Ипотека — адамларды үйли-жайлы етиў ушын қосымша имканият

    Толық турмыс. Буны ҳәр ким түрлише түсиниўи мүмкин. Бизде бул көбирек шаңарақ, турақ жай менен байланысады.

    Шаңарағымыз тыныш, билимли, өнерли перзентлеримиз жанымызда саламат жүрсе ҳәмде ең тийкарғысы, өз үйимиз болса, мине, усының өзи үлкен бахыт. Бизиң бахтымыз сонда, биз бундай шараят жаратыўды реформалардың ең тийкарғы ҳәм бирлемши ўазыйпасы деп билетуғын мәмлекетте жасап атырмыз. Бир ғана ипотека базары анализи усындай деп айтыўымызға тийкар бола алады.

    Гәп сонда, адамлардың турақ жай сатып алыў имканиятын кеңейтиў мақсетинде төрт жыл алдын ипотека системасының базар принциплерине тийкарланған жаңа тәртиби енгизилди. Оған муўапық, өткен дәўирде барлық дәреклерден 100 триллион сум қаржы бағдарланды. Оның есабынан аймақларда 6 мың көп қабатлы турақ жай қурылып, 250 мың шаңарақ баспанаға ийе болды. Дәраматы жоқары болмаған 45 мың шаңараққа басланғыш төлем ҳәм процент төлеми ушын 2,4 триллион сумлық субсидия берилди.

    Мәмлекетимиздиң барлық аймағында турақ жай қурыў тез пәт пенен артып, көлеми жыл сайын кеңеймекте. Ғәрезсизлик жылларында турақ жай фондының улыўма майданы 1,9 есеге артты. Халық санының өсип барыўын есапқа алып, бундай жумыслардың избе-из даўам еттирилиўи өткен ҳәптеде Президентимиздиң қатнасында болып өткен мәжилислерде де айрықша атап өтилди.

    Орайлық банк мағлыўматларына қарағанда, өткен жылы банклер тәрепинен 68 мың 395 пуқараға 16 триллион 850,9 миллиард сум муғдарында ипотека кредити берилген. Ажыратылған ипотека кредити муғдары жағынан 2022-жылға салыстырғанда 17,2 процентке көп болса да, кредит алыўшылар саны азайған. Яғный, өткен жылы 70 мың 913 адам банклердиң бул хызметинен пайдаланған. 2022-жылы бир ипотека кредитиниң орташа муғдары 202,7 миллион сум болған болса, 2023-жылы бул көрсеткиш 246,4 миллион сумды қурады.

    Әйтеўир санлар емес

    Бир қарағанда санлар көбейип кеткендей болып көринеди. Бирақ, мине, усы санлардың артында тәғдирлер, адамлардың тәшўиши турғанын есапқа алсақ, олардың әҳмийети еледе артып барады. Бир ғана Сергели районында 2016-жылы басланған көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы мине, усындай машқала менен жасап атырған жүзлеген ўатанласларымыздың үйли болғанын бүгин бәршемиз көрип турмыз. Бул баслама адамлардың жыллар даўамында әмелге аспай атырған арзыў-нийетлерин жүзеге шығарды. Итибарлысы, бул турақ жайлар қолайлы ипотека шәрти тийкарында берилди. Кейин ала бул жумыслар мәмлекетимиздиң барлық аймағына көшти.

    Ипотека кредити турақ жай менен тәмийинлениў дәрежесин арттырыў менен бирге, шаңарақларды материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлайды. Турақлы дәрамат дәреклерин қәлиплестирип, турмыс шараятын жақсылаўға жәрдем береди. Буны мәмлекетимиз басшысының "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманы мысалында да көриўимиз мүмкин. Атап айтқанда, пәрманда кәмбағал шаңарақлардың машқалаларын шешиў арқалы мәмлекетте кәмбағаллық дәрежесин азайтыў, аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған шаңарақларға комплексли басқышпа-басқыш социаллық жәрдем көрсетиўге байланыслы жумыслар атап өтилген.

    Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде кем тәмийинленген халыққа ипотека кредитин бериў бойынша салмақлы жумыслар орынланбақта. Бирақ, халықтың ипотека кредитине талабы толық қанаатландырылмақта, деп айтыў қыйын. Буның өзине тән себеплери бар. Өтиў дәўиринде экономикамызда бақланып атырған төмен процентли ҳәм узақ мүддетли ресурсларға талап жоқарылығы, барлық тармақлар инфраструктурасын қәлиплестириўши характерге ийе болған қурылыс индустриясын раўажландырыў зәрүрлиги сыяқлы факторлар буған тәсир көрсетпекте. Бундай тосқынлықларды сапластырыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 30-апрельдеги "2024-жылы ипотека кредитлерин ажыратыў механизмлерин жетилистириў ҳәм халықтың турақ жай шараятларын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы және Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 21-октябрьдеги "Мәҳәлле жетилиги" усынысы тийкарында кәмбағаллықтан шығарыў бағдарламасына киргизилген ҳәм үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған шахсларға ипотека кредитин ажыратыў тәртиби жәрияланды. Сол арқалы кем тәмийинленген шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў ушын берилетуғын ипотека кредити бойынша ҳуқықый-нормативлик база беккемленди.

    Буннан тысқары, ипотека кредити ушын ишки инвестиция - халық қорлары ҳәм институционал инвесторлардың қаржысы тартылатуғын болды. Бул болса экономиканың реал секторларын, әсиресе, қурылыс ҳәм оған байланыслы тармақларды тиккелей қаржыландырыў имканиятын берди. Нәтийжеде мәмлекеттиң тиккелей араласыўысыз жарамсыз турақ жай фондын тиклеў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў машқалаларына шешим табылды. Булардың барлығы салыққа тартылатуғын базаның кеңейиўин ҳәм бюджетке салық ҳәм жыйымлар түсиминиң көбейиўин хошаметлейди.

    Жәҳән тәжирийбесине бола, ипотека базары мәмлекет экономикасын бир пүтин ҳалда раўажландырыўдың әҳмийетли факторы болып есапланады. Бул кредит, әсиресе, кем тәмийинленген халықтың талабын қанаатландырып, экономиканы жанландырыў, тармақлардың байланысын тәмийинлеўде қолайлы болады. Улыўма алғанда ипотека көшпес мүлк ямаса жер гиреўи есабынан қарыз бериў болып табылады. Экономикалық әдебиятлар ҳәм де әмелиятта "ипотека" атамасын бир қанша мәнисте қолланыў жағдайы бар. Бул атама тийкарында "көшпес мүлк объектлериниң гиреўи" ҳәм де "көшпес мүлк тәмийнаты тийкарында берилген банк ссудасы бойынша қарыздарлық" деп тәрийиплейди. Мәмлекетимизде пуқаралық ҳуқықый қатнасықларда ипотека атамасы тийкарында жер майданлары, имаратлар және басқа көшпес мүлклердиң гиреўи түсиниледи. Кеңирек ҳәм толық мәнисте ипотека банк ссудасы есабындағы ипотека кредитинен тысқары ипотека облигациялары базарын да өзинде жәмлейди.

    Ипотека кредити көшпес мүлк, маратлар ҳәм жер майданларын гиреўге алған ҳалда көшпес мүлклерди сатып алыў, оларды жаңадан қурыў ямаса оңлаў, жерлерди өзлестириў мақсетинде ажыратылатуғын узақ мүддетли ссуда болып табылады.

    Социаллық әдилликке хызмет етиўши ҳүжжетлер

    Бүгин халықтың кем тәмийинленген қатламына ипотека кредити берилиўи сатып алыўға ийтермелейтуғын қызықлы кредитлеў усылы болып бармақта. Ипотека кредитин раўажландырыў халықтың турақ жайға болған талабын қанаатландырыў бойынша мәмлекеттиң социаллық мәселелерин шешиўде үлкен әҳмийетке ийе.

    Президентимиздиң 2024-жыл 30-апрельдеги пәрманы тийкарында Базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы халықты турақ жай менен тәмийинлеў бағдарламасы тастыйықланды. Бул бағдарлама бойынша аймақларда заманагөй архитектура көринисине ийе 100 мың квартирадан ибарат көп қабатлы турақ жайлар қурыў, қурылыс шөлкемлерин қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде оларға базар принциплери тийкарында ажыратылған кредитлер бойынша компенсация ҳәм кепилликлер бериў, қурылысқа "жасыл" турақ жай стандартларын кеңнен енгизиў, ипотека кредитлерин қаржыландырыўға мәмлекетлик бюджет Турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж шахсларға жеке тәртиптеги турақ жай қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў ушын 120 миллион сумға шекем ипотека кредити ажыратылатуғын болды.

    Бул жумыслардың әмелдеги орынланыўын тәмийинлеўде Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 21-октябрьдеги қарары тийкарында тастыйықланған реже үлкен әҳмийетке ие. Усы тийкарда турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж шахсларға жеке тәртиптеги турақ жай қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаўда кадастр паспортын рәсмийлестириў және көшпес мүлкке ийелик ҳуқықын мәмлекетлик дизимнен өткериў менен байланыслы төлемлердиң муғдары 50 процентке азайтылды. Оларға берилген және бир жеңиллик сыпатында жеке тәртиптеги турақ жай қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў ушын ажыратылған ипотека кредити бойынша дәслепки төлем және процент қәрежетиниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидия subsidyplatform.mf.uz төлем платформасы арқалы ажыратылыўын көрсетиў мүмкин.

    Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 11-ноябрьдеги "Ипотека кредитлерин ажыратыў механизмлери жетилистирилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып кем тәмийинленген халық арасынан ипотека кредити бойынша субсидия алыўшы пуқараларды таңлаў нормаларына өзгерислер киргизилди. Ипотека кредити бойынша дәслепки төлем ҳәм процент қәрежетиниң бир бөлегин қаплап бериў ушын субсидия төлеўдиң автоматластырылған системасының енгизилиўи, ипотека кредити бойынша субсидия төленетуғын пуқараларды таңлап алыў нормаларының жетилистирилиўи, коммерциялық банклер тәрепинен пуқараларға ажыратылған ипотека кредитин қайта қаржыландырыў тәртиби белгиленетуғыны усылардың қатарына киреди.

    Қәне, бул өзгерислер алдынғы тәртиптен неси менен парықланады?

    Субсидия алыў ушын арзалардың критерияларға муўапықлығын баҳалаў менен шуғылланатуғын шөлкемлердиң қурамы да өзгермекте ҳәм процесс 14 жумыс күнинен 5 жумыс күнине шекем қысқартылмақта. Соның ишинде, бурынғы тәртипте ипотека кредити субсидиясы ушын арза бериўши усыныс еткен арза тийкарында талабанның социаллық нормаларға сәйкеслигин анықлаў ҳәм баҳалаўға районлық (қалалық) салық инспекциялары, медицина бирлеспелери, қаржы бөлимлери және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлимлери жуўапкер еди. Енди бул функциялар subsidiya.idm.uz программалық тәмийнат системасы арқалы Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Әдиллик министрлиги, Кадастр агентлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Салық комитети тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп берилди.

    Үйренип шығыў процесинде пуқараның анкета-арзасында көрсетилген мағлыўматлардан келип шығып, бул мағлыўматларды баҳалаў ушын районлық (қалалық) экономика ҳәм қаржы бөлимлери, районлық (қалалық) салық инспекциялары қатнасатуғын жуўапкер шөлкемлер болды. Медицина мәкемелери ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў бөлимлери процесстен шетлетилди.

    Сондай-ақ, буннан былай жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын субсидия берилмейди. Субсидия тек ғана турақ жай сатып алыў ушын бериледи. Субсидиялар қаплайтуғын процентлер муғдары өзгереди. Жаңа кредитлер бойынша жыллық 12 проценттен жоқары болған бөлеги, 2025-жылдан баслап болса Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жоқары бөлеги компенсацияланады.

    Буйыртпалар тийисли коммерциялық банклердиң бас офиси арқалы Экономика ҳәм қаржы министрлигине усынылады ҳәм министрлик оны 5 жумыс күнинде төлеп береди. Бурын төлемлер есабат айының 25-күнине шекем әмелге асырылатуғын еди. Бул усыллар да адамлардың мәпине хызмет етип, оларға қолайлық жаратып атырғаны менен айрықша ажыралып турады.

    Ажыратылып атырған қаржы көлеми барған сайын артып бармақта

    Президентимиз басшылығында 2019-жыл 28-октябрьде халықты турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм ипотека базарын раўажландырыў мәселелерине бағышлап өткерилген мәжилисте аўылларда турақ жай қурыў системасын реформалаў, бул бағдарда да бәсеки ҳәм сапа болыўы ушын буйыртпашы функциясы "Қишлоқ қурилиш инвест" инжиниринг компаниясынан басқышпа-басқыш жеке меншик секторға өткерилиўи белгилеп берилген еди. Нәтийжеде мәмлекетимизде кем тәмийинленген халыққа ипотека кредитин бериў әмелияты жетилистирилди. Жаратылып атырған экономикалық ҳәм социаллық қорғаў усыллары себеп коммерциялық банклер ажыратып атырған ипотека кредитиниң көлеми сезилерли дәрежеде артып бармақта. Соның ишинде, 2023-жылы банклер өз қаржылары есабынан 5 триллион 717,3 миллиард сум кредит ажыратқан. Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясының ресурслары есабынан 2022-жылы тек ғана 167 миллиард сум ипотека кредити ажыратылған болса, 2023-жылы компания қаржыларынан 1 триллион 576,3 миллиард сум ипотека кредити қаржыландырылған.

    2023-жылы коммерциялық банклердиң ресурс қаржылары есабынан ажыратылған ипотека кредитиниң жәми ажыратылған ипотека кредитиндеги үлеси 2021-жылға салыстырғанда 25 процентке, 2022-жылға салыстырғанда болса 8 процентке артып, 34 процентке жеткен болса, усы дәўирде орайласқан ресурс қаржылары есабынан ажыратылған ипотека кредитиниң үлеси 71,2 проценттен 56,7 процентке шекем азайған.

    Бул төменлеўди кейинги жыллары халықты ипотека кредитлери арқалы турақ жай менен тәмийинлеўде мәмлекеттиң қатнасын басқышпа-басқыш азайтып, қаржыландырыўдың базар механизмлерине үстинлик берилип атырғаны менен түсиндириўге болады.

    Усы жылдың январь-сентябрь айларында халыққа 11,72 триллион сум муғдарында ипотека кредити ажыратылған. Бул процессте 42 мың 790 пуқара банклерден процентли қарыз алған. Ипотека кредитиниң 65 проценти бирлемши, 35 проценти екилемши базардағы турақ жайларды сатып алыўға ажыратылған. Процентли қарызлардың 65 процентин 31-50 жастағылар, 27 процентин 18 - 30 жастағылар, 8 процентин 50 жастан жоқары адамлар алған.

    Ипотека кредитин шегарасыз бериў тек ғана коммерциялық банклер емес, ал басқа да қаржы институтларының жумысына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Сондай-ақ, мәмлекетимизде кем тәмийинленген шаңарақларды ипотека кредити әмелиятын жетилистириў бағдарында бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар бар. Ипотека кредити берилиўи усы кредитти режелестириў, басқарыўды әмелге асырыўшы тәжирийбели банк қәнигелери ҳәм усы кредитлерден нәтийжели пайдаланыўшы халықты талап етеди. Бизде бундай қәнигелер ҳәм тутыныўшылар топары енди жетисип шықпақта.

    Буннан тысқары, кем тәмийинленген шаңарақларға ипотека кредитин бериў банклер тәрепинен узақ мүддетке мөлшерленген пул қаржысын талап етеди. Бүгин кем тәмийинленген шаңарақларға Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң қаржысы есабынан санаўлы банклер ғана ипотека кредитин бериўи мүмкин.

    Кем тәмийинленген шаңарақларға турақ жай биринши дәрежели зәрүрлик болып, ийесиниң социаллық статусын белгилейди. Турақ жай сатып алыў үлкен көлемдеги қаржы болыўын талап етип, оған узақ мүддетли топлаў нәтийжесинде ерисиў мүмкин. Демек, турақ жай мәселеси халықты мийнет етиўге ҳәм жыйнаўға ийтермелейди.

    Ипотека базарының раўажланыўы халықты турақ жай менен тәмийинлеў мәселесине шешим табыў менен бирге, халыққа көрсетилетуғын банк хызметлерин жетилистириўге, қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы ҳәм турақ жай қурылысы менен шуғылланыўшы кәрханалардың, қалаберсе, финанслық институтлардың раўажланыўына хызмет етеди.

    Мақсуд РУСТАМОВ,

    экономика илимлериниң докторы, профессор

    Иброҳим ТОЙМУҲАМЕДОВ,

    экономика илимлериниң докторы, профессор