Конференцияның ашылыў пленар мәжилисине республикамыздағы жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларынан илимпазлар, белгили жазыўшы ҳәм шайырлар, нураный устазлар, Әжинияз шайырдың әўладлары, институт профессор-оқытыўшылары, студентлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Илажда сөзге шыққанлар усы жылдың 16-июль күни қабыл етилген Президентимиздиң «Белгили қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарарына муўапық шайырдың юбилейи республикалық ҳәм халықаралық көлемде кең түрде белгиленип атырғанлығын атап өтти.
Әсиресе, Президентимиздиң басламасы менен халқымыздың сүйикли шайырының 200 жыллығы ЮНЕСКО шеңберинде халықаралық көлемде белгиленетуғын юбилейлер қатарына киргизилгенлиги халқымызды шексиз қуўанышқа бөледи.
Әжинияздың поэзиялық дөретпелери тек ғана қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде басылып қоймастан, түрк, әзербайжан, инглис ҳәм басқа да тиллерге аўдарылып, өз алдына топлам болып баспадан шығарылды. «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен «Әжинияз» көркем-публицистикалық фильми сүўретке алынып, премьерасы өткерилди. Соның менен бирге, Өзбекстан көркем өнер академиясында шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған көргизбе, Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Әжинияз Қосыбай улының әдебий мийрасын үйрениўге арналған халықаралық илимий-әмелий конференциялар жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Республикамыз бойлап ҳәр бир оқыў орнында шайырдың дөретиўшилигине арналған көркем-әдебий кешелер өткерилип, жаслар арасында Әжинияздың дөретиўшилигин кеңнен үйрениў мақсетинде, ҳәр қыйлы таңлаўлар шөлкемлестирилмекте. Мойнақ районындағы шайырдың қойымшылығы абаданластырылмақта.
Әнжуманда сөзге шыққанлар тәрепинен мәмлекетимиз басшысының арнаўлы қарарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Әжинияз музейин шөлкемлестириў бойынша тийисли ўазыйпалар белгиленгенлиги, буның ушын институт жәмәәти тәрепинен нәтийжели жумыслар әмелге асырылып, музейдиң салтанатлы ашылыўы шайыр бабамыздың юбилейине мүнәсип саўға болғанлығын айрықша атап өтти.
Конференцияда Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилиги, шайыр шығармаларының тек ғана қарақалпақ әдебияты емес, соның менен биргеликте, өзбек, қазақ, түркмен ҳәм басқа да түркий халықлар әдебиятында тутқан орны, ХIХ әсирдеги қарақалпақ әдебиятының раўажланыўында Әжинияз дөретиўшилигиниң әҳмийети, бүгинги күнде оның шығармаларының үйренилиўи ҳәм келешек әўладларға жеткерилиўи сыяқлы мәселелер бойынша баянатлар жасалды.
Әжинияз Қосыбай улы қарақалпақ халқының руўхый дүньясының байыўына үлкен үлес қосқан, әдебиятымызды тек ғана раўажландырып қоймастан, түркий әдебиятты байытқан уллы тулға болып табылады.
Өзи жасаған дәўирде феодаллық қатнасықлары ҳүким сүрип турған болса да, оның ақыл-ойы бир неше әсир алдыға раўажланып, «бул дүньяның көрки – адам баласы» екенлиги ҳаққында гуманистлик шешимге келгенлиги де оның адамгершилик пазыйлетлерин көрсетип береди.
Ол қарақалпақ әдебиятында лирика, эпикалық поэзияны раўажландырыў менен бирге, айтыс жанрының да шебер дөретиўшиси болып табылады. Оның Қыз Меңеш пенен айтысы шайырлар айтысының ең жақсы үлгиси есапланады.
Әжинияздың дөретиўшилиги халық арасынан ХХ әсирдиң 30-жылларынан баслап жыйнала баслаған. Дәслепки шығармалары 1949-жылы баспадан шықты. Кейинги дәўирлерде 1960, 1961, 1965, 1975, 1988, 1994, 2014-жылларда шайырдың таңламалы шығармаларының жыйнағы баспада жәрияланды. Әжинияздың өмири ҳәм дөретиўшилиги илимпазлар Н.Дәўқараев, Қ.Айымбетов, академиклер М.Нурмухаммедов ҳәм Ҳ.Ҳамидов, сондай-ақ, А.Пирназаров, А.Муртазаев, К.Мәмбетов, Ә. Пахратдинов, Б.Қәлимбетов, Б.Генжемуратов ҳәм басқалар тәрепинен илимий тийкарда изертленди.
Конференцияда баянатшылар ҳәм сөзге шыққанлар тәрепинен шайыр дөретиўшилигин буннан былай да халқымыз, әсиресе, жасларымыз арасында, сондай-ақ, халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаў, шығармаларын шет тиллерине аўдарыў, соның менен бирге, дөретпелериниң жаңа қырларын ашыў мақсетинде, илимий-изертлеў жумысларын алып барыў сыяқлы мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирди.
Илаж институттың қәбилетли студентлери тәрепинен шөлкемлестирилген сахналық көринислер ҳәм «Тумарис» халық ансамбли ағзалары атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Конференция жуўмағында қатнасыўшылар институтта шөлкемлестирилген «Әжинияз музейи» менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.