Быйыл 5 миллион 200 мың пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм 1,5 миллион халықты кәмбағаллықтан шығарыў мақсет етилген. Биринши мәрте 60 район ҳәм қала кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырылады.
Мәҳәлле банкирлери менен бирге 1,5 миллион халық турақлы жумысқа жайластырылып, 2 миллионнан аслам адам бизнеске тартылады. Усы мақсетте быйыл киши бизнес жойбарларына жәми 120 триллион сум кредит ажыратылады.
Алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында 32 бағдарда кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жаңа қатнаслар жолға қойылады. Мысал ушын, 300 аўыр мәҳәлледе улыўма қуўатлылығы 107 мегаватт болған қуяш электр станциялары иске қосылады. Оларға кәмбағал шаңарақлардың ағзалары кооперация тийкарында жумысқа алынады.
123 районда кәмбағал халық 20 мың гектар тоғай ҳәм нәлзар жаратыў және дәрилик өсимликлер жетистириўге тартылады. Олар еккен ҳәр 100 терек ушын 375 мың сум субсидия төленеди.
Туризм потенциалы бар орынларда мийман үйлери ҳәм асханалар, белгили почта бөлимлеринде электрон коммерция орайлары ашылып, кәмбағал шаңарақ ўәкиллери жумысқа алынады.
Улыўма, быйылғы жылы 6 мың 472 мәҳәлледе жаңа қатнаслар тийкарында жойбарлар әмелге асырылып, 210 мың халық кәмбағаллықтан шығарылады.
Шетки аймақлардағы, аўыр категориядағы аўылларға айрықша итибар қаратылады. Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы оларға исшеңлик руўхын алып кирип, ериншекликти азайтыўға, кәмбағал шаңарақлардың мийнетин қоллап-қуўатлаўға жуўапкер болады.
Мәмлекетимиз басшысы 2025-жыл жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўда шешиўши жыл болатуғынын және бир мәрте атап өтип, бул бағдардағы илажларды тәртипли ҳәм мәнзилли әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берди.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине бул ўазыйпалардың орынланыўын қатаң қадағалаўға алыў тапсырылды. Ҳәр бир жойбар, ҳәр бир илаж электрон платформаға киргизилип, жаратылған жумыс орынлары салық базасында тексерилиўи белгиленди.
Жергиликли ҳәкимлик хызметкерлери ҳәм "мәҳәлле жетилиги" ушын оқыўлар шөлкемлестириў, жақсы тәжирийбелерди үгит-нәсиятлаў әҳмийетли екенлиги айтылды.