Көп жыллар алдын қандай да бир жақсы хабарды еситсем, оны сол турысында қабыл ететуғын едим. Енди болса ҳеш бир жаңалық, ўақыя-ҳәдийсе әпиўайы емес, ал олардың негизинде ҳикметлер бар екенлигин, Алла тааланың инаяты, әзиз инсанлардың шарапаты екенин аңлап жетип атырман.
Баспасөзде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 23-августтағы "Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллығы мүнәсибети менен илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, спорт, әдебият, мәденият ҳәм көркем өнер тараўлары және ғалаба хабар қураллары хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында"ғы пәрманын оқып, дизимде мен де бар екенлигим себепли көзлеримде жас қалқыды.
Бул қуўаныш жаслары еки уллы тулға себепли пайда болды. Бириншиси, уллы муҳаддис Имам Бухарий, екиншиси, ол уллы инсанның бай илимий мийрасын келешек әўладқа зыянсыз жеткериўге үлкен үлес қосып атырған, алым жерленген мәканды абат етип атырған мәмлекетимиз басшысы.
Итибар берген болсаңыз, еки орден де уллы муҳаддис атына шөлкемлестирилген: "Олий Даражали Имом Бухорий" ҳәм "Имом Бухорий" ордени. Бундай орденниң шөлкемлестирилиўи муҳаддислер султанына болған ҳүрметтиң жоқары үлгиси болып есапланады. Соның менен бирге, әўладларымыздан және Имам Бухарийлер шығыўы ушын усы жолда пидәкерлик пенен мийнет етип атырған илимпазлар, уламаларға берилетуғын сыйлық болып есапланады.
Өзбекстаннан және Имам Бухарийлер шығыўы ушын не ислеў керек? Бәринен бурын, жас әўладты билимли, мәрипатлы, әдеп-икрамлы етип тәрбиялаў зәрүр. Буның ушын уллы ата-бабаларымыздың бай илимий-руўхый мийрасы биз ушын әҳмийетли бағдарлама болыўы керек.
"Муҳаддислер султаны", "Дүнья имамы", "Ражулун Набий" сыяқлы атақлары менен пүткил ислам дүньясында үлкен даңққа ерискен уллы ўатанласымыз Абу Абдуллоҳ Муҳаммад ибн Исмоил ибн Иброҳим ибн Муғира Жуафий Бухарийдиң шығармасы болған "ал-Жомеъ ас-саҳиҳ" Қураны кәримнен кейинги ең исенимли дәрек болып есапланады.
Мысыр алымлары "Саҳиҳи Бухарий"ге "Қураны кәримнен кейинги екинши тийкарғы дерек" деген сөзлерди еситсе, ашыўланады. Буның себеби соралғанда: "Қураны кәрим, сөзсиз биринши дерек ҳәм илаҳий сөз. Бирақ "Саҳиҳи Бухарий" инсаният тәрепинен жазылған ең исенимли шығарма. Сол себепли оны "Бириншиден кейинги биринши дерек" деў мақсетке муўапық болады", дейди.
"Саҳиҳи Бухарий" шығармасы, атап айтқанда, оның 78-китабы, яғный "Әдеп китабы" мәлимлеме ҳүжимлери күшейген, ҳәр қәдемде жат исенимлер, идеяларды медиа мәкан арқалы жасларымыздың санасына сиңдириўге болған ҳәрекетлер ҳәр қашанғыдан да күшейген бүгинги дәўирде және де айрықша әҳмийетке ийе.
Биз бай мәдениятымыз, даңқлы тарийхымыз, әййемги қәдириятларымызды, ата-бабаларымыздың бийбаҳа руўхый мийрасын қалай сақлап қалыўымыз мүмкин? деген сораў ҳәр бир ата-ананы, тәрбияшыны қыйналыўы тәбийғый. Бул сораўға уламалар: Жаслардың минез-қулқы, әдеп-икрамлылығын қәлиплестириў арқалы ғана оларды сақлап қалыў мүмкин, деген.
"Саҳиҳи Бухарий"де келген ҳәдислер 7563 болып, бир ғана "Адаб" китабында әдеп-икрамлылыққа тийисли 254 ҳәдис жәмленген. Соның менен бирге, алым 1200 ден аслам ҳәдисти өзинде жәмлеген "Ал-адаб ал-муфрад" китабын да жазған.
Бир ҳәдисте: "Өлшеўге қойылатуғын ең аўыр нәрсе гөззал минез-қулық", делинген.
Басқа бир ҳәдисте: "Ҳәр бириңиз жуўапкерсиз, ҳәр бириңиз қол астыңыздағылар ушын жуўапкерсиз. Ҳәр бир басшы адамлар үстинен қадағалаўшы ҳәм олар ушын жуўапкер. Ер өз ҳаялы үстинен ҳәм қол астындағылар үстинен ғәрезли ҳәм олар ушын жуўапкер. Ҳаял күйеўиниң үйинде қәўендер ҳәм қол астындағылар ушын жуўапкер. Қул хожасының малына ғәрезли ҳәм оның ушын жуўапкер. Ҳәр бириңиз қол астыңыздағылар ушын жуўапкерсиз", деп мәрҳамат етилген ("Саҳиҳи Бухарий," 853-ҳадис).
Жуўмақлап айтқанда, бүгинги мәлимлеме ҳүжимлери күшейген дәўирде жасларымызды ҳәр қыйлы жат идеялардан сақлаўда уллы ата-бабаларымыздың бийбаҳа дүрдана шығармалары бизге жақын жәрдемши болып есапланады.
Президентимиз кишигирим хызметлеримди жоқары тән алып, "Имам Бухарий" ордени менен сыйлықлағаны бизге үлкен жуўапкершилик жүклейди. Буннан былай да мине усы жоқары сыйлыққа мүнәсип болып, жаслардың тәлим-тәрбиясына, мөмин-мусылманлардың ағартыўшылығы ҳәм мәнаўиятын буннан былай да жоқарылатыўға бар күш-ғайратымды жумсайман.
Раҳматуллоҳ САЙФУДДИНОВ,
исламтаныў илимлери бойынша философия докторы,
"Имам Бухарий" ордени ийеси.