинлеў, шахстың белгили бир искерликке таярлығын қәлиплестириў арқалы белгиленеди. Онда өндирис тәртиби, технологиялық мәденият, мийнет жуўапкершилиги ҳәм жәмәәтлик бирге ислесиў сыяқлы пазыйлетлер системалы түрде раўажланады.

Мәмлекетимизде кәсиплик билимлендириў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бири. Оқытыў системасын экономиканың талаплары менен үйлестириў, жасларды мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге бағдарлаў стратегиялық мәселе дәрежесине көтерилди. Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында кәсиплерди раўажландырыў ҳәм жаңа мийнет базары архитектурасын жаратыў айрықша тийкарғы бағдар сыпатында белгиленгени әйне сол усы стратегиялық көзқарастың көриниси болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысы санаат, аўыл хожалығы, транспорт сыяқлы тараўларда технологиялық шешимлер кеңнен енгизилип атырғанын айрықша атап өтти. Бул фактлер мәмлекет экономикасы технологиялық басқыш алмасыўы процесинде екенин көрсетеди. Автоматластырылған линиялар, ақыллы технологиялар, интеллектуаллық басқарыў системалары мийнет жумысының мазмунын өзгерттирмекте. Бундай шараятта кәсиплик билимлендириўдиң тийкарғы ўазыйпасы техникалық көнликпелер менен бирге технологиялық пикирлеўди өзгертиўге қаратылған.

Мүрәжатта алға қойылған "жаңа мийнет базары архитектурасы" түсиниги айрықша түсиникти талап етеди. Бул қатнас кәсип, тәжирийбе, технология ҳәм билимлендириўди бир пүтин механизм сыпатында көриўди нәзерде тутады. Бундай механизмде билимлендириў мийнет базарынан ажыралған ҳалда болыўы мүмкин емес. Оқытыў мазмуны кәсиплик стандартлар менен байланысады, қәнигелик технологиялық талапларға бейимлестириледи, кәсип болса турақлы жаңаланып баратуғын компетенциялар комплекси сыпатында қаралады. Кәсипке бағдарлаў мәселесине айрықша итибар қаратылыўы да усы логикадан келип шығады. Қәнигелердиң атап өтиўинше, балада кәсиплик қызығыўшылық 7-класс әтирапында қәлиплеседи, 9-классқа барып кәсиплик бағдар анығырақ көринеди. Усы тийкарда 9-класс питкериўшилерин пәнлерди өзлестириў дәрежеси ҳәм кәсиплик қызығыўшылығына қарап бағдарлаў системасы енгизиледи.

Техникумлар системасын түп-тийкарынан жаңалаў бойынша бес жыллық бағдарлама кәсиплик билимлендириўдиң материаллық ҳәм мазмунлық тийкарларын беккемлейди. Ҳәр жылы кеминде жүз техникумды толық оңлаў, заманагөй технологиялар ҳәм талап жоқары кәсиплерге сәйкес етип үскенелеў режеси кәсиплик билимлендириў инфраструктурасының сапа жағынан жаңаланыўын нәзерде тутады. Германия, Швейцария, Уллы Британия, Қытай, Қубла Корея сыяқлы мәмлекетлердиң алдынғы бағдарламалары енгизилетуғын техникумлардың санын жүзге жеткериў режеси тараўды халықаралық мийнет базары стандартларына бейимлестириўди талап етеди.

Мүрәжатта жәрияланған Алдынғы кәсиплик шеберлик техникумлары ҳәм "Кәсиплер қалашасы" басламасы кәсипке бағдарлаўды мектеп басқышынан баслап системалы жолға қойыўды нәзерде тутады. Алдынғы техникумлардың методикалық ҳәм әмелий база сыпатында жумыс алып барыўы аймақлық кәсиплик билимлендириўдиң сапасын бир тегис раўажландырыў имканиятын береди. "Кәсиплер қалашасы" концепциясы болса оқыўшыларды қурылыс, санаат, транспорт, аўыл хожалығы, сервис, "жасыл" энергетика сыяқлы бағдарлар менен ерте танысыў саналы кәсип таңлаўға хызмет етеди.

Техникумлар ҳәм жумыс бериўшилер арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған ҳәрекетлер де итибарға ылайық. Дуал билимлендириўди нәтийжели жолға қойған кәрханаларға узақ мүддетли жеңиллетилген кредит ажыратылыўы, исбилерменлик рейтингинде қосымша балл берилиўи, социаллық салық бойынша жеңилликлер берилиўи жумыс бериўшилердиң кәсиплик билимлендириў процесиндеги қатнасын күшейтеди. Техникум оқыўшыларына стипендия берилиўи болса билимлендириў процесине жуўапкершилик пенен қатнас жасаўды күшейтеди, айрықша баҳаларға оқып атырған ҳәм таңлаған кәсибин терең иелеп атырған жасларды қоллап-қуўатлайды.

Билимлендириў ҳәм мийнет базары қатнасы жәмийеттиң келешекти қалай көз алдына келтириўи менен тығыз байланыслы процесс. Әйне усы жерде оқытыў мазмуны, компетенциялар архитектурасы ҳәм кәсиплик бағдарлар бир ўақыттың өзинде жәмийеттиң интеллектуаллық рефлекси, экономикалық сезгирлиги ҳәм социаллық жуўапкершилигин көрсетиўши бир пүтин система сыпатында көринеди. Сол себепли, жаңа мийнет базары ҳаққында сөз болғанда, тийкарғы мәселе технологияларды қуўып жетиўден гөре инсан капиталының ишки бейимлесиў механизмлерине барып тақалады. Ҳәзирги процессте ең үлкен инвестиция инфраструктураға емес, ал пурсатты аңлаў, яғный билимлендириўдиң заман менен ишки қарым-қатнасына бағдарланады. Мине усы қарым-қатнас үзликсиз даўам еткен сайын билимлендириў ҳәм мийнет базары арасындағы аралық раўажланыўдың тәбийғый амплитудасын жүзеге келтиреди - “education lag”, яғный билимлендириў раўажланыўындағы теңсалмақлылық әсте-ақырын шегинеди. Тек ғана буны мәмлекет ҳәм жәмийет өз ўақтында дурыс аңлап, соған жараса ҳәрекет етиўи шәрт.

Аслиддин АБДУРАЗЗОҚОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы