Ыссы температура ҳәм шаң-тозаңлы ҳаўа тек ғана инсан өмири ҳәм денсаўлығына емес, ал барлық тири жанзатлар, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларға да өз тәсирин тийгизбей қоймады. Сонлықтан, оның унамсыз ақыбетлерин сапластырыў ҳәм тармақларға зыянын азайтыў мақсетинде тийисли системалар айрықша тәртипте ислеўине туўра келди. Усындай тәртипте жумыс аўызбиршилик ҳәм шөлкемлескенлик пенен шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде тәбият ынжықлығының тәсири тез сапластырылды.
Бирақ бул жағдай бәршемизди тәбияттың турақлылығы жолында және бир мәрте сергек, қырағы ҳәм аўызбиршиликли болыўға шақырды. Себеби, илимпазлардың тастыйықлаўынша, бүгин дүньяда жүз берип атырған глобал экологиялық машқалаларға инсан ҳәм тәбият арасындағы тең салмақлылықтың бузылыўы тийкарғы себеп болып есапланады.
Мине, усындай унамсыз фактор тәсиринде соңғы жыллары жер жүзинде тоғайлар майданы кескин азаймақта, шөллениў күшейип, сийрек ушырасатуғын түрлер жоқ болып кетпекте. Суў, ҳаўа, топырақ патасланбақта. Глобал климат өзгериўи тәсиринде ҳаўа-райында аномал жағдайлар, тасқын, боран сыяқлы тәбийғый апатшылықлар көбейип бармақта. Булардың ақыбети инсанияттың турмыс тәризине унамсыз тәсир етпекте. Сапасыз суў ҳәм азық-аўқат пайдаланылыўы нәтийжесинде кеселликлер көбеймекте. Буннан, әсиресе, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламы - балалар ҳәм аналар, кекселер көбирек жәбир көрмекте. Буның алдын алыў ҳәм өмирдиң даўамлылығын тәмийинлеўдиң бирден-бир жолы тәбиятқа қатнасымызды өзгертиў, оның резервлеринен дурыс пайдаланыўға ерисиў болып табылады.
Дүнья жәмийетшилиги бул бағдарда әҳмийетли илажларды әмелге асырмақта. Жақында бул бағдарда БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен және бир әҳмийетли резолюция қабыл етилди. "Тоғайларды турақлы басқарыў тийкарында тоғайларды көбейтиў ҳәм қайта тиклеў бойынша ҳәрекетлер декадасы" деп аталған резолюцияның тийкарғы басламашыларынан бири Өзбекстан болғанын айрықша атап өтиў керек.
Соңғы жыллары мәмлекетимиздиң басламасы менен БМШтың оннан аслам резолюциясы қабыл етилгенин атап өтиў керек. Бул ҳүжжетлердиң белгили бир бөлеги бүгинги күнде планетамыздың турақлылығын тәмийинлеўде әҳмийетли болған экологиялық мәселелерди шешиўге қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады. Гезектеги мине усындай ҳүжжеттиң тийкарын Президентимиз тәрепинен алға қойылған Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы мәмлекетлик бағдарламасы, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары ҳәм "Орайлық Азияның "жасыл" белбеўи" нәл егиў акциясы қурайды.
Резолюция 2027-2036-жылларды пүткил дүнья бойлап тоғайларды көбейтиў ҳәм қайта тиклеў бойынша ҳәрекетлер он жыллығы деп жәриялаў ҳаққында болып есапланады. Тоғайларды көбейтиў ушын күш ҳәм ресурсларды мобилизациялаўға шақырылады. Барлық мәмлекетлер, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, жеке меншик сектор ҳәм илимий жәмийетшиликке Ҳәрекетлер он жыллығын дурыс әмелге асырыў бойынша илажлар көриў усыныс етилди.
Ҳүжжетти 155 мәмлекет делегациялары қоллап-қуўатлады. Дүньяның барлық регионларындағы 80 нен аслам мәмлекет биргеликте автор болды. Олар Өзбекстанның басламасын өз ўақтында ҳәм экологиялық машқалаларды шешиўде әҳмийетли екенлигин есапқа алған ҳалда қоллап-қуўатлады.
Қәнигелердиң пикиринше, резолюция БМШтың климат өзгериўи, биологиялық ҳәр түрлиликтиң жоқ болыўы, кәмбағаллық, суў жетиспеўшилиги ҳәм қурғақшылық сыяқлы көплеген глобаллық машқалаларға экологиялық таза шешим табыўға қаратылған ҳәрекетлерине үлкен үлес қосады.
"Жасыл раўажланыў" улыўма миллий ҳәрекетке айланды
Жаңа Өзбекстанның стратегиялық мақсети экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, экономикалық өсиўдиң ресурсларды үнемлеўге тийкарланған "жасыл" раўажланыў модельине өтиў болып есапланады. Усы мақсетте 2025-жыл елимизде Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылы деп жәрияланды. Мәмлекетлик бағдарлама ислеп шығылып, әмелге асырылмақта.
Бул илажлар даўам еттирилип, елимизде кем углеродлы раўажланыў бойынша узақ мүддетли стратегия ҳәм "жасыл" қаржыландырыў миллий бағдарламасы ислеп шығылды. Инвестициялық жойбарларда "жасыл" компонентлер көбейтилип атыр. 2030-жылға шекем зыянлы шығындыларды 35 процент қысқартыў ҳәм бул миннетлемени турақлы арттырып барыў режелестирилген.
"Жасыл мәкан" бағдарламасы шеңберинде қалалар аймақларының кеминде 30 процентин көклемзарластырыў нәзерде тутылған. Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды 100 процент енгизиў бойынша системалы жумыслар исленбекте. Жедел пәт пенен өсип баратырған экономикамыздың энергетикаға болған талабын толық қанаатландырыў ушын "жасыл" қуўатлықлар жедел раўажландырылмақта.
Атап айтқанда, өткен 5 жылда энергетика тараўына дерлик 20 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылды ҳәм 9,6 гигаватт заманагөй энергия қуўатлықлары жаратылды. Соның ишинде, 3,5 гигаваттлы 14 қуяш ҳәм самал электр станциясы ҳәм 300 мегаваттлы 2 сақлаў системасы иске қосылды. 2030-жылға шекем қайта тикленетуғын энергия үлесин 54 процентке жеткериў режелестирилген.
Әлбетте, бүгин дүньяда геосиясий дағдарыслар жүз берип атырған, саўда урысы ақыбетинде экономикалық кризис күшейип баратырған қыйын шараятта бундай үлкен-үлкен жойбарларды әмелге асырыў аңсат болып атырған жоқ. Бирақ глобал климат өзгериўи себепли инсанияттың ертеңги тәғдирине туўылып атырған қәўип-қәтерлерди сапластырыў жуўапкершилиги ҳәм миннетлемеси дүнья жәмийетшилигиниң ажыралмас бөлеги болған мәмлекетимиз басшысы ҳәм халқымызды айрықша тәшўишке салып атырғаны бийкарға емес. Экологиялық турақлылық келешек мәселеси болып есапланады. Инсанияттың ертеңги тәғдири мине усы бағдардағы машқалалардың қаншелли нәтийжели шешилиўи, тәбият ҳәм инсан арасындағы тең салмақлылық тәмийинлениўине байланыслы.
Президентимиз быйыл апрель айында Самарқандта болып өткен халықаралық климат форумында бул бағдардағы әҳмийетли ўазыйпаларға және бир мәрте тоқтап, бүгинги күндеги ўазыйпамыз келешек әўладлар турақлы, қәўипсиз ҳәм абадан дүньяда жасаўы ушын барлық илажларды көриўден ибарат екенин айрықша атап өтти. Оның ушын сөйлесиўлерди беккемлеў, улыўма ийгиликли мақсетлер жолында бирлескен барлық мәмлекетлердиң ҳәрекетлерин муўапықластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ҳақыйқатында да, дүньяда турақлы раўажланыўға ерисиў ушын өз-ара бирге ислесиўдиң орны шексиз. Сонлықтан, Өзбекстанның басламасы менен алға қойылып атырған халықаралық ҳүжжет ҳәм жойбарлардың бул бағдардағы әҳмийети шексиз. Өзбекстанның басламасы менен тоғайларды турақлы басқарыў ҳәм көбейтиўге қаратылған ҳәрекетлер он жыллығы жәрияланыўы бул ийгиликли жумыслардың даўамлы болыўына хызмет етеди. Сондай-ақ, халықаралық экспертлердиң пикиринше, бул резолюцияның қабыл етилиўи Өзбекстанның БМШ күн тәртибиндеги көклемзарластырыў ҳәм тоғайластырыў мәселелериндеги жетекшилик ролин беккемлейди.
Қуўанышлысы, мәмлекетимиз бул бағдарда тек ғана халықаралық майданда әҳмийетли жойбарлардың басламашысы болыў менен шекленип қалмай атыр. Елимизде "жасыл" раўажланыўға ерисиў ҳәм глобал климат өзгериўине қарсы гүресиўге байланыслы ийгиликли жумыслардың көлеми жылдан-жылға кеңеймекте. Атап айтқанда, тоғайлар ҳәм жасыл аймақларды кеңейтиў бағдарында кең көлемли бағдарлама ҳәм жойбарлар әмелге асырылмақта.
Елимизде тоғай менен қапланған майданлар 4,1 миллион гектарға жеткериледи
"Өзбекстан - 2030" стратегиясын Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада бул бағдарда әҳмийетли илажлар белгиленди. Соның ишинде, тоғай менен қапланған майданлар 4,1 миллион гектарға жеткерилиўи ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақлар 14,5 процентке шекем кеңейтилиўи нәзерде тутылған.
Бул мәселеге мәмлекетлик бағдарлама дәрежесинде айрықша итибар қаратылатуғыны бийкарға емес. Жер жүзиниң өкпеси есапланған тоғайлар өмирдиң даўамлылығын тәмийинлеў, инсан ҳәм басқа да тири жанзатлар ушын зәрүр болған таза ҳаўа, азық-аўқат ҳәм басқа да зәрүр тутыныў өнимлерин жетистириўде әҳмийетли дәрек болып хызмет етеди. Сонлықтан, бул жасыл байлықты сақлаў ҳәм көбейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Тоғай хожалығы агентлигиниң мағлыўматына бола, елимизде жаңа тоғайлар жаратыўға қаратылған илажларды әмелге асырыў, барларын қорғаў, қорғаў ҳәм тәрбиялаў нәтийжесинде тоғай майданы 3 650 гектар кеңейди ҳәм елимиздиң тоғай менен қапланғанлық дәрежеси 8,1 процентке жетти.
Регионымызда экологиялық жағдайды турақластырыў мақсетинде өткен жылдың өзинде 220 мың гектар майданда тоғай жаратыў ҳәм қайта тиклеў илажлары әмелге асырылды. Тоғай егиў жумысларының тийкарғы бөлеги шөл аймақларына туўра келеди. Соның ишинде, Арал теңизиниң қурыған ултаны ҳәм Аралбойы аймақларында қум көшиўи және атмосфераға дуз-шаң көтерилиўин сапластырыў мақсетинде 215 мың гектар, соннан, Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районында 112 мың 500 гектар, Бухара ўәлаяты Алат районында 41 мың гектар, Наўайы ўәлаяты Тамды, Учқудуқ районларында 51 мың 300 гектар ҳәм Хорезм ўәлаяты Топыраққала районында 10 мың гектар майданда "жасыл қаплама" қурылды.
- Экологиялық турақлылықты сақлаў ҳәм өмирдиң даўамлылығын тәмийинлеўде тоғайлар әҳмийетли орын ийелейди, - дейди Тоғай хожалығы агентлиги Тоғайлар жаратыў басқармасының бас қәнигеси, биология илимлериниң кандидаты Ҳожимурод Толипов. - Тоғайлар азықлық қунға ийе өнимлерге бай. Тоғайларда өсетуғын ҳәр бир терек топырақтағы ығаллықты сақлап, жемирилиў процесслериниң алдын алады. Бир ўақыттың өзинде пуўланған суўды атмосфераға шығарады, бул болса жәзийрама ыссыда салқынлықты тәмийинлейди.
Мине, усындай бийбаҳа тәбийғый байлықты сақлаў тийкарғы ўазыйпа болып табылады. Кейинги жыллары елимизде бул бағдарда әҳмийетли басламалар әмелге асырылмақта. "Жасыл мәкан" жойбары буған мысал. Кейинги жыллары усы жойбар шеңберинде бәҳәр ҳәм гүзде нәл егиў жумыслары системалы жолға қойылмақта. Жойбарды улыўма миллий ҳәрекетке айландырыў менен бирге егилген ҳәр бир нәлди сақлаў илажлары көрилмекте. Бул бағдарда тоғайшылыққа қәнигелескен хожалықларда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Халық ҳәм шөлкемлерге ҳәр бир регионның климат шараятына сәйкес нәл жеткерип бериў менен бирге тоғай майданларын кеңейтиў, жасыл қапламаларды көбейтиў илажлары көрилмекте. Өткен жылы усы мақсетте тоғайшылық ҳәм көклемзарластырыў илажларын және де кеңейтиў ушын терек ҳәм путалардың 1050 тонна туқымы жыйналды.
Барлық тоғай хожалықларында топырақ-ықлым шараятларына сай нәл жетистириў ушын 1300 гектар майданда нәлханалар шөлкемлестирилип, 127 миллион нәл жетистириў жолға қойылды. 2024-жылы "Жасыл мәкан" улыўма миллий бағдарламасы шеңберинде барлық түрдеги юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге, өзин-өзи басқарыў уйымларына жәми 32 миллион түп, соның ишинде, денсаўлықты сақлаў тараўы мәкемелерине 1 миллион 183 мың, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине 1 миллион түп нәл жеткерип берилди. Топырақ-климат шараятына сай декоратив тоғайлықлар жаратылды.
Тоғайлар жаратыў, оларды сақлаў ҳәм қосымша дәрамат алыўды жолға қойыў мақсетинде тараўға сырт ел инвестициялары тартылмақта. Атап айтқанда, Халықаралық раўажланыў аўқамының қатнасыўында "Өзбекстанда турақлы тоғай ландшафтларын тиклеў" жойбарын әмелге асырыў басланды. Бул жойбар шеңберинде жәми 205,4 миллион доллар өзлестириледи. Буннан тысқары, 11 сырт ел гранты есабынан 3 миллион 900 мың доллар тартылады. Нәтийжеде тараўда экспортқа жарамлы өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм экспорт етиў имканияты кеңеймекте. Буны 2024-жылы 71 мың долларлық дәрилик өсимлик өнимлериниң экспорт етилгени де тастыйықлайды.
Быйылғы жылы мәмлекетлик бағдарламада бул бағдардағы жумысларды буннан былай да кеңейтиў, тоғайларды көбейтиў бағдарында әҳмийетли илажлар белгиленди. Бәринен бурын, "Жасыл мәкан" ҳәм "Мениң бағым" жойбарларын әмелиятқа енгизиўге айрықша итибар қаратылады.
Соның ишинде, "Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде бәҳәрде 125 миллион түп, гүзде 75 миллион түп саяманлы, мийўели терек ҳәм пута нәли және қәлемшелер егиў мақсет етилген. Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң мағлыўматына бола, усы жылы бәҳәрги нәл егиў мәўсиминде жәми 136 миллион түп терек ҳәм пута нәли егилген.
Сондай-ақ, усы жылдың биринши шерегинде 20 "жасыл бағ" жаратылыўы белгиленген. Бүгинги күнге шекем 27, соннан Хорезм ўәлаятында 11, Қарақалпақстан Республикасында 5, Сурхандәрья ўәлаятында 4, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында 2, Бухара, Жиззақ ҳәм Самарқанд ўәлаятларында биреўден "жасыл бағ" жаратылған.
Бул жумысларды сапалы әмелге асырыў ушын ҳәр бир регионның топырақ-ықлым шараятына сай нәл жетистириў үлкен әҳмийетке ийе. Усы ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде быйыл бәҳәр мәўсиминен тоғай хожалықларынан саламат аналық плантациясын таңлаў арқалы жылына 1,5 мың тонна туқым таярланады.
Қубла Корея тәжирийбеси бойынша суўсызлыққа шыдамлы, климат шараятына бейимлескен жабық тамырлы коньтейнер ҳәм ин-витро усылында 2 миллион нәл алыў жолға қойылады.
Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген және бир ўазыйпа - тоғайлар майданын кеңейтиў бағдарында да жумыслар избе-из. Соның ишинде, шөл, таўлы ҳәм таў алды аймақларында шөллениў ҳәм қум көшиўи, суў ҳәм самал тәсиринде топырақ жемирилиўиниң алдын алыў, экологиялық орталықты жақсылаў мақсетинде қорғаў терекзарлары жаратылады. Терек ҳәм путалардың туқымы, дәрилик ҳәм азық-аўқат өсимликлери шийки заты таярланады. Тоғай хожалықларында 123 миллион түп нәл ҳәм нәл жетистириледи. Тоғай хожалықлары системасында пайдаланылмай турған 7 мың гектар жер өзлестириледи.
Сурхандәрья, Қашқадәрья, Самарқанд, Жиззақ, Наманган ўәлаятларының бир қатар районларында таў ҳәм адыр қыяларында 480 гектар жерге терасса усылында топырақ-климат шараятына сәйкес нәллер егиледи. 18 мәмлекетлик тоғай хожалығы нәл жетистириўге қәнигелестириледи. Сондай-ақ, бул бағдарда "илим - жойбар - әмелият" шынжырында генетикалық селекция жумыслары күшейтиледи.
Жоқары экологиялық мәденият тәбиятты қәдирлеўге хызмет етеди
Бүгинги күнде елимизде экологиялық жойбарлардың көлеми барған сайын кеңеймекте. Барлық тараўларда тәбийғый ресурсларды үнемлеўге хызмет ететуғын усыл ҳәм қураллар енгизилмекте. Миллий қәдириятларымызға сай түрде терек егиў, бағ жаратыў турмысымызға терең сиңип бармақта.
Бирақ, мине, усындай жақсы жумысларымызға көлеңке салып атырған машқалалар да жоқ емес. Мәселен, терек кесиў жумыслары ҳуқықый жақтан тәртипке салынғанына қарамастан, елеге шекем жасыл байлығымыз нызамсыз кесилип атыр. Қадаған етилген ҳайўанларды аўлаў, ҳайўанларға зыян жеткериў, шығындыны белгиленбеген жерге таслап кетиў, суўды патаслаў сыяқлы жағдайлар ҳаққында баспасөз ҳәм социаллық тармақлар қайта-қайта жәрияламақта.
Әлбетте, бундай машқалалардың алдын алыў мақсетинде тийисли структуралар нызамлы илажларды көреди. Бирақ тәбиятқа қатнасымызда мийрим-шәпәәт сезими кеўлимизде ҳәўиж алмас екен, оны қәстерлеп сақлаўда күтилген нәтийжеге ерисиў қыйын. Сонлықтан, елимиздеги экологиялық жойбарлар процесинде халықтың, әсиресе, жаслардың экологиялық билим ҳәм көзқарасын арттырыў, тәбиятты қәстерлеп сақлаўды ҳәр бир инсанның күнделикли жумысына айландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Президентимиздиң усы жыл 15-майда қабыл етилген "2030-жылға шекемги дәўирде халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары бул бағдарда әҳмийетли қолланба болатуғыны сөзсиз. Қарарға муўапық, 2030-жылда бул бағдарда бир қатар көрсеткишлерге ерисиў белгиленди. Соның ишинде, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң 3,3 миллион тәрбияланыўшысында экологиялық мәдениятты қәлиплестириў, улыўма орта билимлендириў системасы шөлкемлериниң 4,2 миллион оқыўшысында экологиялық тәлим-тәрбияны беккемлеў, экологиялық мәденияттың жоқарылаўына ерисиў нәзерде тутылған.
Қарар менен 2030-жылға шекемги дәўирде халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў концепциясы тастыйықланды. Концепция 2027-жылдан баслап Министрлер Кабинети тәрепинен ҳәр 2 жыл мүддетке тастыйықланатуғын өз алдына "жол картасы" тийкарында басқышпа-басқыш әмелге асырылады. Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер хызметкерлериниң экологиялық билимин арттырыўға қаратылған бийпул оқыў курслары шөлкемлестириледи.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў тараўында муўапықластырыўшы мәмлекетлик уйым етип белгиленди.
Соның менен бирге, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде "Жаңа терек - жаңа нәпес" республикалық экочемпионаты, ҳәр айда бир мәрте "Мәҳәллелерди шығындыдан жырақ аймаққа айландырамыз" сүрени астында акциялар, үгит-нәсиятлаў илажлары өткериледи. Буннан тысқары, жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери тәрепинен Өзбекстан эковолонтёр студентлери ҳәрекети шөлкемлестириледи.
Бул илажлар ҳәм ийгиликли мақсетке бағдарланған жойбарлар тәбиятты қәстерлеў, оның ҳәр бир жемисинен үнемли пайдаланыўға қаратылғаны менен әҳмийетли. Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, тәбиятты сақлаў - бул инсанды, келешекти сақлаў дегени.
Баҳор ХИДИРОВА,
«Янги Ўзбекистон» хабаршысы