Атап айтқанда, быйыл 27-январь күни "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы мәмлекетлик бағдарламасы жойбары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде Президентимиз бул бағдардағы тийкарғы бағдарларды белгилеп берген еди. Қайта тиклениўши энергия үлесин 26 процентке жеткериў, өндиристи модернизациялаў арқалы ресурсларды үнемлеў солардың қатарына киреди.
Тийкарғы мақсет - экономикалық нәтийжелиликти экологиялық жуўапкершилик пенен үйлестириў. Бул ўазыйпалар мәмлекетимиз басшысының усы жыл 30-майдағы "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәм тоғайларды басқарыў системасында реформаларды избе-из даўам еттириў, жасыл аймақларды кеңейтиў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы және "Тоғай ҳәм жасыл аймақларды көбейтиў, шөллениўге қарсы гүресиў агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарары менен беккемленди.
Жасыллық, экологиялық турақлылық, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеў бир жыллық илаж емес, "жасыл" келешек гөзленген улыўма миллий ҳәрекетлер болып есапланады. "Жасыл мәкан" улыўма миллий бағдарламасы шеңберинде ҳәр жылы 200 миллион түп терек егилмекте. Өткен үш жылда 698 бағ ҳәм 316 жәмийетлик парк шөлкемлестирилди. Арал теңизиниң қурыған ултанында 2 миллион гектардан аслам майданда путазарлық жаратылды.
Бундай ийгиликли жумысларды даўам еттирген ҳалда быйыл 18 тоғай хожалығы шөлкемлестирилди. Оларда "илим - жойбар - әмелият" принципи тийкарында генетикалық селекция жумыслары күшейтилип, туқымгершилик лабораториялары, интенсив тәжирийбе участкалары ҳәм аналық плантациялары жолға қойылады. Бул хожалықларда усы жылдың өзинде 123 миллион түп нәл таярланады. "Жасыл әлем" платформасы иске қосылып, оларды онлайн сатып алыў имканияты жаратылады.
Пәрманда 2026-жыл 1-январьдан баслап терек ҳәм пута нәллериниң көгерип шығыўы, өмиршеңлиги, кеселлик ҳәм зыянкеслерге шыдамлылығын арттырыўдың мақсетли көрсеткишлери белгиленди. Атап айтқанда, туқымгершилик лабораторияларында аймақлардың климат шараятына сәйкес өсимлик түрлеринен аналик плантациялары шөлкемлестириледи, мәмлекетлик тоғай хожалықлары тәрепинен жеткерип берилип атырған нәллердиң көлеми 2 есеге арттырылады.
Ең әҳмийетлиси, тоғай фонды жер майданлары айрықша қорғалады ҳәм олардың категориясын өзгертиў Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарына муўапық әмелге асырылады.
Өткен дәўирде "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде өзине тән система жаратылды. Ҳүжжетке бола, бул бағдардағы жумыслар және де жеделлестириледи. Соның ишинде, 2025-жыл 1-октябрьден баслап "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарында жәмийетшиликтиң қатнасын арттырыў, "Жасыл мәкан" электрон платформасында ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм санластырыўға қаратылған механизмлер енгизиледи.
- Пәрманда халықтың басламасы менен терек егиў мүмкин болған анық аймақ, суў тәмийнаты, кейин ала тәрбиялаў имканияты ҳәм тереклердиң түрлери көрсетилиўи оғада үлкен әҳмийетке ийе, - дейди Тоғай хожалығы агентлигиниң жуўаплы хызметкери Дилноза Жўраева. - Сондай-ақ, тоғай қорына кирмейтуғын терек ҳәм путалардың баҳалы сортларын нызамға қайшы түрде кескен ямаса жоқ еткен шахслар тәрепинен компенсация сыпатында егилген терек ҳәм пута нәллериниң есабын жүргизиў системасы енгизиледи.
Усы жерде және бир әҳмийетли мәселеге тоқтап өтиў зәрүр. "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарына мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар есабынан исленетуғын жумыслар жәмийетшиликке "ҳәр бир тийин жумсалыўын бақлаў" принципи тийкарында онлайн жеткериледи. Терек ҳәм путаларды кесиў ушын рухсатнама бериў бойынша мүрәжат еткен шахс ҳаққындағы мағлыўмат, көширилиўи ямаса кесилиўи усыныс етилип атырған терек ҳәм көшириў себеби, анық мәнзили, жайласыўы, фото ҳәм видео көринислери сәўлелендириледи.
Тереклерди нызамға қайшы түрде кескен физикалық ҳәм юридикалық тәреплер, бул ҳуқықбузарлықлар ҳәм оларға байланыслы көрилген шаралар бойынша "Жасыл мәкан" электрон платформасына турақлы түрде мағлыўматлар киргизилип барылады.
Соның менен бирге, ҳүжжетте маман қәнигелерди таярлаў мәселеси де белгиленбекте. 2025-2026-оқыў жылынан Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети (Green University) ҳәм "жасыл" техникумларда сабақ процесслери дуал билимлендириў формасында жолға қойылады.
Илимий-әмелий сабақларды шөлкемлестириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда ботаника ҳәм гендрология бағлары қурылады.
Бир сөз бенен айтқанда, егилген ҳәр бир терек алға тасланған қәдем, сақлап қалынған ҳәр бир "жасыл" аймақ ертеңги күн ушын инвестиция болып есапланады. Президентимиз тәрепинен қол қойылған бул ҳүжжетлер мине усы мақсетлерге хызмет ететуғынлығы менен әҳмийетли.
Лутфулла СУВОНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы




