Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги дөретиўшилик жумысларды көзден өткерди.

Уллы муҳаддис бабамызға пүткил ислам дүньясында ҳүрмет жоқары, оның мақбарасын көриў тилегиндеги инсанлар көп. Соның ушын зыярачтшыларға шараятларды кеңейтиў мақсетинде бул жерде үлкен комплекс қурылмақта.

Зыярат етиў орнының улыўма майданы 44 гектарға шекем кеңейтилген. Әдиўли мақбара, 10 мың адамға мөлшерленген мешит ҳәм администрация имараты қурып питкерилген. Комплекстиң 4 мүйешиндеги 75 метрлик минаралар оған саўлат бағышлаған.

Ҳәзирги ўақытта пардозлаў жумыслары алып барылмақта. Пештахталар ҳәм әйўан дийўалларына "Саҳиҳи Бухарий"ден ҳәдислер жазылмақта.

Президентимиз бул комплекс тек зыярат етиў емес, илим-ағартыўшылық, тәрбия ҳәм ибрат орайы болыўы керек екенлигин атап өтти. Имам Бухарийдиң уллы изленислери, билими ҳәм камалы бул жерге келиўшилер, әсиресе, жаслар ушын жақсы үлги болатуғыны атап өтилди.

Усы мақсетте жаңа комплексте инновациялық музей де шөлкемлестирилмекте. Ол ислам дүньясында муҳаддислер султаны деп тән алынған Имам Бухарийдиң өмири ҳәм илимий мийрасы, ислам ағартыўшылығының раўажланыўына қосқан үлесин көрсетеди. Сондай-ақ, музейде Қураны кәримде атлары тилге алынған 25 пайғамбардың тарийхы, Муҳаммед әлейҳиссаламның шежиреси, Мекке ҳәм Мадинадағы турмысы, ҳәдислердиң жыйнаўы ҳәм жазылыўы ҳаққындағы мағлыўматлар жайластырылады.

Зыярат етиў орны әтирапында мийманхана ҳәм басқа да хызмет көрсетиў имаратлары да қурылыс жумыслары жуўмақлаўшы басқышқа кирген.

Мәмлекетимиз басшысы қурылысты сапалы орынлаў, адамларға қолайлықларды кеңейтиў, комплекс әтирапында жасыл майданларды көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.