Атап өтилгениндей, өткен дәўирде ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери ҳәм олардың хызметкерлериниң төменги буўында бул жумысларды дурыс шөлкемлестириў, ҳәр бир мәҳәллеге кирип, жаңа басламаларды анықлаў ҳәм адамлардың турмысын жақсылаў бойынша материаллық-техникалық имканиятлары түп-тийкарынан жақсыланды.
Усы жылдың басынан берли жумыссызлық дәрежеси 4,9 процентке азайды (өткен жылы бул көрсеткиш 5,5 процент еди). Атап айтқанда, Бухара, Когон, Наўайы, Зарафшан, Ғазған, Самарқанд ҳәм Ширин қалаларында жумыссызлық 4 проценттен төменлеп, биринши мәрте тәбийғый жумыссызлық дәрежесине жақынласты.
302 мың жәрдемге мүтәж шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылды. Жыл ақырына шекем кәмбағаллық дәрежеси 6 процентке шекем азайыўы күтилмекте (өткен жылы 8,9 процент болған еди).
Ховос, Мырзабад, Ақалтын, Дослық, Пахтакор, Фориш, Бўстон, Вобкент, Миришкор, Мыңбулақ, Узун ҳәм Пискент районларында кем тәмийинленген шаңарақлардың саны 4,5 есеге шекем азайған. Бурын аўыр жағдайда болған 105 мың шаңарақ дәраматлы болыўды баслады.
Быйыл биринши мәрте 1 мың 435 мәҳәлле "кәмбағаллықтан жырақ аймақ"қа айландырылды.
Соның менен бирге, айырым район ҳәкимлери үлкен ресурс ҳәм қаржыға ийе бола турып, бул жумысларды өз ҳалына таслап қойғаны, адамлардың имканиятларына сәйкес таяр жойбарлар менен тәмийинлемегени сынға алынды.
Усы мүнәсибет пенен Денов районы ҳәкими ҳәм оның биринши орынбасары, Шырақшы районы ҳәкими ҳәм оның биринши орынбасарын лаўазымынан азат етиў, және 20 район ҳәкимине тийисли илажларды белгиленген тәртипте көриў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Улыўма етип айтқанда, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў режелерин орынламағаны ушын жылдың басынан берли 261 жуўапкер жумыстан босатылған, және 492 шахсқа интизамый жаза қолланылған.
Келеси жылы кәмбағаллықты ҳәм жумыссызлықты 4,5 проценттен аз дәрежеге түсириў жуўапкерлердиң тийкарғы ўазыйпасы болатуғыны атап өтилди. Оның ушын экономикаға 450 триллион сум кредит, соннан 140 триллион сумы мәҳәлле кесиминдеги киши ҳәм орта жойбарларға қаратылады.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы жумысларды шөлкемлестириўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп берди.
Бириншиси - қурылыс арқалы халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматын тәмийинлеў.
Келеси жылы елимизде 675 триллион сумлық инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген болып, соннан 380 триллион сумы қурылыс тараўына туўра келеди. 140 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайлар қурыў режелестирилген.
Бул имканиятлардан ҳәр бир ҳәким нәтийжели пайдаланып, тиккелей қурылыс тараўында кеминде 20-25 мың, инфраструктура арқалы және 10 мыңға шамалас халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Тийкарғы жаңалық - биринши мәрте 2026-жылы мәҳәллелердиң инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған 20 триллион сум тиккелей ўәлаят бюджетлерине ажыратылады.
Екинши бағдар - халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ушын хызметлер тараўындағы жойбарларды көбейтиў.
Бул тараў мәмлекетимизде жоқары өсиў пәтлерин тәмийинлеп атырғаны атап өтилди. Соның менен бирге, ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери хызмет көрсетиў тараўының раўажланыўына сезилерли тәсир көрсететуғын туризм имканиятларынан жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыўда толық пайдаланбай атырғаны көрсетип өтилди.
Туризм потенциалы жоқары болған 150 мәҳәллениң инфраструктурасын жақсылаў арқалы хызметлер көлемин 10 триллион сумға жеткериў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўында 45 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин.
Усы тәризде, келеси жылы 150 мәҳәллениң ҳәр бирине инфраструктураны раўажландырыў ушын 3-5 миллиард сумнан ажыратылады. Усы елатлы пунктлерде мийман үйлери қурыў ушын районлық банклер тәрепинен 150 миллион сумға шекем жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.
Шегараалды ҳәм анклав аймақлардағы жолларды оңлаў, мийман үйлери, дем алыў орайлары, саўда ҳәм сервис объектлерин қурыў арқалы шаңарақлардың дәраматын арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Усы елатлы пунктлерде дем алыў ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин қурыў жойбарларына 1 триллион сум ажыратыў бойынша тапсырма берилди.
Сондай-ақ, дәрья ҳәм жол бойларында сервисти раўажландырыў ушын 500 елатлы пункт таңлап алынған. Бундай орынлардағы жойбарларды әмелге асырыў ушын районлық банклер тәрепинен кеминде 5 турақлы жумыс орнын жаратыў шәрти менен 1 миллиард сумға шекем кредит бериледи.
усы жылдың өзинде күни-түни жумыс ислейтуғын 255 көше пайдаланыўға тапсырылды. Оларда 11 мың хызмет көрсетиў объекти иске қосылып, дерлик 27 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленген. Келеси жылы және 200 усындай көшелер шөлкемлестириў режелестирилген.
Ҳәкимлерге бир ай мүддетте анық "жол картасы"н ислеп шығып, жумыс баслаў шәрти менен ҳәр бир көше ушын 4 миллиард сумға шекем қаржы ажыратылды.
Улыўма аўқатланыў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында өз брендин жаратқан кәрханалар республикамыз бойлап 100-150 филиалын ашыўды мөлшерлемекте.
Ўәлаят ҳәкимликлерине бул бойынша миллий брендлерге жәрдемлесиў ўазыйпасы қойылды. Бул кәрханалар жаңадан ашылып атырған филиал ушын хызметкерлерди өзлери оқытыўға таяр екенлигин билдирсе, оның қәрежетлери Бәнтлик қорынан қаплап бериледи. Өз филиалларын кеңейтиў тилегинде болған брендлерди қоллап-қуўатлаў ушын жаңа қаржы механизмлери енгизиледи ҳәм оған 2026-жылы 500 миллиард сум ажыратылады.
Үшинши бағдар - санаат жойбарлары есабынан турақлы жумыс орынларын көбейтиў.
Келеси жылы аймақлардағы кәрханаларда 52 миллиард долларлық санаат өнимлерин ислеп шығарыў режелестирилген. Жуўапкерлер жергиликли санаат тармақларында 22 миллиард долларлық 3,5 мың жойбарды әмелге асырып, 130 мың турақлы жумыс орнын жаратыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ҳәзирги ўақытта 400 мәҳәлле мебель қурылысы, өнерментшилик ҳәм тигиўшиликке қәнигелескен. Исбилерменлерге қосымша майданлар ажыратылса, ҳәр бири және 5-10 адамды жумыс пенен тәмийинлейди.
Сол себепли район ҳәкимлерине келеси жылы усындай қәнигелескен мәҳәллелерде 50 микро санаат орайын ашып, 10 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды. Бул орайлардың инфраструктурасына ажыратылады.
Бул орайлардың инфраструктурасына 200 миллиард сум ажыратылады.
Төртинши бағдар - аўыл хожалығы есабынан халықтың дәраматларын арттырыў.
Кәмбағаллықты қысқартыў шеңберинде халыққа 232 мың гектар жер ажыратылып, 770 мың халық дәрамат дәрегине ийе болды. Бирақ олардың үштен бир бөлегинде тәжирийбе, сапалы туқым жетиспеўи ҳәм өнимлерди базарға шығарыўдағы қыйыншылықлар себепли дәрамат төмен болып қалмақта.
Усы мүнәсибет пенен Термиз районындағы Қыйтақ жер мектеби тәжирийбесин барлық аймақларға енгизиў, ҳәр бир аймақта кеминде бесеўден усындай мектеп шөлкемлестирип, жерди ижараға алған халықты жоқары дәраматлы егинлер егиўге үйретиў бойынша тапсырма берилди. Ижарада жетистирилген өнимлерди кепилликли сатыў ушын экспорт кооперациялары шөлкемлестириледи.
Бесинши бағдар - мүтәж шаңарақлардың социаллық қорғалыўын күшейтиў.
Жаңа жылдан баслап "Тең имканиятлар - инклюзив бәнтлик" жойбары әмелге асырылып, имканияты шекленген 40 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленеди. Оларға Бәнтлик қорынан 30 миллион сумға шекем процентсиз кредит бериледи.
Кәмбағаллыққа қайтадан түсиў қәўпи бар шаңарақлар ушын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм жеңилликлер сақлап қалынады. Оларға 6 ай даўамында материаллық жәрдем ҳәм балалар напақасы төлеп бериледи, бақша ҳәм дөгерек қәрежетлери қаплап бериледи, 12 ай даўамында 110 түрдеги социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер көрсетиледи, соның ишинде, емлениў ушын жоллама бериледи.
Буннан тысқары, аўыр турмыс шараятына байланыслы кәмбағаллыққа түсиў қәўпи жоқары болған шаңарақлар топарлары алдыннан анықланып, оларға мәнзилли жәрдем көрсетиледи.
Бәнтликти легалластырыў мәселелерине де тоқтап өтилди.
- Биз үлкен-үлкен мақсетлерди әмелге асырыўды анық қаржы менен баслап атырмыз. Министрлер, олардың аймақлық басқарма ҳәм бөлимлери, ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери, ең әҳмийетлиси, "мәҳәлле жетилиги" белсендилик пенен жумыс алып бармаса, өзгерис болмайды, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Бас министрге мәжилисте белгиленген ўазыйпаларды министрлер ҳәм ҳәкимлердиң 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI) сыпатында белгилеў тапсырылды.
Мәжилисте аймақ ҳәм тармақ басшыларының есабаты, исбилерменлердиң пикирлери тыңланды.











