Кәмбағаллық артқа шегинбекте Бул - биз ушын ең әҳмийетли көрсеткиш

    Пикир 26 желтоқсан 2024 47

    Елимизде "Инсан қәдири ушын" идеясы тийкарында халықтың абаданлығын арттырыў, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж қатлам ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа система жаратылды. Оның шеңберинде жумыссызларды кәсип-өнерге үйретиў, исбилерменлигин баслаўға жәрдемлесиў, материаллық ҳәм социаллық жәрдем көрсетиў бағдарында үлкен жумыслар орынланды. Бүгин де бул ҳәрекетлер избе-из даўам еттирилмекте.

    Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен ҳәр бир аймақта кәмбағаллықты қысқартыўға үлкен итибар қаратылмақта. Халықтың кең қатламы қамтып алынып, жумыссызлық басқышпа-басқыш сапластырылмақта. Пайдаланылмай киятырған қыйтақ жерлерден өнимли пайдаланыў улыўма миллий ҳәрекети басланды. Өзин-өзи бәнт етиў, жеке ҳәм шаңарақлық исбилерменлик раўажланбақта. Жеңиллетилген кредит ажыратылып, жаңа жумыс орынлары ашылмақта. Буннан тысқары, дийқаншылық, шарўашылық, бағшылық бағдарларында да кеңнен қолайлықлар жаратылмақта.

    Әзелден Қашқадәрья ойпаты халқының тийкарғы бөлими жеке қыйтақ жерине ийе болып келген. Бир қарыс жерден мол дәрамат дәрегине айландырғанлар да көп. Бирақ, ҳәўлисиндеги бар имканияттан толық пайдалана алмайды ямаса буның үстинен шыға алмайды. Негизинде буның ушын үлкен қаржы керек емес. Тек шын кеўилден мийнет етсе болғаны. Буны ҳәзир адамлар жақсы түсинип алды. Өзи баслама көрсетип, еки сотих жерден де дәрамат алыў мүмкин екенлигин түсинип жетпекте.

    Бурын бир мәҳәлле гүзарының алдынан өтсеқ, кеминде 10-15 адам бийкаршылықтан әпиўайы ўақыт өткериў ушын гүрриңлесип отырғанының гүўасы болар едик. Егер усы пайытта олардың биреўин сөзге тартсаң, тап бәлеге қаласаң. Себеби, адамлар тек ғана наразылық ҳәм жетиспеўшиликтен басқаға өтпейтуғын еди. Әсте-ақырын сорастырып көрсеңиз, он сотих қыйтақ жерин ажырық басып кеткен болады. Ҳәзир бундай жағдайға көзиңиз түспейди. Қайсы үйге кирсеңиз, өзгеше гөззаллық, азадалыққә гүўа боласыз. Адамлардың турмысы жақсыланып атырғаны олардың жүзинде, сөзинде көринбекте. Хожалықларға берекет кирип, халықтың разылығы артып бармақта.

    Бүгин ўәлаятымызда 3 миллион 600 мыңнан аслам халық жасайды. Соннан 1 миллион 847 мыңы мийнетке жарамлы. Жумыс пенен бәнт пуқаралар 1 миллион 231 мың адам. Соның ишинде, 498 мыңы рәсмий, 590 мыңы рәсмий емес секторда жумыс пенен бәнт. 83 мың адамды жумысқа жайластырыў зәрүрлиги бар болып, жумыссызлық дәрежеси 6,3 процентти қурамақта.

    Усы жылдың өткен дәўиринде ўәлаятта жумыс алып барып атырған 828 ҳәким жәрдемшилери тәрепинен 2024-жыл ушын тастыйықланған мақсетли көрсеткишлер тийкарында сезилерли көрсеткишлерге ерисилди. Атап айтқанда, 418 мың 884 пуқараның дәраматлы мийнет пенен бәнтлиги тәмийинленди. Олардың 200 ге шамаласы турақлы ҳәм мәўсимлик жумысқа жайластырылды, 202 мың 795 и өзин-өзи бәнт етип рәсмийлестирилди. 12 мың 647 адам жеке тәртиптеги исбилерменликке, 7498 ўатанласымыз ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартылды. Және 3748 жумыссыз өнерментшилик жумысын жолға қойыў, 7141 адам ижара тийкарында жер ажыратыў есабынан жумыс пенен бәнт болды.

    Ҳәким жәрдемшилериниң усынысы тийкарында 32 мыңнан аслам 10 пуқараға 598,5 миллиард сумлық кредит ажыратылды. Тийкарынан аўыл хожалығы бағдарындағы 20 мың 844 жойбар ушын 438,1 миллиард сум усыныс етилди. Соның ишинде, ыссыхана бағдары бойынша 592 жойбарға 15,3 миллиард сум, мийўе-овош ҳәм бағшылық бойынша 3181 жойбарға 39,9 миллиард сум, шарўашылық бойынша 11 мың 910 жойбарға 273,1 миллиард сум, қусшылық бойынша 1924 жойбарға 21 миллиард сум, балықшылық ҳәм пал ҳәррешилик бойынша 507 жойбарға 13,7 миллиард сум берилди. Сондай-ақ, зәрүр әсбап-үскенелер сатып алыў ушын 2659 жойбарға 74,7 миллиард сум қаратылды.

    Буннан тысқары, хызметлер тараўына байланыслы 3793 жойбарға 86 миллиард сум, өнерментшилик бойынша 5695 жойбарға 51 миллиард сум, өндириске байланыслы 1527 жойбарға 23 миллиард сум және басқа да бағдарлар бойынша 151 жойбарға 1 миллиард сум муғдарында жеңиллетилген кредит ажыратылды. 20 мыңнан аслам пуқара кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик көнликпелерине оқытылды. Соның ишинде, бәнтлик системасындағы моноорай ҳәм билимлендириў мәкемелеринде 10 мың 598, Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектебинде 568, мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелеринде 1605, Саўда-санаат палатасында 3039 ҳәм ҳаял-қызларды исбилерменликке таярлаў орайларында 4532 адам кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик бойынша оқып, сертификат алды.

    Халықты исбилерменликке тартыў, мийнет қураллары ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў бойынша 6 мыңға шамалас пуқараға 22 миллиард сумлық субсидия ажыратылды. Соның ишинде, жеңил конструкциялы ыссыханалар орнатыў ушын 104 пуқараға 954,5 миллион сум, суўғарыў қуралларын сатып алыў ушын 49 пуқараға 101,2 миллион сум, зәрүр үскене ҳәм мийнет қуралларын сатып алыў ушын 4649 пуқараға 16,5 миллиард сум ҳәм басқа да бағдарлар бойынша 1188 пуқараға 4,3 миллиард сум жумсалды. Усы жылдың өткен дәўиринде 4241 юридикалық ҳәм 13 мың 98 жеке тәртиптеги исбилерменлик субъекти мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

    Мәҳәллелердиң қәнигелесиўинен келип шығып, халықты турақлы дәрамат пенен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, 2021-жылы 60 проценттен аслам халық қәнигелиги бойынша бәнт болған мәҳәллелердиң саны 23 ди қураған. Бүгин болса әйне ҳәким жәрдемшиси институтының енгизилгени себепли бул көрсеткиш 263 ге жетти.

    Буннан тысқары, усы жылы 7460 гектар жер ажыратылыўы режелестирилген еди. Усы жылдың өткен дәўиринде 5271 гектар жер ижара тийкарында узақ мүддетке дийқан хожалықлары ушын ажыратып берилди. Ҳәким жәрдемшилери ҳәм коммерциялық банклер тәрепинен ҳәр бир мәҳәлледе киши өндирис, хызмет көрсетиў ҳәм саўда объектлерин шөлкемлестириў ушын улыўма баҳасы 1 триллион 470 миллиард сумлық 25 мың 582 микро жойбар иске қосылды ҳәм 43 мыңнан аслам жумыс орны ашылды.

    Усы жылдың өзинде 212 мың 500 адамды бизнеске тартыў режелестирилген еди. Ҳәзирги есап-санақларымызға бола, 193 мың 955 исбилерменлик орталығына алып келинди. Соннан 165 мың 743 и өзин-өзи бәнт етиў бойынша социаллық салық төлегенлер, 13 мың 98 и жеке тәртиптеги исбилерменлер, 4241 и исбилерменлик субъектин шөлкемлестиргенлер ҳәм 10 мың 873 и дийқан хожалығы сыпатында дизимнен өткенлер болып табылады.

    Усы жылдың басында 103 мың кәмбағал шаңарақ болып, кәмбағаллық дәрежеси 11,5 процентти қураған. Усы әмелий ис-ҳәрекетлер себепли 1-октябрь жағдайына бола, бул көрсеткиш 8,8 процентке түсти.

    Бизиң жумысымыз усының менен тоқтап қалмады. Еле алдымызда үлкен мақсетлер тур. Атап айтқәнда, Президентимиздиң 2024-жыл 23-сентябрьдеги "Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бағдарындағы илажларды жаңа басқышқа алып шығыў ҳаққында"ғы пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2025-жыл ушын бир қатар илажлар режесин ислеп шықтық. Онда тийкарынан исбилерменликти жолға қойыў ушын 26 мың пуқараға 616 миллиард сумлық жеңиллетилген кредит ажыратылады. Сондай-ақ, турақлы дәрамат дәрегин жаратыў ушын 4141 адамға 25,2 миллиард сумлық субсидия ажыратылады. 21,5 мың пуқара кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик көнликпелери бойынша оқытылып, бәнтлиги тәмийинленеди. Халықтың дәраматын арттырыў ушын дийқан хожалықларын шөлкемлестириў мақсетинде пахта ҳәм ғәлледен қысқартылған 5850 гектар жер 11 мың 700 адамға бөлип бериледи. Мәҳәллелерде 33 мыңнан аслам микро жойбар әмелге асырылып, 66 мың адамның бәнтлиги тәмийинленеди. Жаңадан 6820 юридикалық статустағы ҳәм 8395 жеке тәртиптеги исбилерменлик субъекти шөлкемлестириледи.

    2025-жылы 21 мың 797 шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыўға бел байлағанбыз. Буның ушын турақлы бәнтлик ҳәм жоқары дәрамат табыўға ерисиў арқалы 83 мың 795 адам жумыс пенен тәмийинленеди. Бул ўазыйпаларды әмелге асырыў нәтийжесинде жылдың ақырына шекем кәмбағаллық көрсеткишин 6,4, жумыссызлық дәрежесин болса 5,4 процентке шекем азайтыў режелестирилген.

    Социаллық раўажланыўдан турақлы экономикаға қарай исенимли адымлар екенбиз, әлбетте, гөзлеген мақсетке ерисиў аңсат болмайды. Оның ушын ҳәммемиз бир ийинлесип, мәмлекетимиз басшысының ҳәр бир көрсетпесине қатаң әмел еткен ҳалда ислесек, елимиз және де абат ҳәм абадан бола береди. Ең әҳмийетлиси, адамлардың жасаў жағдайлары жақсыланып, турмысында унамлы өзгерислер жүз береди. Бул атып атырған қәдемимиз дурыс екенин билдиреди. Жаңа жылда үлкен жетискенликлерге умтыламыз ҳәм кәмбағаллықтан абадан турмысқа қарай исенимли қәдем таслаймыз.

    Муротжон АЗИМОВ,

    Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкими