Журналист - сол сыйқырлы шайды ишсе де, ишпесе де бирдей сөйлеўи керек болған кәсип ийеси. Онда усы көнликпе қәлиплескен болыўы керек. Журналисттиң өтирик сөйлеў, жалған мағлыўмат тарқатыў, жәмийетшиликти алжастырыўға ҳақысы жоқ. XXI әсир - мәлимлеме әсири! Журналистиканың роли оғада үлкен. Жәмийетлик турмыстағы әҳмийетли ўақыя-ҳәдийселер, адамлардың мәпине байланыслы мәселелерди сәўлелендириўде журналистлердиң орны ҳәм жуўапкершилиги шексиз. Әсиресе, "журналисттиң ҳақ сөзи" деген түсиник тек ғана кәсиплик этика тийкары емес, ал жәмийетлик исеним ҳәм әдиллик өлшеми де болып есапланады.

Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист Жаббор Раззоқов өмирин баспасөзге бағышлаған. Сәўбетлердиң биринде ол былай деди: "Мәмлекетимиз басшысы журналистлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атыр. Олар ушын шараят ҳәм имканиятлар жаратып берилмекте. Мине, усындай бир ўақытта журналистлер де бундай итибарға мүнәсип болыўы керек. Журналист - халық пидайысы, әдиллик ҳәм ҳақыйқатлық жыршысы, мәнаўият үгит-нәсиятлаўшысы, соның менен бирге, ўатан тарийхын жаратыўшы екенин умытпаў керек. Егер тараў ўәкиллери төмен болса, дүньядағы ўақыялардан хабарсыз қалады. Тарийх бетлерине бүгинги үлкен өзгерислер, олардың тийкарғы дөретиўшилери киргизилиўи керек. Оларсыз тарийх кемтик болып қалады. Усы мәниде де баспасөздиң, әсиресе, баспа басылымлардың келешекке хызмети айрықша".

Мәмлекетимиз басшысының өткен жылы баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўындағы мына қатарларға итибар бериң:

"Бүгинги күнде баспасөз жумысы, журналистлер жумысы тек ғана "төртинши ҳәкимият" емес, ал қорғаныў, қәўипсизлик сыяқлы шешиўши тараўға айланып бармақта. Бул болса усы бағдарда сизлердей мәрт ҳәм батыр, Ўатанды шын кеўилден сүйетуғын, өз кәсибине садық ҳәм пидайы инсанлар барған сайын көбейиўин талап етпекте.

Мине, усы талаптан келип шыққан ҳалда, көп қырлы профессионал билим ҳәм маманлыққа, жоқары руўхый-интеллектуаллық пазыйлетлерге ийе болған заманагөй журналист кадрлар таярлаў буннан былай да тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады. Соның менен бирге, мәлимлеме майданын сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы миллий контент пенен толықтырыў мәселеси ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып атырғаны ҳәммемиз ушын белгили ҳақыйқат.

Сонлықтан, дүньяда жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселерди миллий мәплеримизди есапқа алған ҳалда, оператив ҳәм терең таллаўлар тийкарында сәўлелендирип барыў оғада әҳмийетли, деп ойлайман. Сондай-ақ, бүгинги күнде жалған ҳәм тийкарсыз мағлыўматларды тарқатыў арқалы адамларды алдаў, дурыс жолдан адастырыў жағдайларының көбейип атырғаны халықтың медиа саўатлылығын арттырыўды алдымызға кешиктирип болмайтуғын ўазыйпа етип қоймақта.

Мәлимлеме майданында жүзеге келип атырған тартыслы келиспеўшиликлер ҳәм машқалалар тек ғана нызам шеңберинде, ҳуқықый нормалар тийкарында шешилиўи шәрт. Сиз, ҳүрметли медиа тармақларының ўәкиллери мине усындай мәселелерди шешиўде белсене қатнасасыз, деп исенемен".

Пидайы журналист болыў ушын қызығыўшылықтың өзи жетерли емес. Қәлеў керек, бирақ талант туўма болса, жетик билим, тәжирийбе ҳәм шеберлик пенен үнлессе, гөзленген мақсетке аңсат ерисиледи.

Ҳәзир қәлем ҳақы беретуғын редакциялар санаўлы қалған. Дөретиўшилер болса, қанша болыўына қарамастан, қәлем ҳақысы айлықтан да татлы болады, деген гәптиң ықласбентлери. Усы жылдың басында айырым пидайы кәсиплеслеримиз газеталарда шыққан мақалалары ушын берилген қәлем ҳақысына китап сатып алып тарқатыў басламасын алға қойды. Ҳәрекетлер басланғанын еситкеннен кейин, кәсибиме, кәсиплеслериме мақтаныш еттим. Буны тек ғана адамгершилик деп баҳалаў мүмкин. Журналистлер бай болмайды, дейди. Бул гәпте жан бар. Бай емес тараў ўәкиллериниң бундай қолы ашықлығы болса ҳәр қандай мақтаўға ылайық.

Тараў пидайылары көп тәкирарлайтуғын бир гәп бар: "Журналистиканың наны қатты!". Бул фразеологизмниң тийкарғы мәнисин күнделикли излениў, үйрениў, таллаўдан тысқары, ҳәр бир сөз, ҳәр бир гәп үстинде ислеў азабын бастан өткерген адам жақсы түсинеди. Жақында социаллық тармақларда устаз журналистлерден бириниң ҳәзил, бирақ ашшы ҳақыйқат сәўлеленген пикирине көзим түсти. Ол шама менен былай жазған еди: "Бир машқалалы теманы көтерип шықтым. 20 лайк басылды. Бир қыйналған кәсиплесимизге жәрдем керек, деп пост қойдым. 32 адам мүнәсибет билдирди. Ҳәўлимдеги өзим тәрбиялап атырған гүллерди сүўретке алып жайластырған едим, 250 ден аслам алғыс алдым. Ойлап турман: журналистиканы қойып гүл өсириў менен шуғыллансам ба екен..."

Ҳәзил астындағы ҳақыйқат сонда, баспасөз ўәкиллери көтерип атырған әҳмийетли тема ҳәм машқалалар жәмийетшиликке, яғный елимиздиң ҳәр бир ағзасына тийисли болыўы керек. Себеби ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң ең тийкарғы ўазыйпасы ҳақыйқатты халыққа жеткериў, ўақыяларды қалыс сәўлелендириў болып есапланады. Буның ушын журналист ҳәр қандай басым ямаса жеке мәплерден жырақ болыўы, тек ғана ҳақыйқатлық ушын хызмет етиўи керек.

Рас сөз бенен өтирик сөз арасындағы айырмашылық жүдә үлкен: рас сөз адамларды оятады, жақсылыққа ийтермелейди, әдилликти тиклейди. Өтирик болса керисинше - алжастырады, иритки салады, исенимди жоғалтады. Бирақ жәҳән әмелиятында ҳақыйқатты сәўлелендириў бәрқулла аңсат болмаған. Гейде журналистлер қәўип-қәтерге дус келеди, ҳәр қыйлы басымларға ушырайды. Сондай шараятта да журналисттиң мәртлиги, ўатансүйиўшилиги ҳәм кәсиплик пидайылығы көринеди. Ол ҳақ сөз ушын гүреседи, халық мәпин қорғайды.

- Журналист ҳақыйқат болса, жәмийет саламат болады, - дейди Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист Аҳрор Аҳмедов. - Себеби мәлимлеме - жәмийеттиң айнасы. Егер айна таза болса, адамлар ҳақыйқатты көреди, алжаспай, дурыс жол таңлай алады. Соның ушын, ҳәр бир журналист ўазыйпасына шын кеўилден қатнас жасаўы, ҳақ сөзди турмыслық қағыйдаға айландырыўы зәрүр.

Қысқасы, журналисттиң рас сөзи тек ғана кәсиплик жуўапкершилик емес, ал жәмийет ушын исеним ҳәм демократиялық қадағалаўға хызмет ететуғын әҳмийетли тәрепи болып есапланады.


Нодир МАҲМУДОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы