Санаат, энергетика, аўыл хожалығы, туризм сыяқлы барлық жетекши тараўлар бойынша Қашқадәрьяның имканияты жоқары. Жылдың басынан берли ўәлаятта 2 миллиард доллар инвестиция өзлестирилген. 565 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленип, 90 мың адам кәмбағаллықтан шығарылған. Жылдың ақырына шекем жалпы аймақлық өним 6 проценттен артық өсиўи, экспорт 555 миллион долларға жетиўи күтилмекте.
Ўәлаяттың имканияты толық иске қосылса, нәтийжелер буннан әдеўир көп болады. Мәжилисте усы бағдардағы қосымша имканиятлар, жаңа жойбарлар көрип шығылды.
Бәринен бурын, азық-аўқат қәўипсизлиги мәселеси үстин болады. Кейинги жылдан Қашқадәрья картошка, мийўе, қус гөши ҳәм мәйек бойынша өзин-өзи толық тәмийинлеўге өтеди. Бул бағдаржа сырт ел инвесторларының қатнасыўында 16 ири жойбар қәлиплестирилген.
Мысалы ушын, Ғузар, Қамашы, Шаҳрисабз районларында 300 гектарда заманагөй бағ жаратылады. Онда жылына қосымша 4 мың тонна мийўе жетилистирилип, 600 жумыс орны жаратылады. Көкдала, Шырақшы, Шаҳрисабз, Косон ҳәм Нышан районларының аймағында қаўын ҳәм органикалық овощлар жетистириў кеңейтиледи. Ғарбыз концентрантын таярлаў, шок усылында музлатыў ҳәм сублимациялық кептириў жолға қойылады.
Ўәлаятта шарўашылықты раўажландырыўға айрықша итибар бериледи. Регион ҳәм Европа мәмлекетлеринен 62 мың бас қой, дерлик 10 мың қарамал алып келинип, халық ҳәм шарўашылық хожалықлары менен кооперация тийкарында бағылады. Қаршы ҳәм Қамашыда 1 мың баслы шарўашылық кластери, 1 миллион баслы қусшылық фабрикасы шөлкемлестириледи.
Пахташылықта таяр өнимлер үлесин көбейтиў мақсетинде 233 миллион долларлық 5 тоқымашылық карханасы иске қосылады. Нәтийжеде гезлеме ислеп шығарыў қуўатлылығы 51 процентке көтериледи.
Шаҳрисабздағы Мираки ҳәм Қамашыдағы Майданак аўыллары, Миришкор районындағы «Ачинкөл» ҳәм «Сечанкөл» әтирапында туризм жедел раўажланбақта. Усындай орынларға 300 миллион доллар инвестиция киргизип, 200 ден аслам мийман үйлери ҳәм мың саўда шақапшасын шөлкемлестириў режелестирилген. Оларда 5 мың адам жумыслы болады.
Исбилерменлер ўәлаяттағы 147 рудалық емес қазылма кәнлери тийкарында таяр өним ислеп шығарыўды усыныс етпекте. Оған 209 миллион доллар инвестиция киргизиледи, кәнлер басқышпа-басқыш аукционға шығарылады.
Президент пәрманына муўапық, быйыл 1-ноябрьден елимизде «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы басланды. Қашақадәрьядағы 6 ири кәрхана бул ийгиликли иске үлес қосып, кейинги 10 мыңнан аслам пуқараны кәмбағаллықтан шығарыў басламасын билдирген. Буннан тысқары, банклердиң қатнасыўында 86 драйвер жойбарды ҳәм 33 мың микрожойбарды иске қосып, және 70 мың адамды дәраматлы етиў нәзерде тутылған. Олар арқалы ўәлаятта кәмбағаллық дәрежеси ҳәзирги 8,6 проценттен 6,5 процентке төменлейди.
Мәжилисте Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкими усындай режелерди таныстырды. Соның ишинде, келеси жылы 3 миллиард 500 миллион доллар инвестиция тартыў, экспортты 1 миллиард долларға жеткериў, 300 мың жумыс орнын жаратыў мөлшерленген.
Мәмлекетимиз басшысы бүгинги көрсеткишлер ўәлаят имканиятларына сәйкес емеслигин атап өтип, нәтийжелиликти арттырыў бойынша көрсетпелер берди. Интакерлер менен ислесип, санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер тараўында және 300 миллион долларлық жойбарларды ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА.