Жүзимзарлы көше. Ҳақыйқатында да, жүзимлери бар, болғанында да жайлардың төбесинен де бийик. Салқын ғана жүзимзар жолды көше деўге тилиң бармайды. Егер машиналар жүрмесе, тап сулыў жайдың майданындай, ҳәўес етерлик. Қәнекей енди Жийдезар, Тутзар, Бадамзар, Алмазар, Ерикзар атлы көшелердиң ҳәммеси де өз атына сай болса екен. Мүмкин, бир ўақытлары усындай мийўелерге бай болғаны ушын олар усындай ат пенен аталған шығар?
Мәселен, пайтахтымыздың Бешқайрағаш көшеси бойлап ҳәр бир шаңарақтың алдында мийўели нәллер егилген, мисли жол бойында узын бағ пайда болған. Кейинги ўақытлары негедур бул көшеде де тереклер әдеўир азайып қалғанын көремиз. Ямаса ипподром базарына кетеберистеги “Мийўели” көшеси де алдын ҳәр қыйлы мийўели тереклер менен пайызлы еди. Жумыстан шаршап киятырғаныңызда автобус айнасынан бул көше сондай сулыў көринетуғын еди, кеўлиңиз рәҳәтленип, шаршағаныңыз шығады. Бәҳәрде шылылып гүллеген, жазда ғарқ пискен, гүзде түрли түске енетуғын тереклердиң көбиси кесип тасланды. Мейли, қартайып қалған шығар. Бирақ көшениң бурынғы пайызлығын, гөззаллығын тиклеў ушын және нәл егиў керек емес пе? Терекзар көшелер жол бойына пайыз бериўи менен бирге ең әзиз жемис - кислород дереги ғой. Ақыры кислородсыз жасай аламыз ба? Бир ғана 2019-жылғы пандемия буны анық көрсетип берди.
Орны келгенде бир ибратлы ўақыяны еске алыў орынлы. 78 жасар атаға емлеўханада 24 саат даўамында кислород үскенесин жалғап қойғанында, жағдайы жақсыланып баслайды. Емлеўлерден соң оған төлем чеки берилгенде, чекке қарап жылап жибереди. Доктор ғаррыға буның ушын қайғырмаўын айтады. Ол болса "Мен төлем ушын жылап атырғаным жоқ. Буны төлеўге пулым жетеди. Бирақ 24 саатлық кислород ушын сонша төлемди көрип, 78 жылдан берли Жаратқанның ҳаўасынан бир сом төлемсиз дем алып атырғанымды ойлап атырман. Буның ушын мен оған қанша қарыздар екенимди билесиз бе", дейди.
Тереклер бизге бийминнет кислород береди. Ол ақшаға шағылса ғо! Тереклерди кесип, тамырына шекем сатыўды билетуғын адамлар олардың экологиялық әҳмийети тапқан пулынан неше есе қымбат туратуғынын сезгенде еди...
Мағлыўматларға қарағанда, бир адамның таза ҳаўаға болған талабын қанаатландырыў ушын 22 терек керек. Бир терек жылына орташа 22 килограмм карбонат ангидридти жутып, глобал ысыўдың алдын алыўға жәрдем береди. Буннан тысқары, тереклер ҳаўада ушатуғын зыянлы затлар - шаң, зәҳәрли газлерди өз жапырақлары арқалы фильтрлейди. Қала орталығында өсип атырған бир терек ҳәр жылы 60-70 килограмм шаң ҳәм зыянлы затты жоқ ете алады. Сондай-ақ, тереклер ҳаўа температурасын нормалластырыўда да үлкен роль ойнайды. Олар қуяш нурларын услап қалып, жазда ҳаўаны 5-8 градус суўытыўы, қыста болса самалды тосып, микроықлымды жыллырақ сақлаўы мүмкин.
Изертлеўлерге бола, Жасыл аймақларда сейил етиў стрессти азайтады, қан басымын нормалластырады ҳәм руўхый жағдайды жақсылайды. Усы мәнисте терек егиў ҳәм оларды қорғаў ҳәр бир инсанның экологиялық жуўапкершилиги болып есапланады. Көшелерге терек егиўди миннетлеме емес, ийгиликли ҳәрекет, деп билиўимиз зәрүр. Жоқарыда ҳәўес еткенимиз - мийўезар көшелер көбейсе, алма, ерик, жүзимлер мол болады және дәрамат келтирип атырғаны ушын көшелеримизге меҳримиз артады.
Әндижанның Булақбасында тонналап жүзим көшелердеги жүзимзарлардан тиккелей экспортқа жибериледи. Ўәлаяттың шетки ҳәм шегара аймағы - Қорғантепа районында да жүзимзар көшелер пайда болып атырғаны қуўанышлы. Буннан 2 жыл алдын райондағы "Ушқын" МПЖда 2 көшеге жүзим егилген. Усы күнлерде оған қоңсы Маъмуробод мәҳәллесинде де 2 километрден аслам жерге жүзимзар егилген. Маъмуробод мәҳәллесиндеги ҳәким жәрдемшиси Абзалбек Араббоевтың айтыўынша, жүзим нәллериниң жаңа, атап айтқанда, "Аватар", "Әндижан қара" сортлары егилип атыр екен. Мәҳәллениң 3 көшеси жүзимзарлық, бир көшеси болса шийезарлыққа айланады. Шембилик жолы менен 1200 түп черешня нәли егилген “Водий гавҳари” көшесиниң 2-3 жылдан кейинги көриниси көз алдымызға келди. Әсиресе, бәҳәрде жүдә гөззал көринис пайда болады. Жүзимзар көшелер де оннан қалыспайды.
Негизинде Маъмуробод мәҳәллеси шарўашылыққа қәнигелескен. Енди жүзимшиликтиң тәжирийбесин алыў мақсет етилген. Мақсет - экологиялық таза аймақ жаратыў арқалы дәрамат табыў. Сол себепли, мәҳәлледе жүзимзар ушын қаржысы жетпейтуғын шаңарақларға жеңиллетилген кредитлер берилмекте. Базары шаққан жүзимлер қысқа ўақытта - 2 жылда өним бере баслағаннан соң, жүзимзар ушын алынған қаржы толық қапланады. Қалаберди, шийениң де тез өним беретуғын сорты таңланған. Және бир жақсы имканият, аймақтағы "Ақсуў" фермер хожалығы шийени көтере сатып алады. Ол жерде туқымынан ажыратылған мийўени қадақланған ҳалда музлатып, экспортқа бағдарлаў, сондай-ақ, қайта ислеў жолға қойылған. Қанша шийе болса да қалып кетпейди. Буны истиң көзин билиў, делинеди. Көшелерден мол зүрәәт алып, оны дәраматлы тараўға айландырыў ушын мине усындай системалы жумыслардың жолға қойылғаны қуўанышлы. Бул жақын келешекте мәҳәллениң экономикалық жағдайын сезилерли дәрежеде арттыратуғыны сөзсиз.
Ҳәр бир мийўениң өзине тән өзгешелиги, қарыйдары бар. Усы мәнисте көшелеримизди мийўели тереклер, ҳәттеки әпиўайы тал, терек пенен байытсақ өзимиз де байып барамыз. Мәселен, Жиззақ ўәлаятының Замин районындағы шырша тоғайлары, қырым қарағайы, каштан, шынар егилген көшелер аймақтың ҳаўасының тазалығын тәмийинлеп келмекте. Таўдың таза ҳаўасына үнлес таза кислородтан дем алыў ушын мыңлаған наўқаслар келеди. Буннан кейин аймақтың экономикасы раўажланады. Соны түсинип жеткен сайын, "Жасыл мәкан" улыўма миллий ҳәрекети шеңбериндеги жумыслар көзабаға болмаўы керек екенлигин аңлаймыз. Сонша қаржы есабынан жерге егилген тереклердиң ҳәр бири, әлбетте, жасаўын қәлеймиз. Бирақ, тереклердиң қуўраўы жылдан-жылға азаймақта. Бунда турақлы қадағалаў-рейд илажлары әҳмийетли фактор болмақта. Ис-ҳәрекетлердиң нәтийжесинде, 2024-жылы 600 мыңға шамалас терек кесилиўиниң алды алынды. Аймақлардағы терек егиўге басшылардың өзи бас-қас болып атырғаны қуўанышлы.
Бухара қаласының И.Каримов көшеси бойлап өткен тийкарғы жолдың 1 километрге шамалас бөлегине садақайрағаш, шумтал, қарағай сыяқлы 500 түпке шамалас саяманлы терек нәли отырғызылды. Ендиги мақсет ашық майданлар бойлап отырғышлар, түнги жақтыландырыў шырақларын орнатыў. Сонда бул жерлер халық көп келетуғын орынға айланады. Бул арқалы саўда ҳәм хызмет көрсетиў де раўажланады.
Қарақалпақстандағы 17 мәҳәллеге де қайрағаш ҳәм шумтал сыяқлы саяманлы тереклер егилип, жасыл аймақ кеңейтилмекте. Қарақалпақстан Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети жуўапкерлериниң айтыўынша, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде режелестирилген 8 миллион 750 мың түп нәлдиң дерлик барлығы егилип болынған.
Өткен 2024-жылдың 21-октябрь күни Президентимиздиң басшылығында "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңбериндеги жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде нәл егиў жумысларын шөлкемлескенлик пенен шөлкемлестириў имканиятлары көрсетилген еди. Бул бағдарда үлкен күш мәҳәллелер екени, соның ушын, "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери өзине бириктирилген көшелерде 100 түптен жәми 6 миллион саяманлы терек өсирилиўи, басқа көшелер, бос майданлар ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың әтирапына болса 3 миллион түп нәл егилиўи белгиленген.
Автомобиль жоллары бойына нәл егиў, жол бойындағы 2 мың километр жер 10 мың пуқара ҳәм исбилерменге бөлип берилип, жасыл майданлардың кеңейтилиўи нәзерде тутылған. Усы жыл 1-март күнинен баслап егилген тереклер "Жасыл мәкан" электрон платформасына киргизилип барылмақта. Тәжирийбе тәризинде иске қосылған платформа ҳәр бир теректиң өсип-өниўин қадағалап барыў имканиятын береди. Булардың барлығы "Жасыл мәкан" улыўма миллий ҳәрекетин шын мәнисинде келешек тийкарына айландырыў ушын хызмет етеди. Туўры, глобаллық машқала - экологиялық мәселелер шешими мәҳәллелерде шешилмекте.
Муножат МЎМИНОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы