“IndiGo” авиакомпаниясы Мумбайдан Ташкентке тиккелей рейслерди жолға қоймақта

    5 маусым 2025 1049

    Ҳиндстанның лоукостер авиакомпаниясы Ташкентке екинши жөнелисти ашпақта.

    Атап өтилиўинше, усы жылдың 1-август сәнесинен авиатасыўшы Мумбай-Ташкент-Мумбай жөнелиси бойынша турақлы қатнаўларды әмелге асырыўды баслайды.

    Рейслер ҳәптесине төрт мәрте дүйшемби, сәршемби, жума ҳәм екшемби күнлери Airbus А320 самолётларында әмелге асырылыўы режелестирилген.

    “IndiGo” - бас резиденциясы Ҳиндстанның Гургаон қаласында жайласқан ҳинд жеке меншик лоукостер авиакомпаниясы. Компания турақлы қатнаўлар саны ҳәм самолётлар саны бойынша мәмлекеттеги ең ири авиатасыўшы болып есапланады. “IndiGo” 2023-жыл сентябрь айынан берли Дели-Ташкент-Дели жөнелиси бойынша Өзбекстанға турақлы рейслерди әмелге асырып келмекте.

    Жаңа бағдар - Мумбай, бурын Бомбей аты менен танылған, Ҳиндстанның финанс орайы ҳәм дүньядағы ең халық тығыз жайласқан қала орайларынан бири. Ҳиндстанның батыс жағасындағы Араб теңизи бойында жайласқан қала Болливудтың жүреги ҳәм саўда, мода ҳәм кеўилашар орайы есапланады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates