Сондай-ақ, додалаўда Финляндияның «Peikko Group», «Elematic», «AINS Group», «Kone» ҳәм «East office» сыяқлы ири компанияларының басшылары қатнасты.
Ушырасыўда жаңа перспективалы жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары конструктивлик тәризде додаланды. Финляндия тәрепине Өзбекстанда жаратылған қолайлы исбилерменлик орталығының тийкарғы тәреплери және турақ жай қурылысы ҳәм электротехника өнимлерин ислеп шығарыў бағдарларында жаңа инвестициялық жойбарлар усынылды.
Өз гезегинде, Финляндия компанияларының ўәкиллери жаңа жойбарларға үлкен қызығыўшылық ҳәм қысқа мүддетлерде жойбар алды жумысларды жуўмақлап, әмелий басқышқа өтиўге таяр екенлигин билдирди. Финляндия тәжирийбеси ҳәм технологияларын тартқан ҳалда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплери тийкарында бир қатар жойбарларды әмелге асырыў ҳаққында келисип алынды.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша тәреплер өз-ара бирге ислесиўдиң барлық додаланған бағдарлары бойынша қатнасықларды буннан былай да беккемлеў ҳәм кеңейтиўге садықлығын билдирди және 2025-жылға мөлшерленген илажлар режесин келисип алды, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.