Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы жанындағы Жәмийетлик кеңес қайта шөлкемлестирилди

    28 ақпан 2025 812

    Инсан ҳуқықларын қорғаў, инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық миннетлемелерди әмелге асырыў бағдарындағы ҳәрекетлер пуқаралық жәмийети институтлары, пуқаралар, ғалаба хабар қураллары - кең жәмийетшилик ўәкиллери усы процесслерге тартылғанда ғана күтилген нәтийжелерди береди.

    Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 26-августта қабыл етилген "Пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

    27-февраль күни болып өткен Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы жанында қайта шөлкемлестирилген Жәмийетлик кеңестиң шөлкемлестириў мәжилисинде дәслеп бул ҳаққында сөз болды.

    Шөлкемлестириў мәжилисинде Жәмийетлик кеңестиң тийкарғы жумыс бағдарлары, мақсет ҳәм ўазыйпалары және келешектеги режелери додаланды. Жәмийетлик кеңестиң жумыс бағдарлары етип, соның ишинде:

    - Орайдың инсан ҳуқықлары тараўындағы Өзбекстанның халықаралық миннетлемелерин әмелге асырыў, инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириў ҳәм халықтың хабардарлығын арттырыў тараўларында жәмийетлик қадағалаў субъектлери менен бирге ислесиўин кеңейтиў;

    - мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары менен нәтийжели бирге ислесиўди тәмийинлеў;

    - инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық миннетлемелердиң орынланыў жағдайы ҳаққында Орай тәрепинен таярланған жыллық есабатларды көрип шығыў;

    - инсан ҳуқықлары тараўындағы стратегиялар, сондай-ақ, Орай жумысының тәсирин баҳалаў;

    - пуқаралық жәмийети институтлары менен биргеликте инсан ҳуқықлары тараўындағы миллий стратегиялар, миллий ҳәрекет режелери ҳәм басқа да илажлардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

    - инсан ҳуқықларын қорғаў, инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық миннетлемелердиң орынланыўы илажларын жетилистириў бойынша жәмийетлик додалаўларды шөлкемлестириў;

    - Орайдың жумысы ҳаққында жәмийетшилик пикирин бақлап барыў ҳәм таллаў;

    - Орай жумысының ашық-айдынлығын мониторинг етип барыў;

    - Орайдың жумысына байланыслы мәмлекетлик сатып алыўлар, бюджет қаржыларынан пайдаланыў процесслерин бақлаў сыяқлы бағдарлар белгиленди.

    Жәмийетлик кеңестиң мәжилисинде Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий стратегиясының 2020-2024-жылларда орынланыў жағдайына баҳа берилди. Сондай-ақ, Орай тәрепинен "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаға муўапық ислеп шығылып атырған Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасының 2030-жылға шекемги Миллий стратегиясының жойбары додаланды.

    Мәжилисте Жәмийетлик кеңестиң жумысына байланыслы шөлкемлестириў мәселелери де көрип шығылды. Соның ишинде, Кеңестиң Режеси ҳәм қурамы тастыйықланды.

    Жәмийетлик кеңестиң қурамы мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын қорғаўға, соның ишинде, балалар, ҳаял-қызлар, майыплығы болған шахслар ҳәм халықтың басқа да қатламларының ҳуқықларын қорғаўда үлес қосып киятырған жәмийетшилик ўәкиллери, соның ишинде, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары, билимлендириў ҳәм илим тараўының ўәкиллеринен ибарат.

    Жәмийетлик пенен ислесиў тараўында көп жыллық тәжирийбеге ийе болған Өзбекстан Республикасы Нотариал палатасының баслығы Дилшод Ашуров Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы жанындағы Жәмийетлик кеңестиң баслығы етип сайланды.

    Жәмийетлик кеңестиң хаткери лаўазымына инсан ҳуқықлары тараўындағы илимий изертлеўлерге, тәлим-тәрбияға үлкен үлес қосып киятырған тәжирийбели педагог, белгили илимпаз - Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң профессоры, юридикалық илимлердиң докторы Гавҳар Йўлдашева сайланды.

    Мәжилис жуўмағында Кеңес ағзалары инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық шәртнамалардың орынланыўын мониторинг етиўде жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў бойынша усыныслар таярлаў, Орайдың жумысын мониторинг етип барыў, инсан ҳуқықларын қорғаў илажларының нәтийжелилигин жақсылаў бойынша усыныслар билдириў бойынша келисип алды.

    Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы

    Миллий орайы баспасөз хызмети.