Соның ишинде, өткен қысқа мүддетте республика ҳәм аймақлар көлеминде жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ушын 30 ға шамалас ҳуқықый-нормативлик ҳүжжет қабыл етилди.

Жаңа редакциядағы Конституциямызда мәмлекет халықты жумыс пенен тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша илажлар көриўи белгилеп қойылды. Сондай-ақ, "Өзбекстан - 2030" стратегиясында да 2026-жылға шекем кәмбағаллықты 2022-жылға салыстырғанда 2 есеге, 2030-жылға шекем болса кескин қысқартыў, кәмбағаллыққа түсиў қәўпи бар 4,5 миллион адамның дәраматын арттырыў, социаллық шериклик тийкарында 500 мың маман қәниге таярлаў тийкарғы ўазыйпа сыпатында атап өтилген.

Өткен дәўирде мыңлаған микро ҳәм киши кәрханалар үлкен-үлкен компаниялар менен бәсекилесе баслады. Мәселен, 1600 микро кәрхана бир жылда пул айланысын 10 миллиард сумнан асырып, бирден орта кәрханаға, 143 и болса 100 миллиард сумнан асырып, ири кәрханаға айланды. Және 122 киши кәрхана алдыға еки қәдем секирип, ири бизнес субъектлериниң қатарына қосылды.

2024-жылы пул айланысы 1 триллион сумнан асқан 203 кәрхана бар еди. 2025-жылдың дәслепки алты айында оларға қосымша және 47 кәрхана 400-500 миллиард сумлық шекти ийеледи.

Бизнести "саядан" шығарыў бойынша жаңа механизмлер көбейтилгени есабынан 139 мың кәрханада жумыс орынлары 811 мыңға көбейип, 2,2 миллионнан 3 миллионға жетти. 273 мың кәрхана мийнет ҳақы фондын 22 процент ямаса 4,6 триллион сумға асырды. 2025-жылы жеке меншик секторда орташа айлық 4 миллион сумды қураған болса, өткен жылы 5 миллион сумға шамаласты.

Кейинги жылларда халықаралық майдандағы өзгерислер миллий экономикамызға да үлкен тәсир етпекте. Экономикалық жеделликтиң төменлеўи, сыртқы саўда, логистика, азық-аўқат ҳәм шийки зат баҳасы, энергия менен турақлы тәмийинлеўдеги машқалалар исбилерменлерди қәўетерге салмақта.

Түрли келиспеўшиликлер себепли мәмлекетлераралық логистика ҳәм өним жеткерип бериў шынжыры үзилгени, бирге ислесиўши мәмлекетлер валютасының қәдирсизленгени, глобал көлемде инфляция дәрежеси жоқары болып қалып атырғаны ақыбетинде финанслық ресурслардың қымбатлаўы сыяқлы көплеген факторлар исбилерменлерге унамсыз тәсир етпекте.

Буннан тысқары, күн сайын көбейип атырған халық ушын дәрамат дәреклерин табыў, жумыс пенен тәмийинлеў, өз жумысын баслап алыўы ушын имканият жаратыўға байланыслы машқалалар саны да артпақта. Усындай қыйын жағдайда исбилерменликти қоллап-қуўатлаўдың биринши ҳәм тийкарғы бағдарларынан бири финанслық ресурслар тәмийнатын көбейтиў болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, бизнести қоллап-қуўатлаўдың ең әҳмийетли инструменти - бул финанслық хызметлер. Жақсы жойбарлар ушын қаржы излеп атырған исбилерменлер көп, инвестиция киргиземен, дегенлер де жетерли.

Әмелдеги тәртипке бола, жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер инвестиция киргизип атырған шахсты шөлкемлестириўши етип алыўға мәжбүр. Бирақ буған ҳәмме де разы бола бермейди. Сол себепли, ресурс бойынша тийкарғы жүклеме елеге шекем банклердиң мойнына түспекте.

Бул бағдарда да мәмлекетимизде бир қанша жумыслар исленди. Киши ҳәм орта бизнести финанслық қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасы енгизилди. Бул бағдарда Бизнести раўажландырыў банки ҳәм Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы шөлкемлестирилип, 2024-жылдың басынан 35 мыңнан аслам исбилерменге орташа 100 миллион сумнан жәми 3,5 триллион сум микрокредит ажыратылды.

Буннан тысқары, "Бизнеске биринши қәдем" бағдарламасы бойынша исбилерменликти енди баслап атырған 115 мың адамға 1 триллион сумлық микроқарызлар берилди.

Бул жағдайларда тийкарғы қаржыландырыўшы елеге шекем коммерциялық банклер болып қалмақта. Елимизде жумыс алып барып атырған коммерциялық банклердиң саны бүгин 35 ти қурайды. Соның ушын да ҳәзирги ўақытта микроқаржы базарында банк емес шөлкемлердиң саны ҳәм әҳмийети артып бармақта.

Коммерциялық банклер ҳәм банк емес шөлкемлер берип атырған қаржы муғдары артса да, күн сайын көбейип атырған исбилерменлер ҳәм халықтың талабын толық қанаатландыра алмай атыр. Буннан тысқары, бул структуралар арасындағы байланысларды және де беккемлеў ҳәм микроқаржыландырыў тараўын жетилистириў мақсетинде "Банклик емес кредит шөлкемлери ҳәм микроқаржыландырыў жумысы ҳаққында"ғы нызам және Президентимиздиң "Исбилерменлик жумысын раўажландырыўда микроқаржы хызметлериниң орны ҳәм үлесин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.

Бул нызам ҳәм қарар менен микроқаржы шөлкемлери ҳәм коммерциялық банклер арасында байланыстырыўшы буўын жаратыў, сондай-ақ, микроқаржы шөлкемлери ушын қосымша финанслық ресурслар, соның ишинде, депозит тартыў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде банк хызметлерин рухсат етилген шәртлер тийкарында көрсетиў ўәкиллигине ийе болған юридикалық шахс - микроқаржы банки институтын енгизиў, микроқаржы шөлкемлерин микроқаржы банклерине ҳәм микроқаржы банклерин коммерциялық банклерге және керисинше трансформациялаўдың ҳуқықый тийкарлары ислеп шығылды.

Усы нормативлик ҳүжжетлерге тийкарланып, мәмлекетте микроқаржыландырыў базарының көлемин кеминде 5 есеге арттырыў, микроқаржы хызметлери менен 1 миллионнан аслам исбилерменлик субъектин қамтып алыў, микроқаржы шөлкемлериниң ресурс базасында физикалық тәреплерден тартылатуғын қаржы муғдарын 2 есеге арттырыў ҳәм микроқаржы хызметин көрсетиў арқалы рәсмий дәраматқа ийе болмаған 500 мыңға шамалас шахстың өзин-өзи бәнт етиўи ҳәм бизнесин раўажландырыўға жәрдемлесиў ўазыйпалары белгилеп берилди.

Буннан тысқары, қарарда исбилерменлик субъектлерине ажыратылатуғын микроқарыздың ең жоқары муғдары 50 миллион сумнан 100 миллион сумға шекем арттырылды. Соның менен бирге, микроқаржы шөлкемлерине резидент емеслерден сырт ел валютасында қарыз қаржыларын тартыў ҳәм юридикалық тәреплерге сырт ел валютасында финанслық хызметлер көрсетиў, физикалық тәреп болған қатнасыўшылардан устав фондына киргизилген үлес суммасының ямаса олардың ийелигиндеги акциялардың номинал баҳасының еки есесинен аспаған муғдарда қарыз қаржыларын тартыўға рухсат берилди.

Қарарға бола, микроқаржы шөлкемлерине коммерциялық банклерден кредит ресурслары тартылғанда ямаса исбилерменлик субъектлерине микроқаржы шөлкемлеринен микрокредит алынғанда "Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы" АЖ кепиллигин бериў имканияты жаратылатуғыны көрсетип өтилген.

Жәҳән тәжирийбеси тийкарында Өзбекстанда қәлиплесип атырған микроқаржыландырыў банклери киши ҳәм орта исбилерменликти қоллап-қуўатлаўдың әҳмийетли қуралына айланбақта. Себеби, микроқаржыландырыў банклери микроқәржыландырыўдың ишки дереклерине бағдарланғанлығы концепциясына сәйкес келеди ҳәм микроқаржы банклериниң кредит системасын раўажландырыўға жәрдем береди. Бул болса сыртқы глобал экономикалық қәўип-қәтерлер шараятында мәмлекет экономикасын раўажландырыўға жәрдемлесиўши қурал ўазыйпасын атқарады.

Мағлыўматларға бола, дүньяда 140 миллионнан аслам адам ҳәр қыйлы микроқаржыландырыў хызметлерден пайдаланады ҳәм микроқаржы шөлкемлериниң улыўма портфели 124 миллиард доллардан артады.

Улыўма алғанда, дүнья тәжирийбеси микроқаржыландырыў кәмбағал адамлардың дәслеп өзин-өзи бәнт етиўи ушын зәрүр өндирислик имканиятларды ашыў усылы екенин көрсетеди. Бирақ микроқаржыландырыў кредит шәртнамаларына тийкарланып, инновацияларды енгизиў ушын да қолланылады.

Бүгин микроқаржыландырыў бағдарламалары АҚШ, Франция, Германия, Уллы Британия, Канада, Швеция ҳәм басқа да мәмлекетлерде де бар. Экономикалық жақтан раўажланған мәмлекетлерде микроқаржыландырыў базарынан социаллық ўазыйпаларды шешиў ушын нәтийжели қурал сыпатында пайдаланылады. Ол жумыссызлық дәрежесин азайтыў, халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң потенциалын жүзеге шығарыўда зәрүр болған финанслық қоллап-қуўатлаў жумысларында оғада әҳмийетли.

Дәстүрий коммерциялық банклерден парықлы түрде микроқаржы банки киши көлемдеги кредитлер ҳәм финанслық хызметлерди төмен дәраматлы халық, микробизнес ҳәм фермер хожалықларына усынатуғын финанслық институт болып табылады.

Банклерге сәйкес бағдарда микроқаржыландырыў шөлкемлериниң жумысына кеңнен жол ашылыўы исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў дәреклериниң көбейиўине, нәтийжеде экономикалық белсендиликтиң күшейиўине хызмет етеди.

Мақсуд РУСТАМОВ,

Ибрайым ТОЙМУХАММЕДОВ,

Ташкент мәмлекетлик экономика университети профессорлары