Жол салған елде әзиз: Ямаса раўажланыўды кепиллейтуғын инфраструктура қалай раўажланбақта?

    Жол тек ғана мәнзилди мәнзиллерге байланыстырыўшы әҳмийетли инфраструктура емес, ал экономиканың әҳмийетли қан тамыры болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысы әйне жол инфраструктурасын жақсылаўға айрықша итибар қаратты.

    Соның ишинде, Президентимиздиң 2017-жыл 14-февральдағы "2017-2018-жылларда регионаллық автомобиль жолларын раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық еки жылда (дыққат етиң: еки жыл!) пүткил мәмлекеттиң жол инфраструктурасын жақсылаў бойынша үлкен жумыслар басланды. Қарарда Қарақалпақстан бойынша 295 километр, Әндижан ўәлаяты бойынша 324 километр, Бухара ўәлаяты бойынша 439 километр, Жиззақ ўәлаяты бойынша 222 километр, Қашқадәрья ўәлаяты бойынша 679 километр, Наўайы ўәлаяты бойынша 216 километр, Наманган ўәлаяты бойынша 309 километр, Самарқанд ўәлаяты бойынша 479 километр, Сурхандәрья ўәлаяты бойынша 535 километр, Сырдәрья ўәлаяты бойынша 267 километр, Ташкент ўәлаяты бойынша - 516 километр, Ферғана ўәлаяты бойынша - 520 километр, Хорезм ўәлаяты бойынша - 321 километр, Ташкент қаласы бойынша - 332 километр жол ҳәм көшелерди оңлаў нәзерде тутылған еди.

    Бул баслама қысқа мүддетте нәтийжесин көрсетти. Тек ғана басшылар жүретуғын орайлық жоллар емес, ал мәмлекеттиң шетки аймақларындағы көшелер де теп-тегис болды. Айдаўшылар менен бирге жолаўшылардың да зейнине тийетуғын ойлы-бәлент жоллар оңланды. Ўәлаят орайларын район ҳәм қалалар менен, район орайларын аўыллар менен байланыстырыўшы жолларға асфальт төселди. Бундай өзгерислерге жүзлеген мысал келтириў мүмкин. Буны ҳәр ким өзи жасап атырған аймақ мысалында көрип, сезинип тур. Айтпақшы болғанымыз, жоллардың тегислениўи адамлардың кейпияты менен бирге мәнзиллердиң көринисине де тәсир етпекте. Уйықлап жатырған шетки аймақларға да қызғын өмир нәпеси кирип келмекте.

    Мәнзил және де жақын болады

    Статистикалық мағлыўматларға бола, мәмлекетимиздеги автомобиль жолының улыўма узынлығы 184 мың километрден аслам. Халықаралық әҳмийетке ийе жолларымыздың 25 процентинен үлкен жүклеме астында пайдаланылмақта. Мәселен, күнине 32 мың автомобиль өтиўине мөлшерленген "Ташкент - Самарқанд" жолында 45 мың транспорт ҳәрекетленбекте. Тығылыс себепли мәнзилге жетип барыў ушын 6 саатқа шекем ўақыт кетип атыр. 2030-жылға барып ҳәрекет тезлиги 80 мыңнан артыўы мүмкин. Сол себепли, жол тараўында 2017-жылдан басланған үлкен реформалар кейинги жылларда да избе-из даўам еттирилмекте.

    Мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 10-октябрьдеги тийисли қарарында заманагөй автомобиль жолларын шөлкемлестириў перспективалары белгиленген. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет, биринши гезекте, халыққа қолайлық жаратыў, миллий экономикада логистика шынжырын беккемлеў.

    Усы қарарға муўапық, Ташкенттен Самарқанд ҳәм Әндижанға алып барыўшы альтернатив жоллар қурыў үстинде жумыслар орынланбақта. Соның ишинде, Жәҳән банкиниң қатнасыўында "Ташкент - Әндижан" жолы жойбарластырылды. Январда оны қурыў бойынша халықаралық тендер жәрияланды. Қысқа ўақытта оған 30 дан аслам абырайлы сырт ел компаниясы қызығыўшылық билдирди.

    Улыўма узынлығы 314 километр болған бул магистралдың пайдаланыўға тапсырылыўы нәтийжесинде Ташкент пенен Әндижан арасындағы қатнаў ўақты 5 сааттан 3 саатқа шекем қысқарады. Сондай-ақ, бул жалпы ишки өнимди 2,6 процентке арттырып, автоаварияларды 40 процентке азайтыў имканиятын береди.

    Және бир жойбар Ташкент пенен Самарқандты байланыстыратуғын қосымша жолды қурыўға қаратылған. Сырт елли қәнигелердиң қатнасыўында оның техникалық-экономикалық тийкарлары ислеп шығылған. Жаңа жолдың узынлығы 300 километр әтирапында болады. Нәтийжеде Ташкент пенен Самарқанд арасындағы қатнаў ўақты 4,5 сааттан 2,5 саатқа шекем қысқарады. Ҳәзирги жолда тығылыс бираз азаяды.

    Улыўма, бул жаңа жоллар барлық заманагөй талапқа жуўап беретуғын, альтернатив ҳәм қолайлы болады. Оларда айдаўшы ҳәм жолаўшылар ушын түрли төлемли хызметлер жолға қойылады. Қурылыс процесинде жергиликли қурылыс кәрханалары да қатнасыўы мүмкин.

    Егер жол қурылысы бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында көбирек мағлыўмат алмақшы болсаңыз, интернеттеги излеў түймесин бассаңыз, көзиңизге бир әлем мағлыўмат түседи. Соның ишинде, А-380 "Ғузар - Бухара - Нөкис - Бейнеў" халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жолының Ромитан, Жандар ҳәм Пешку районлары аймағынан өтетуғын 85 километрлик бөлегин 2 полосалы асфальт-бетон қапламалы жолдан 4 полосалы цемент-бетон қапламалы автомобиль жолына өткериў жойбары әмелге асырылды.

    Бул автомобиль жолы халықаралық транспорт жөнелисиниң Өзбекстандағы бөлеги болып, ол арқалы Орайлық ҳәм Шығыс Европа, Россия, Украина ҳәм Қазақстанға шығыў тәмийинленеди. Өзбекстан арқалы трансаўған транспорт жөнелисине байланысады. Бул автомагистраль Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары аймағынан өтип, мәмлекетлераралық, ўәлаятлараралық байланысларды тәмийинлеўде де әҳмийетке ийе.

    Және бир үлкен қурылыс Сурхандәрьяда әмелге асырылмақта. Дарбанд аўылынан басланатуғын "Дарбанд - Денов" жөнелиси бойынша 4Р105 автомобиль жолы реконструкцияланбақта. Узынлығы 111 километр болған жол 2027-жылы пайдаланыўға тапсырылады. Оның дерлик 108 километрин цемент-бетон қаплама менен реконструкциялаў режелестирилген. Ири жойбарды әмелге асырыў ўақтында 26 көпир, 2 жол өткел, 114 суў қубыры, еки автотранспорт қуралының салмағы ҳәм көлем параметрлерин дизимге алатуғын қадағалаў посты қурылады.

    Аралбойында да жол тараўында үлкен жойбар әмелге асырылды: Қоңырат районынан өткен А-380 "Ғузар - Бухара - Нөкис - Бейнеў" автомобиль жолының 964 - 1204 километр аралығындағы (240 километр) бөлеги цемент-бетон қаплама менен реконструкцияланды.

    Бул мағлыўматларды бийкарға келтирмедик. Жол барған жерге абаданлық кирип барады. Инфраструктура раўажланады. Дүканлар, ресторанлар, хызмет көрсетиў шақапшалары жумыс баслайды. Жол бойында жасаўшы халықтың турмыс тәризине жеңиллик киреди. Мыңлаған жаңа жумыс орынлары ашылады.

    Жол жүрип... дем аласыз

    Өткен жылы досларымыз бенен автомобилде таўлар үлкеси - Тәжикстанға саяхат еттик. Ташкент ўәлаятындағы шегара постынан өтип қоңсы мәмлекетке кирип бардық. Биринши итибар қаратқанымыз жолдың сапасы болды. Мойынлап айтыў керек: еки полосалы жол жүдә тегис. Бирақ қатнаў аз. Асыўдан жүрек қаўсырып өттик. Еки тәреплеме жол қурылысында қәўипсизлик илажлары көрилмеген.

    Жол бойы адамлар менен сөйлескенимизде, сырт елге шығатуғын тәжикстанлылар Сурхандәрья арқалы жүргенди мақул көреди екен. Олардың айтыўынша, Өзбекстанда жол инфраструктурасы жақсы раўажланған - Сурхандәрьядан Ташкентке шекем барсаңыз шаршамайсыз, керисинше Өзбекстанның гөззал тәбиятын, абат мәнзиллерин көрип кеўлиңиз көтериледи. Жол бойы мыңлаған ресторанлар, мийманханалар, саўда шақапшалары күни-түни жумыс ислейди.

    Сәўбетлеслеримниң гәпиниң ҳақыйқат екенин жүрегимнен сезип турдым. Себеби басқа мәмлекет пенен салыстырғанда жетискенликлеримиз ҳәм кемшиликлеримиз айқын көзге тасланады. Ташкент ўәлаятына шегаралас Согд ўәлаятынан Душанбеге барғанымызда жол бойында санаўлы асханаға көзимиз түсти. Мийманхана болса улыўма жоқ. Қоңсыларымыз бийкарға Өзбекстан жолларынан пайдаланыўды абзал көрмейди екен, деген жуўмаққа келдик.

    Бир неше әсирлер алдын Қытайдан Орайлық Азия арқалы Европаға жол ашқан жипек еллерди еллерге жақынластырып, көплеген цивилизацияларға себеп болған еди. Мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўдиң күшейиўи, өз-ара саўданың гүллеп-жаснаўына тийкар жаратылған еди. Соның ушын да әсирлер қақырасынан бүгинги күнге шекем жол тартып киятырған Уллы жипек жолы ҳәзир де әҳмийетин жоғалтпаған, ал оған зәрүрлик және де күшеймекте.

    Әҳмийетли халықаралық жоллар кесилиспесинде жайласқан Өзбекстан ушын жолларымыздың саз ҳәм халықаралық талапларға сай болыўы тек ғана экономикамыздың раўажланыўына емес, ал халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.


    Юнус БУРОНОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы