Ҳәзирги ўақытта жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы жаңаланыўлар, олардың бағдары, мақсети, көлеми, жәмийетимизге, мәмлекетимизге пайдасы көпшиликти қызықтырады, деп ойлайман. Усы мәнисте, мәмлекетимизде елдиң раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығына тиккелей тәсир көрсететуғын бағдарлардағы айырым реформаларға тоқтап өтиўди зәрүр деп таптық.
Биринши бағдар - коррупцияға қарсы гүресиў. Президентимиз Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде реформалар шешиўши басқышқа кирип атырған ҳәзирги ўақытта елимизде коррупциядан жырақ орталық жаратыў бойынша жумысларға баҳа берип, келешектеги ўазыйпаларды анық белгилеп алыў зәрүрлигин атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы "Реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық ҳәм иркиниш - бул коррупция болып есапланады. Буны дүнья тәжирийбеси де толық тастыйықлайды. Коррупция ақыбетинде жәҳән экономикасы жылына 3 триллион доллар зыян көрип атырғаны бул глобал қәўип екенинен дәрек береди", деди.
Усы көзқарастан, кейинги жыллары мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша анық система жаратылғаны, өз алдына нызамлар қабыл етилип, парламент палаталарында жуўапкер комитетлер, Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси ҳәм өз алдына агентлик шөлкемлестирилгени үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Нәтийжеде мәмлекетимиздиң ашықлық бойынша халықаралық рейтинглердеги орны 138 текше жақсыланып, Орайлық Азияда биринши, дүньяда 30-орынға көтерилди.
Коррупцияны қысқартыўда санластырыў ҳәм инсан факторын азайтыўға айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда әҳмийетли қарарлар қабыл етилди. Соның ишинде, жерди ҳәким қарары менен ажыратыўдан толық ўаз кешип, аукцион системасына өтилгени нәтийжесинде бул система халықшыл болды. Сондай-ақ, "Ашық-айдын қурылыс" бағдарламасы енгизилгеннен кейин ең коррупцияласқан тараўлардан бири болған қурылыс тараўында да унамлы өзгерислер бақланбақта.
Қурылыс тараўы санластырылғаны есабынан өткен 4 жылда бюджеттиң 3,6 триллион сум қаржысы үнемленди. Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша нызам қабыл етилгени, таңлаў ҳәм тендер санластырылып, саламат бәсеки жүзеге келгени себепли өткен жылы 14 триллион сум үнемленди.
Бурын инвестиция бағдарламасына киргизилген объектлерди қуратуғын жумысты бөлип алып ислеўшилер мыңға да жетпейтуғын еди. Өткен жылы 13,5 мың объекттиң қурылысында 4000 нан аслам жумысты бөлип алып ислеўши қатнасты.
"Халық хызметиндеги мәмлекет" принципи тийкарында халық ҳәм исбилерменлерге хызмет көрсетиў жолға қойылыўы нәтийжесинде 120 түрдеги ҳүжжетти талап етиў, 160 тан аслам лицензия ҳәм рухсатнама бийкар етилди. Нәтийжеде 200 мыңға шамалас жаңа исбилермен базарға кирип келди. Сырт ел қатнасыўындағы кәрханалар дерлик 5 есеге артып, 23 мыңға шамаласты. Электрон мәмлекетлик хызметлер саны 15 есеге артып, 721 ге жетти. Олардан пайдаланыўшылар болса 11 миллионнан асты.
Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы мәплер соқлығысыўы, қымбат баҳада товар сатып алыў ямаса хызмет көрсетиў тийкарынан мәмлекетлик сатып алыўларда бақланып атырғанын да көрсетип өтти. Сондай-ақ, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Есап палатасына парламенттиң бюджетке жуўапкер комитетлери менен биргеликте тиккелей сатып алыўларды 2 есеге қысқартыў тапсырылды. Жылдың ақырына шекем жасалма интеллект жәрдеминде мәмлекетлик сатып алыўларда нызамға қайшы жағдайларды анықлаў ҳәм алдын алыў бойынша электрон системаны иске қосыў ўазыйпасы қойылды.
Бюджеттен тысқары қаржылар есабынан алынып атырған товарларды да тәртипке салыў ўақты келгени атап өтилди. Бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар есабынан тийкарғы қуралларды сатып алыў бойынша талаплар күшейтилетуғыны белгиленди.
Улыўма, мәжилисте жәмийетимизде коррупцияға маўасасыз орталық қәлиплестириў, коррупцияның ақыбетлери менен емес, оларды келтирип шығаратуғын себеплер менен шуғылланыў арқалы бул иллеттиң ерте алдын алыў бойынша белгиленген ўазыйпалар реформалардың нәтийжелилигин кескин арттырыўға хызмет ететуғыны менен әҳмийетли болып есапланады.
Екинши бағдар - хызметлер тараўы ҳәм жергиликли санаатты раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын ашыў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў.
Хызметлер тараўында ерисилген нәтийжелер ҳәм тараўда шешилиўи керек болған машқалалар Президентимиздиң басшылығында 2025-жыл 7-февраль күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде ҳәр тәреплеме талланды.
Тараўды раўажландырыў бойынша қабыл етилген бағдарламалардың орынланыўы нәтийжесинде хызметлердиң баҳасы 2018-жылдағы 19 миллиард доллардан 2024-жылы 65 миллиард долларға артып, өсиў пәти 3,5 еседи қурады. Сондай-ақ, IТ, финанслық хызметлер, туризм, авиация, билимлендириў ҳәм медицинадағы жоқары дәрежедеги өсиў нәтийжесинде қосымша 1,5 миллион адам сервисте турақлы дәраматқа ийе болды. Соның менен бирге, кейинги жети жылда халықтың дәраматы ҳәм төлеў қәбилети 2 есеге өсип, халықта жаңаша хызмет түрлерине талап артпақта.
Елимиздеги қолайлы инвестициялық орталық, исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ушын усынылып атырған жеңиллик ҳәм имканиятлар 2025-жыл ушын белгиленген хызметлер көлемин 15 процентке арттырып, 82 миллиард долларға, экспортты болса 8,5 миллиард долларға алып шығыў, тараўда 2,5 миллион пуқараны дәрамат дәрегине ийе етиў бағдарындағы көрсеткишлерди артығы менен орынлаў имканиятын көрсетпекте.
Бул тараўды және де раўажландырыў мақсетинде Президентимиздиң 2025-жыл 27-февральдағы "Хызметлер тараўының турақлы раўажланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарында тийкарғы мақсет ҳәм бағдарлар белгиленди. Соның ишинде, 2025-жылы хызметлер көлемин 15 процентке арттырыў, хызметлер тараўында 3 миллион адамды дәраматлы мийнет пенен тәмийинлеў ҳәм 52,2 мың хызмет көрсетиў объектин шөлкемлестириў тийкарғы мақсетли көрсеткишлер сыпатында атап өтилди.
Оған ерисиўди тәмийинлеў мақсетинде айырым жеңилликлер де белгиленди. Соның ишинде, усақлап сатыў ҳәм улыўма аўқатланыў, мийманхана (жайластырыў) хызметлери, автотранспортта жолаўшы ҳәм жүк тасыў, транспорт қуралларын оңлаў ҳәм техникалық хызмет көрсетиў, компьютер хызметлери, турмыслық техниканы оңлаў, аграр ҳәм ветеринария хызметлери және кеўилашар орынларда хызмет көрсетиўши исбилерменлик субъектлери ушын 1 процентлик социаллық салық ставкасының әмел етиў мүддети 2028-жыл 1-январьға шекем создырылды.
Аймақларда 2025-жылы 72 жағалық бойында дем алыў орны, 62 заманагөй көринистеги дем алыў бағы, 154 күни-түни жумыс алып баратуғын туризм ҳәм гастрономиялық бағдарға қәнигелескен саўда ҳәм кеўилашар көшелер және 364 жол бойы ҳәм басқа да сервис объектин шөлкемлестириў сыяқлы 652 драйвер жойбарды инфраструктура менен тәмийинлеўге мәмлекетлик бюджеттен 1 триллион сум қаратылады. Бул арқалы "Инсан қәдири ушын" принципи тийкарында халықтың дем алыўы ушын қолайлы шараятлар жаратылады ҳәм хызмет көрсетиўдиң жаңа түрлери шөлкемлестириледи, сапасы және де жақсыланады.
Үшинши бағдар - глобал экономикалық өзгерислердиң миллий экономикамыздың турақлылығына унамсыз тәсириниң алдын алыў.
Дүньяда жүз берип атырған экономикалық өзгерислердиң тараў ҳәм тармақларға тәсирин азайтыў илажлары бойынша 2025-жыл 18-апрель күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде Президентимиз бул машқалаларға айрықша тоқтап, олардың шешими бойынша толық көрсетпелер берген еди.
Кейинги жыллары мәмлекетимиздиң экспорты 2,2 есеге артты. Сыртқы саўда айланысы жалпы ишки өнимге салыстырғанда 57 процентке жетти. Әлбетте, бул санлар реформалардың нәтийжелилиги менен бир қатарда, миллий экономикамыз сыртқы базарларға қаншелли байланыслы екенин көрсетеди.
Бундай шараятта тек ғана өз күшимиз ҳәм ишки имканиятларымызға сүйенип, исенимли қәдем таслаў керек екенлиги атап өтилди. Ҳәр бир министрлик, тармақ ҳәм аймақ басшысы анық реже дүзип, өндирис, экспорт пенен жеке шуғылланыўы шәрт екенлиги көрсетип өтилди.
Әсиресе, стандарт ҳәм сертификатлаў системасындағы артықша талап ҳәм машқалалар исбилерменликтиң раўажланыўы ҳәм экспорт потенциалын арттырыўда айырым мәселелерди келтирип шығармақта. Елимиздеги 25 мыңнан аслам стандарт, 41 техникалық регламент халықаралық базар талапларына сәйкес келмейди. Бул гөнерген талап ҳәм бюрократия исбилерменлердиң "қолын байламақта", коррупцияны келтирип шығармақта. Үсти-үстине сертификатлаў әмелияты елеге шекем даўам етип атырғаны себепли адамлар сергиздан болып атырғаны атап өтилди.
Бул бағдардағы машқаланың шешимин тәмийинлеў ҳәм белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде быйыл 18-апрельде Президентимиздиң "Өндирис, экспорт ҳәм исбилерменлик жумысын хошаметлеў, саўда ҳәм санаат сиясатының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилди.
Ҳүжжетте техникалық жақтан тәртипке салыў, санитария-эпидемиология, ветеринария, карантин уйымларының өнимге жуўмақ бериў ўәкиллиги анық белгилеп қойылды. Тәкирарланыўшы ҳәм үсти-үстине түскен тәртиплер басқышпа-басқыш бийкар етилетуғыны белгиленди. Сондай-ақ, сертификат алыў мәжбүрий болған товарлар дизими қысқартылып, өнимниң муўапықлығын декларациялаў әмелияты енгизилди.
Әсбап-үскене, шийки зат, арнаўлы техника, транспорт импортында елимизде тән алынатуғын сырт ел сапа ҳәм қадағалаў системаларының өлшеми ислеп шығылыўы ҳәм оларды импорт етиўде миллий сертификат алыў талап етилмейтуғыны да белгиленди.
Мәжилисте усы бағдарда барлық тәртипти өз ишине алған "Базар қадағалаўы ҳаққында"ғы нызамды қабыл етиў зәрүрлиги атап өтилди. Әлбетте, бул нызамның қабыл етилиўи жергиликли ислеп шығарыўшыларға өз товарлары менен сыртқы базарларға шығыў имканиятын және де кеңейтеди, елимиздиң экспорт потенциалын арттырыўға хызмет етеди.
Төртинши бағдар - ипотека бағдарламасын орынлаўда "Инсан қәдири ушын" принципи.
Бүгин халықты турақ жай менен тәмийинлеў мәмлекетимиздиң айрықша итибарында. Бул бағдарда бир қатар бағдарламалар қабыл етилди, ипотека базарын буннан былай да раўажландырыў ҳәм халықтың кем тәмийинленген бөлегин турақ жай менен тәмийинлеў бойынша тийисли пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.
2025-жыл 23-январь күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде Президентимиз бул тараўда ерисилген унамлы нәтийжелер менен бирге, келешекте әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Мәмлекетимизде 2024-жылы 100 мыңнан аслам квартираға ийе 2044 көп қабатлы турақ жай қурылды. Бул - жан басына турақ жай көлеми 2020-жылдағы 16 квадрат метрден 2024-жылы 19 квадрат метрге артты, дегени. Өткен жылы 21,4 миллион квадрат метр турақ жай ҳәм 19,1 миллион квадрат метр турақ жай емес объектлер қурылып, мебель, электротехника, тоқымашылық, қурылыс материаллары тараўларында қосымша 11 триллион сумлық базар жаратылды ҳәм бул тараўларда 350 мың адам жумыслы болды.
Мәжилисте соңғы жыллары халықтың саны жылына дерлик 800 мыңға, жаңа шаңарақлардың саны болса 300 мыңға артып атырғаны турақ жайға талапты қанаатландырыў бойынша жумысларды жеделлестириўди талап етип атырғаны атап өтилди.
Президентимиздиң 2025-жыл 21-февральдағы "Турақ жай ҳәм ипотека базарын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы турақ жай қурылысы көлемин кеңейтиў ҳәм ипотека базарын буннан былай да раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болды. Себеби, ҳүжжет пенен 2025-жылы базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы халықты турақ жай менен тәмийинлеў бағдарламасының тийкарғы бағдарлары белгилеп берилди.
Белгиленген көрсеткишлерге ерисиў ушын аймақларда 8,1 миллион метр квадраттан ибарат 135 мың квартиралы турақ жайлар қурыў, ипотека кредити бойынша дәслепки төлем ҳәм процент төлеминиң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар санын 1,5 есеге арттырыў, оған мәмлекетлик бюджеттен 2,5 триллион сум қаратыў, турақ жай ҳәм ипотека базарын финанслық ресурслар менен тәмийинлеў ушын болса 20,9 триллион сум ипотека кредити ажыратыў мақсет етилген.
Сондай-ақ, "Жаңа Өзбекстан" ҳәм басқа да массивлерде көп квартиралы турақ жайлар қурыўда қатнасатуғын қурылыс шөлкемлерин айланыс қаржы менен тәмийинлеў ушын мәмлекетлик бюджеттен 700 миллиард сум және коммерциялық банклердиң қаржысы есабынан 3 триллион сум қаратыў белгиленген.
2030-жылға шекем кеминде 100 "Жаңа Өзбекстан" массивлерин қурыў режелестирилгенинен келип шығып, жаңа массивлер ушын жер кеминде 70 мың адам жасайтуғын район орайы ямаса қала аймағына 1-2 километр қашықлықтағы орыннан ажыратылады. Бул массивлердиң ҳәр биринде 100 мың квадрат метр турақ жай қурылады. Буның ушын 2025-жылы "Жаңа Өзбекстан" массивлериниң инфраструктурасы ушын 1,2 триллион сум ажыратылған.
Улыўма алғанда, мәмлекетимиздеги жаңаланыў процеси күн сайын жеделлеспекте. Әсиресе, экономикалық турақлылықты тәмийинлеў жолындағы реформалар үлкен әҳмийетке ийе. Усы жерде июнь айы да экономикалық илажларға бай болып атырғанын атап өтиў керек. Әсиресе, IV Ташкент халықаралық инвестициялық форумында Президентимиз билдирген пикирлер ҳәм алға қойылған усыныслар, Сырт ел инвесторлары кеңесиндеги шығып сөйлеген сөзинде көтерилген мәселелер, форум жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлер Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын буннан былай да арттырыў, социаллық-экономикалық раўажланыў пәтлериниң турақлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Эркин ГАДОЕВ,
Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетиниң баслығы