Буны биз Қарақалпақстандағы жумыслар мысалында да көриўимиз мүмкин. Ақманғыт каналының Нөкис районындағы 9,5 километр бөлегин бетонлаў ушын 9,5 миллиард сум ажыратылған болып, бул процесске таярлық жумыслары көрилмекте.
Ақманғыт хожалықлар аралық каналы өткен әсирдиң 60-жылларында иске қосылған. Бул канал айрықша итибар талап етеди.
Канал Каттағар магистраль каналынан суў алып, Нөкис районындағы "Ақманғыт", "Каттағар" ҳәм "Дарсан" аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларындағы қыйтақ жерлер және 29 фермер хожалығының жәми 2850 гектар егислик майданына суў жеткерип береди. Каналды бетонлаў нәтийжесинде болса жылына 5 миллион 443 метр куб суў үнемлениўи режелестирилген. Бул киши сан емес, әлбетте.
Тахтакөпир районындағы Ески Қуўаныш жарма каналының 6,3 километр аралығын реконструкциялаў жумыслары да белгиленген болып, оған 9 миллиард сум ажыратылған. Каналды бетонлаў нәтийжесинде райондағы Дәўир, Айдын жол ҳәм Тахтакөпир мәҳәллелериниң қыйтақ жерлерин суўғарыў нәтийжелилигиниң артыўы нәтийжесинде жылына 5 миллион 443 метр куб суўдың үнемлениўи нәзерде тутылған.
Нөкис қаласының қақ ортасынан өтиўши Дослық каналын реконструкциялаў, яғный белгиленген 4 километр бөлегинде бетонлаў жуўмағына жеткерилди. Бул жумыслар "Кегайлимахсуссувпудрат" кәрханасы тәрепинен орынланды. Ол Қарақалпақстанның арқасындағы ең ири каналлардан болып, узынлығы 25,2 километрди қурайды. Канал арқалы Нөкис қаласы, Тахтакөпир, Қараөзек, Кегейли, Шымбай ҳәм Нөкис районының бираз егислик майданларына суў жеткериледи.
Дослық каналында бетонлаў жумыслары жуўмақланғаннан соң, соңғы күнлерде усы каналға секундына 100 метр кубқа шекем суў берилип, аймақтың арқа районларында шор жуўыў илажлары шөлкемлескенлик пенен даўам еттирилмекте.
Каналларды бетонлаў арқалы суў тутыныўшыларға шығынсыз жетип барады, ўақыт үнемленеди. Буннан, бәринен бурын, халқымыз, фермер ҳәм кластерлеримиз мәпдар.
Усы жылға белгиленген режеге муўапық, Қарақалпақстанда каналларды реконструкциялаў, бетонлаў жумыслары жедел даўам етпекте.
Ҳәзирги күнлерде Тақыятас районындағы Ески Кенегес каналын реконструкциялаў жумыслары қызғын алып барылмақта. Бул жумыслар “VORIS CHINA” қоспа кәрханасының қурылысшылары тәрепинен әмелге асырылмақта. Бүгинги күнге шекем объекттиң 1,44 километр бөлегинде топырақ жумыслары ҳәм 500 метр бөлегинде бетонластырыў жумыслары орынланды.
- Бул каналды бетонластырыў жойбарын ислеп шығыўда бир қатар әҳмийетли мәселелер итибарға алынды, - дейди Тақыятас районы "Суў жеткерип бериў хызмети" мәмлекетлик мәкемесиниң директоры Адил Назаров. - Жойбарда топырақ көлеми салыстырмалы түрде көбейди, бирақ келешекте каналдағы аз суў менен де көп фермерлердиң атызлары өзи ағатуғын системада суўғарылатуғын болады.
Сондай-ақ, Тақыятас районы "Суў жеткерип бериў хызмети" мәмлекетлик мәкемеси жәмәәти "Найманкөл" аўыл пуқаралар жыйынындағы Әлибек салма жапқа қурғақ бетон төселмелерин төсеп атыр. Бул да ишки суўғарыў тармақларында суў шығынларын азайтыўға қаратылған илажларға жаңаша қатнаслардың бири болмақта.
Кегейли районындағы Қуўаныш жарма ирригация системасы басқармасы қарамағындағы магистрал ҳәм хожалықлараралық суўғарыў тармақларын тазалаў, дамбаларды оңлаў, гидротехникалық объектлер, суў өлшеў постларын үскенелеў бойынша да анық илажлар әмелге асырылмақта. Дослық каналы дамбасының 1,7 километр бөлеги де оңланбақта.
Нөкис районында жайласқан, Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасына қараслы насос станциясында ески агрегатлардың орнына заманагөй энергия үнемлеўши агрегатлар орнатылмақта.
- Бул насос станциясындағы 110 киловатт/саат қуўатлылықта ислейтуғын насос агрегаты орнына заманагөй, яғный саатына 22,5 киловатт энергия жумсайтуғын 3 қурылма орнатылды, - дейди Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының баслығы Кенес Сарыбаев. - Нәтийжеде саатына орташа 87,5 киловатт электр энергиясы үнемленеди. Насос агрегатлары орташа жылына 2100 саат ислейтуғын болса, жәми 183 мың 750 киловатт электр энергиясы, яғный 183 миллион 750 мың сум үнемлениўине ерисиледи.
Қарақалпақстандағы суў тәмийнаты аўыр болған Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Шымбай районларында да грант қаржылары тийкарында саатына 110 киловатт электр энергиясын жумсайтуғын насос агрегаты орнына аз қуўатлықта ислейтуғын 6 дана қурылма орнатыў режелестирилмекте. Нәтийжеде болса жылына орташа 459 мың 900 киловатт электр энергиясы үнемленеди.
- Бүгин фермерлерге, биринши гезекте, ески насос агрегатларын жаңалаў арқалы аз электр энергиясы менен алдынғы муғдардағы суўды шығарыўды усыныс етип атырмыз. Қуяш панеллерин орнатыў арқалы үлкен қаржы үнемлениўине де ерисиледи. Биз суўғарыў мәўсиминдеги қуяшлы күнлер, агрегатқа жумсалатуғын электр энергиясының есабын ислеп, қолайлы болған үскенелерди орнатқанбыз. Электр тармақларының районлық бөлимлери менен шәртнама дүзилип, ислеп шығарылған электр энергиясы улыўмалық тармаққа узатылады. Насос агрегатына жумсалған энергия менен есап-китап жүргизиледи, - дейди Кенес Сарыбаев.
Суў өмир тиреги екен, биз оны дурыс жумсаўды үйрениўимиз керек. Соның ушын, суў ресурсларынан пайдаланыўда нәтийжелиликти арттырып, жумсалыўды азайтыўымыз зәрүр. Бүгинги күнде көпшилик суўдың есабы бар екенин, оны өз нормасында жумсаў кереклигин түсинип жетпекте. Суўды үнемлемесек, ертең оны таба алмаймыз.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы