Қарақалпақстан, Хорезм, Самарқанд, Бухара ҳәм пайтахттағы "Бәркамал әўлад" орайларында кеминде 100 орынлық балалар туристлик базасы шөлкемлестирилетуғыны айтылып, жуўапкерлерге қызықлы туризм топламларын жаратып, ҳәр жылы 1 миллион оқыўшыны Өзбекстан бойлап саяхатқа тартыў ўазыйпасы тапсырылған еди.
Ҳәзир оқыўшы ҳәм студентлер дем алыста. Сонлықтан, қойылған ўазыйпаларды әмелге асырыўдың әйне пайыты. Итибарлысы, жуўапкерлер буған қатаң кирискен. Мысал ушын, усы күнлерде Туризм комитети тәрепинен "Өзбекстан бойлап саяхат ет!" жойбары шеңберинде 20 мың оқыўшының саяхаты шөлкемлестирилмекте. Жасларға қолайлы бағдарлардан музейлер, галереялар, тарийхый естеликлер, мәдений мийрас объектлери ҳәм дем алыў бағлары орын алған.
Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 30-апрельдеги "Ишки туризм хызметлерин диверсификациялаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына бола, ҳәр жылы "Жаслар туризми айлығы"н өткериў, оның шеңберинде болса "Жаслар туризми" қурылтайын шөлкемлестириў белгиленген.
"Жаслар туризми айлығы" быйыл 20-июльден 20-августқа шекем өткерилиўи нәзерде тутылмақта. Айлық шеңберинде оқыўшы, студент ҳәм жаслардың зыярат етиў орынлары, дыққатқа ылайық орынларға системалы саяхатлары, республика бойлап шеберлик сабақлары ҳәм тарийхымызды жанлы көрсететуғын театрластырылған тамашалар шөлкемлестириледи. Жаслар кейинги жылларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен таныстырылады. Бул оларда елде болып атырған өзгерислерге байланыслылық сезимин қәлиплестиреди.
11-16-август күнлери болса Шаҳрисабз районындағы "Лочин" балалар саламатландырыў дем алыў орайында "Жаслар келешек дөретиўшилери!" IV экология ҳәм туризм халықаралық қурылтайының өткерилиўи белгиленген. Қурылтай шеңберинде республиканың ҳәр бир аймағынан 50 қәбилетли, социаллық қорғаўға мүтәж, соның ишинде, майыплығы болған ҳәм "Жаслар дәптери"не киргизилген оқыўшы, студент ҳәм жаслар тартылады. Саяхат оларда бир-бири менен пикирлесиў, жәмәәтте ислесиў ҳәм басшылық көнликпелерин раўажландырыўға жәрдем береди. Жаңа дослар ҳәм байланыслар орнатылады.
Китапқумарлық күнлери, миллий ҳәм этноспорт түрлери бойынша жарыслар ҳәм мәдений-кеўил ашар илажлар, жоқары нәтийжелерге ерискен ҳәм жасларға үлги көрсететуғын спортшылар, тренерлер, көркем өнер, мәденият, илим ҳәм бизнес тараўларының ўәкиллериниң қатнасыўында шеберлик сабақлары, өнерментлер, театр ҳәм кино дөретиўшилери менен сөйлесиўлер болады. Булар тек ғана кеўил ашар илажлар емес, ал умытып болмайтуғын билим, тәжирийбе ҳәм ўатансүйиўшилик сабақлары болатуғынына гүман жоқ.
Ўатанды тереңирек аңлаў имканияты
Қызықлы экскурсия, гастрономиялық саяхат, билимлендириў, ағартыўшылық ҳәм спорт илажлары... Саяхатқа атланған жас өспирим ушын ўатанының тарийхый орынлары, мәдений мийрасы, тәбийғый гөззаллықлары, жергиликли үрп-әдет ҳәм дәстүрлер менен танысыў, жаңа дослар, билим, тәжирийбе арттырыў имканияты жүдә тартымлы. Әлемди билиў, дүнья қарасын кеңейтиў, жеке өсиў, өзин көрсетиў тилеги турмыс қуўанышларын сезиўге бейим бул жаста өзгеше мазмун алады. Әҳмийетлиси, оларға усы шараятты жаратыў, дүньяны өзгертиўге уқыплы жаңа идеяларға түртки бериў. Балалар туристлик базаларын шөлкемлестириў басламасы мине усы ийгиликли мақсетти өзинде жәмлеген.
Наманган ўәлаятында биринши мәрте жумыс баслаған, 150 орынға ийе балалар туристлик базасы бүгин көплеген жасларды өз қушағына шақырмақта.
- Балаларды саяхат ҳәм экскурсияларға тартыў, мәдений мийрас пенен таныстырыў, турмыслық көнликпелерин раўажландырыў, дослық ҳәм социаллық белсендиликти арттырыў тийкарғы бағдарларымыздан, - дейди Наманган балалар туристлик базасының баслығы Бобур Баҳриддинов. - Дәслеп елимиздиң түрли аймақларынан келген 110 ул-қызды Наманганның дыққатқа ылайық орынлары менен таныстырдық. "Жас саяхатшы", "Жас экскурсовод", "Жас үлкетаныўшы" сыяқлы бағдарлар арқалы Ўатанымыз тарийхы, әййемги зыярат орынлары, миллий үрп-әдетлеримиз бенен жақыннан таныстырыў, қоршаған орталықты қорғаў, сақлаў, балалар арасында экология ҳәм саяхат етиў мәдениятын арттырыў нәзерде тутылған.
Мәкемеде оқыўшылар тек ғана қызықлы дем алып қоймастан, ал қәбилетин сынап көриў, ўатанды тереңирек аңлаў имканиятына ийе болмақта.
Тараўдың раўажланыўында ғалаба илажлардың әҳмиети үлкен
Туризм жәҳән экономикасында дәраматлы ҳәм жедел раўажланып атырған тараўлардан бири. Бул базардың тийкарғы сегментлеринен бири оқыўшы ҳәм жаслар болып есапланады. Балалар ҳәм жаслар туризминиң раўажланыўында болса ғалабалық илажлардың үлеси үлкен.
- Усы жылдың 22-25-май күнлери "Мойнақ ралли" автомобиль жарысы шөлкемлестирилди, - дейди Туризм комитетиниң бас қәнигеси Бекзод Муродуллаев. - Онда жергиликли жаслар менен бирге қоңсылас республикалардан келген саяхатшылар мотоцикл ҳәм жеңил автомобильлерде шеберлигин көрсетти.
20 мыңға шамалас жасты бир жерге жәмлеген бул илаждан гөзленген мақсет Мойнақ ҳәм Аралбойы брендин жаңаша көрсетиў, Аралбойының сийрек ушырасатуғын тәбийғый ландшафты, тарийхы арқалы таныстырыў еди. Аралбойы тек ғана экологиялық емес, ал тарийхый аймақ болып есапланады. Бул саяхат ул-қызларды бай тарийх, ўақыт дизбегиндеги өзгерислер менен жақыннан танысыў, экологияға абайлы мүнәсибетте болыўға шақырған болса әжеп емес.
Жақында "Арал теңизине поезд" жаслар экологиялық акциясы өткерилди. Акция қатнасыўшылары Нөкис ҳәм Мойнақ районларындағы дыққатқа ылайық орынларға барды. Аралбойының экологиялық машқалалары менен тиккелей танысып, оны сапластырыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат алды.
Жаслар "Арал бизики" сүрени астында Арал теңизи тарийхы музейи, "кеме қойымшылығы" ҳәм естелик комплекслери менен танысты. "Жасыл мәкан" улыўма миллий бағдарламасы шеңберинде Аралбойы халықаралық инновация орайына саяхат жасларды умытылмас тәсирлер менен таныстырды.
- Аралға саяхат өмиримдеги умытылмас ўақыялардан бири болды, - дейди Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясының студенти Севинч Аҳмедова. - Саяхат даўамында Қарақалпақстандағы мәдений орайлар ҳәм музейлерге бардық ҳәм Мойнақ районындағы өзгерислер менен таныстық. Теңлеслерим тәрепинен елимиздиң туристлик потенциалы кеңнен үгит-нәсиятланып, контентлер таярланды ҳәм миллий мийрасымызды сақлаўға қаратылған идеялар алға қойылды. Әсиресе, Арал апатшылығы ҳаққында исленген сүўретлер бир өмир ядымда қалды. Оларда теңиз суўының жоғалыўы, қумлы ҳәм дузлы майданлар, гөнерген кемелер ҳәм балықшылар, сексеўил ҳәм шөлге шыдамлы басқа түрдеги өсимликлер егилип атырғаны, қурылыс жумысларының көринислери бар. Бул тәбияттың қурамалылығы ҳәм инсан турмысына тәсири ҳаққындағы билимлеримиздиң артыўына жәрдем берди. Саяхаттан қайтқан соң, экоакадемия клубын шөлкемлестириўге киристик. Мақсетимиз жасларда экологиялық пикирлеў ҳәм жуўапкершиликти қәлиплестириў болып, Арал апатшылығы сыяқлы машқалаларды үйрениў арқалы әмелий шешимлер табыў ҳәм оны келешекте халықаралық дәрежеге алып шығыў болып табылады.
Қоршаған орталық ҳәм жәмийет алдындағы жуўапкершиликти аңлаў, тәбиятты сақлаў, оны пүткиллей келешек әўладқа жеткериў ўазыйпасының қаншелли әҳмиетли екенин илаж қатнасыўшысы болған ҳәр бир жигит-қыз терең аңламақта. Суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, тәбийғый орталыққа зыян жеткермеў принципи мине усы саяхатлар арқалы жаслардың санасына сиңдирилмекте.
Тәбият қойнындағы турлар, экотуризм ҳәм спорт сапары саламат турмыс тәризине үлес қосыўы менен әҳмийетли. Жаңа орталықтағы тәсирлер стрессти азайтады, мотивацияны арттырады. Усы мақсетте 26-май - 1-июнь күнлери Ташкент ўәлаяты Бостанлық районындағы жаслар дем алыў орайында бир ҳәптелик "Экооромгоҳ - 2025" ҳәм оның шеңберинде "Экология билимданлары" таңлаўы өткерилди. Бул илажға республикамыз бойлап жәми 300 ден аслам қәбилетли ҳәм белсенди жаслар қамтып алынды.
Есте қаларлық естеликлер ҳәм гүрриңлер жаңа орынлар, жаңа адамлар менен танысыў мәўритлеринде жүзеге келеди. Жаңа орталық ҳәм тәжирийбелер инсанды күшлирек етеди, ҳәр бир жумыста дөретиўшилик пенен қатнас жасаўға ийтермелейди. Бүгин бос ўақтын мазмунлы өткерип атырған, саяхат кеўлине рәўшанлық бағышлап атырған жаслар ертең ўатанға пайдаланатуғын, ҳәр бир жумыста белсенди бола алатуғын пидайы, потенциаллы инсанлар болып камалға келиўине үмит байланбақта. Қалаберди, балалар ҳәм жаслардың саяхаты транспорт, мийманхана, аўқатланыў, өнерментшилик тараўларының раўажланыўына унамлы тәсир көрсетеди. Бул, өз гезегинде, мәмлекет экономикасына мүнәсип үлес қосады.
Рисолат МАДИЕВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы




