* Өзбекстан пуқараларының жасаў мәнзили ҳәм оларға тийисли көшпес мүлк объектинде жасаў орны бойынша дизимге алынған шахслар ҳаққындағы мағлыўматларды бирден-бир портал арқалы редакторлаў мүмкин болады.
▫️Деменция, Паркинсон ҳәм Альцгеймер кеселликлери менен дизимге алынған, минез-қулық бузыўшылығы болмаған, айрықша күтимге мүтәж руўхый кеселликлер бойынша "Фаол ҳаётга қадам" бағдарламасы шеңберинде күндизги қабыллаў тийкарында қараў хызметлери көрсетиледи.
▫️Шет ел пуқаралары ушын өзбек тилин билиўдиң А1, А2 ҳәм В1 дәрежелери бойынша CEFR қәнигелик сертификатын бериў бойынша имтиханлар енгизиледи.
Нотариуслар төмендеги даў болмайтуғын пуқаралық ҳуқықый талаплар (1 000 БЕМге шекем) бойынша атқарыў жазыўларын әмелге асырады:
нотариал тастыйықланған питимлерге тийкарланған;
жазба ҳәм нотариаль тастыйықланған питим бар болған жағдайда қарыздар мәжбүриятларының орынланыўының тәмийнаты болған көшпели мүлкке өндириўди қаратыў ҳаққында;
көп квартиралы турақ жай мүлк ийелеринен ижара төлемлери, мәжбүрий төлемлер ҳәм төлемлер, коммуналлық хызметлер ҳәм байланыс хызметлери бойынша қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы;
Нотариуслар тәрепинен орынлаў жазыўларын жазыў тәртиби ҳаққындағы реже күшке киреди.
▫️Мәмлекетлик сатып алыўлардың мәлимлеме порталында ЖИ технологиялары тийкарында мәмлекетлик сатып алыўлар предметиниң орташа базар баҳасын есаплаў электрон модули иске қосылады.
* "Инсан" социаллық хызметлер орайларында социаллық қорғаўға мүтәж балалардың ата-аналары (олардың орнын басыўшы шахслар) ушын "меҳирли шаңарақ" хызмети шөлкемлестириледи. Бул хызметке тартылғанларға шаңарағы менен бузылған қатнасықларды тиклеў, перзентлериниң психофизикалық өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда оларды социалластырыў бойынша бийпул шаңарақлық терапия хызметлери көрсетиледи.
Товарлар шегара өткериў пунктлерине жетип келгенге шекем алдыннан декларациялаў арқалы "еркин айланыс ушын шығарыў" бажыхана режими астына қойылғанда:
бажыхана рәсмийлестириўи ушын бажыхана жыйымы муғдары 20 процентке азайтылады;
бажыхана төлемлери 14 күнге шекемги мүддетке бөлип-бөлип (кешиктирип) төленгенде процентлер есапланбайды.
- Исбилерменлик субъектлерине "бир айна" принципи тийкарында исбилерменлик жумысы бойынша мәмлекетлик ҳәм жеке меншик хызметлерди көрсетиў бойынша "Бизнес ҳамроҳ" жойбары әмелге асырылмақта.
Республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының исбилерменлер менен сөйлесиўин шөлкемлестириўдиң жаңа тәртиби енгизиледи.
▫️Мәмлекетлик уйымлардағы бос мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларына қабыл етиў жаңа қағыйдалар тийкарында әмелге асырылады.
"Техникалық жақтан тәртипке салыў" ҳәм "Ашық-айдын қурылыс" мәлимлеме системаларын өз-ара интеграциялаў шеңберинде қәўипсизлиги талапқа жуўап бермейтуғын деп табылған қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы ҳәм жеткерип бериўшилердиң электрон реестри иске қосылады.
"Техникалық жақтан тәртипке салыў" ҳәм "Ашық-айдын қурылыс" мәлимлеме системаларында ислеп шығарылған қурылыс материаллары қурылыс материалларының электрон реестринде муўапық емес деп табылған кәрханалардың мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыўы қадаған етиледи.
Қәўипли қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы ҳәм жеткерип бериўши кәрханалардың дизими тийисли мәлимлеме системаларында, ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың рәсмий веб-сайтларында жәрияланады.
"Узбеккосмос" агентлиги тәрепинен қурылыс жумыслары алып барылып атырған аймақлардағы қурылыс майданлары турақлы мониторинг етиледи.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги биологиялық актив затларды алып кириў ҳәм ислеп шығарыў ушын руқсатнамалар бериўде Интеллектуаллық мүлк порталы арқалы интеллектуаллық мүлк объектлерине (товар белгилери ҳәм санаат үлгилери) болған ҳуқықларға әмел етилиўин мәжбүрий түрде тексереди ҳәм үйренеди.
- Исбилерменлик субъектлериниң турақлылық рейтингин анықлаўда интеллектуал мүлкке байланыслы ҳуқықбузарлықларға суд тәрепинен жәрийма, ҳәкимшилик ямаса жынайый жуўапкершилик шараларының қолланылыўы рейтинг баллының төменлеўи, товар белгилери ҳәм хызмет көрсетиў белгилери болса қосымша балл бериўши көрсеткиш есапланады;
Төмендеги архив хызметлерин көрсетиў мүддетлери қысқартылады:
архив ҳүжжетлерин ямаса олардың нусқаларын Өзбекстаннан сыртқа ўақытша алып шығыўға рухсат бериў;
жарамсыз ҳалға келген ямаса жоғалған мийнет қағазындағы жазыўларды тастыйықлаў;
жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелеринде оқығанлығын тастыйықлайтуғын архив мағлыўматнамасын бериў.
* Шахстың өлими дизимге алынғаннан кейин реал ўақыт режиминде QR-код қойылған өлимди дизимге алыў ҳаққындағы мағлыўматнама оның өмирлик жолдасы (ери) ниң, ата-анасы, перзентлериниң БИИПМХдағы жеке кабинетине бийпул жибериледи (қағаз түринде қосымша).
QR-кодлы өлимди дизимге алыў ҳаққындағы мағлыўматнама гербли гүўалыққа теңлестириледи.
- 10 ең жақсы жойбарға Туризмди қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан ҳәр жылы туризм стартапларын - туристлик хызметлердиң жаңа түрлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў менен байланыслы қәрежетлердиң 50 проценти, бирақ 1 миллиард сумнан аспаған муғдарда субсидия ажыратылады;
Мийманханалардың Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын дизимде халықаралық тән алынған "жасыл" сертификатларды алыў менен байланыслы қәрежетлериниң 50 проценти қаплап бериледи.
- Белгиленген мүддетте фонлық мониторинг станцияларын орнатпаған ҳәм Экология комитетиниң Миллий экологиялық мониторинг орайы менен интеграция етпеген I ҳәм II категориялы кәрханалар ушын компенсация төлемлери 5 есеге арттырылады.
Тәбиятқа зыян жеткергенлик ушын компенсация төлемлеринен азат етиў түринде жеңиллик бериўге байланыслы барлық нызам ҳүжжетлери ҳәм ҳуқықый күшке ийе көрсетпелер өз күшин жоғалтады, сондай-ақ, бул мәселе бойынша жеңиллик бериў тек ғана нызам менен әмелге асырылады.
Юридикалық тәреплерге лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары тараўында ҳуқықбузарлықлар ислегени ушын жәрийма қолланылғанда олардың лаўазымлы шахсларын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў тәртиби бийкар етиледи.
"Лицензия" мәлимлеме системасында лицензия ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлерди алыўда ықтыярлы түрде дәслепки баҳалаў хызмети енгизилип, талапкер тәрепинен лицензия ямаса руқсатнама алыў ушын сатып алыныўы режелестирилип атырған имарат ҳәм объектлер, материаллық-техникалық базасы, әсбап-үскенелер, жумысқа қабыл етилип атырған жумысшылар ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм басқа да мағлыўматлардың лицензия ҳәм руқсатнама алыў талаплары ҳәм шәртлерине муўапықлығы үйрениледи және тийисли жуўмақ бериледи.
Төмендеги әмелиятлар енгизиледи:
автомобиль ҳәм темир жол көпирлери, жер асты ҳәм жер үсти туннеллериниң жер силкиниўге шыдамлылығын онлайн мониторинг етиў;
имарат ҳәм объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығы бойынша техникалық жағдайын ЖИ жәрдеминде таллаў;
республикамызда жыллар даўамында жүз берген жер силкиниўлерин дизимге алыў (үлкен көлемдеги ашық мағлыўматлар) жазыўларын ЖИ жәрдеминде қайта ислеў ҳәм таллаў арқалы келешекте жер силкиниўи жүз бериўи мүмкин болған аймақларды анықлаў, сондай-ақ, жер силкиниўиниң имарат ҳәм объектлерге тәсирин баҳалаў.
Өз жумысын коммерциялық емес шөлкем сыпатында жолға қоймаған мәмлекетлик емес суд-экспертиза шөлкемлери тәрепинен суд-экспертлик тексериўлерин өткериў қадаған етиледи.
- Пуқаралар пуқаралық, ҳәкимшилик, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислери бойынша дәслепки суд мағлыўматларын бирден-бир портал арқалы алыўы мүмкин болады.
Футбол ойынларына билетлерди шахсты идентификациялаў ҳәм QR-код технологияларын қолланыўды нәзерде тутатуғын арнаўлы онлайн мәлимлеме системасы арқалы сатып алыў мүмкин болады.
«Norma» мәлимлеме-ҳуқықый порталы.