Итибарлы тәрепи, ҳәзир жасларымыз сырт елге барып билим алыўдан гөре, өзимизде, ең заманагөй билимлендириў орынларында оқыўды абзал көрмекте. Себеби, бул жерде жаратылған шараятлар менен имканиятлар сырт елдикинен дерлик парық қылмайды. Усындай тартымлылық ҳәм имидж себепли ул-қызларымыздың жоқары билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси тоғыз проценттен қырық еки процентке көтерилди.
Әсиресе, мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 8-октябрьдеги "Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы пәрманы тараўдың раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге хызмет етпекте. Себеби, концепцияда қәнигелердиң мийнет базарында өз орнын таба алатуғын жоқары маман кадрлар болыўына қаратылған илажлар белгиленген. Жоқары билимлендириў мәкемелерин басқышпа-басқыш өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткериў ҳәм финанслық турақлылығын тәмийинлеў, инфраструктурасын жақсылаў, жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў нәзерде тутылған.
Заманагөй бәсекиге шыдамлы кадрларды жетистириў, өз гезегинде, жоқары билимлендириў системасына инновацияларды киргизиўди талап етпекте. Глобалласыў шараятында мәмлекетимиз келешегин интакер, стратегиялық пикирлейтуғын, билимли ҳәм қәнигели жаңа әўлад кадрларсыз көз алдымызға келтире алмаймыз.
Және бир ең әҳмийетли тәрепи сонда, концепция тийкарында жоқары оқыў орынларында қамтып алыў дәрежеси кеңейтилди, әмелиятқа санлы технологиялар ҳәм билимлендириў платформалары кеңнен енгизилмекте.
Санластырыў сапаны жақсылап, ашық-айдынлықты тәмийинлейди
Бүгин заманагөй мәлимлеме технологиялары социаллық турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланып үлгерди. Қалаберди, бул процесс барлық тараўлардың раўажланыўына да унамлы тәсир көрсетпекте. Соның ишинде, “HEMIS” мәлимлеме системасы жоқары билимлендириў процесслерин аңсат басқарыўға, билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеўге жәрдем бермекте. Мәселен, Ташкент мәмлекетлик техника университетинде бул системаның енгизилиўи нәтийжесинде статистикалық есабатлар, топар журналлары, өзлестириў протоколлары, сабақ ҳәм имтихан кестелери, диплом ҳәм академиялық мағлыўматларды тиккелей бақлаў имканияты жаратылды.
Жоқары билимлендириў системасында басқышпа-басқыш енгизилип атырған санлы көзқараслар 2024/2025-оқыў жылында сезилерли нәтийже берди. Соның ишинде, "EduBilling" мәлимлеме системасы арқалы студентлер ушын төлемли контракт, қайта оқыў ҳәм студентлер турақ жайлары менен байланыслы шәртнамалар электрон түрде рәсмийлестирилди. Атап айтқанда, төлемли контракт тийкарында оқыў, қарыздар пәнлерди қайта оқыў тилегин билдирген студентлер, сондай-ақ, студентлер турақ жайларына жайласыў бойынша мыңлаған шәртнама онлайн қәлиплестирилди. Буннан тысқары, магистратура, екинши қәнигелик, оқыўды көшириў ҳәм тиклеў сыяқлы бағдарларда арзалар жибериў толық санластырылып, арзалар электрон түрде қабыл етилди.
Үйрениў ҳәм таллаўлар жаслар, ата-аналар ҳәм кең жәмийетшилик бундай санластырыў жумысларынан разы екенин көрсетпекте. Себеби, олар ўақтын, қаржысын үнемлеп, сапалы мәмлекетлик хызметлерден пайдаланбақта. Енди жаслар жоқары билимлендириў мәкемесине ҳүжжет тапсырыў ушын жол басып, ўақыт ҳәм қаржы жумсап отырмайды. Бирден онлайн платформаға кирип, өзи қәлеген бағдарға арза тапсырады. Соң және өз үстинде ислеўди даўам еттиреди.
Егер абитуриенттиң пикири өзгерип қалса, арзаны алып, және басқасына жоллаўы мүмкин. Қулласы, ул-қызлар ушын соншелли кең имканиятлар жаратылған, олардың барлығы ең заманагөй пикирлейтуғын сапалы кадрларды жетистириўге қаратылған. Әҳмийетлиси, ашық-айдын ҳәм әдил система жаслардың арзыў-нийетлерине қанат бағышламақта.
Усы жылдың 5-июнинен баслап мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 24-майдағы "Жоқары билимлендириў шөлкемлерине оқыўға қабыллаў ҳәм мәмлекетлик буйыртпаны жайластырыў системасын жетилистириў ҳаққында"ғы пәрманына муўапық, 2024-2025-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў басланды.
Өткен жылдан баслап басқышпа-басқыш енгизилген жаңа тәртиплер быйыл да даўам еттириледи. Яғный қабыллаў еки басқышта - "алдын тест, кейин таңлаў" принципине муўапық әмелге асырылады. Оған бола, абитуриентлер алдын тест сынақларын тапсырады, соң өз нәтийжелерине қарап 15 күн ишинде жоқары билимлендириў мәкемеси, бағдар ҳәм оқыў формасын таңлайды. Бул тәртип абитуриентлерге өз билим дәрежесине сәйкес бағдар таңлаўда әдалатлы имканият жаратады.
Және бир гәп. Енди мәмлекетлик грант төрт жылға бир мәрте емес, ал ҳәр оқыў жылы ушын қайта ажыратылады. Яғный студент оқыў даўамында жоқары өзлестириў көрсеткишин сақлап қалса, грант тийкарында билим алыўды даўам еттиреди. Демек, студент өз үстинде турақлы ислеп, билимлерин арттырып барады. Нәтийжеде студентлер арасында илимий ҳәм әмелий белсендилик артады, саламат бәсеки орталығы қәлиплеседи. Жоқары рейтингке ерисе алмағанлар болса төлемли-шәртнама тийкарында билим алыўды даўам еттиреди. Әлбетте, олар кейинги оқыў жылында пуқта оқып, грант тийкарындағы билимлендириўге өтиўи мүмкин.
Сондай-ақ, быйылғы қабыллаўда II ҳәм III топар майыплығы болған шахслар тестте арнаўлы шараятлар, созылған ўақыт ҳәм жәрдемши қураллар менен тәмийинленеди. Олар ушын өз алдына квоталар бар.
Жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған шахслар нызамшылықта белгиленген тәртипте өз алдына квоталар тийкарында оқыўға қабыл етиледи.
Әскерий хызметкерлердиң перзентлери, шетки аймақтағы мектеп питкериўшилери, халықаралық олимпиада жеңимпазлары, имтихансыз қабыллаў ушын сертификатқа ие болғанлар тийисли ҳүжжетлер тийкарында жеңилликлер алады.
Абитуриентлерде С1 дәрежедеги тил билиў сертификаты болса, тийисли пән бойынша тест тапсырыўдан азат етиледи ямаса имтиханда максимал балл бериледи.
Быйылғы өзгериске бола, шет тили биринши пән болған, шет тили тийкарғы пәннен таңланған бағдарлар ушын абитуриентте тил сертификаты мәжбүрий болады.
Быйылғы қабыллаўдың және бир итибарлы тәрепи сонда, сыртқы билимлендириў формасы тоқтатылды. Енди студентлер, тийкарынан, күндизги, кешки ҳәм аралықтан оқыўы мүмкин.
Кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери ушын контракт төлемин мәмлекет тәрепинен қаплап бериў системасы сақлап қалынды. Бул система "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" арқалы баҳаланады.
Улыўма алғанда, елимизде жоқары билимлендириўге қабыллаў системасы басқышпа-басқыш жаңаланып бармақта. Бул жаңаланыўлар жасларға қолайлық жаратыў менен бирге оларды илимге шақырып атырғаны менен әҳмийетли.
Равшан ДУСМАТОВ,
техника илимлери бойынша философия докторы,
доцент